Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Қурылыс тараўына инновациялық технологиялар кеңнен енгизиледи
2020-01-08 | Экономика
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-январь күни қурылыс тараўындағы реформаларды және де жеделлестириў бойынша тийкарғы ўазыйпаларға бағышланғанған мәжилис өткерди.
Мәмлекетимизде қурылыслар көлеми жыл сайын кеңеймекте. Жаңа турақ жайлар, ири заводлар, заманагөй инфраструктура объектлери пайда болмақта. Бундай үлкен көлемдеги жумысларды сапалы ҳәм ўақтында ислеў ушын тәжирийбели қурылысшылар, жойбарлаўшылар ҳәм турақлы шөлкемлер керек.
Мәжилисте қурылыс тараўындағы машқалалар ҳәм кемшиликлер сынға алынды. Мәселен, мәмлекетимизде 22 мыңға шамалас қурылыс-жумысты бөлип алып ислеўши шөлкем болып, олардың көпшилигинде жумысшылар саны ҳәм кәсиплик билими хаққында мағлыўмат жүргизилмейди.
Аймақлардағы барлық қурылысшылар бирден-бир буйыртпашы хызмет шөлкемлерине тапсырып қойылғаны көрсеткишлерге унамсыз тәсир етпекте. Алдынғы сырт ел тәжирийбесинде қурылыс қәўипсизлиги, сапасы ҳәм нәтийжеси қадағаланса, бизде барлық күш ҳәм ресурслар процессти қадағалаўға сарпланып, сапа екинши орынға түсип қалған.
Мәмлекетимиз басшысы тараўдағы кемшиликлерди сапластырыў, оны заманагөй тийкарда раўажландырыў бойынша әҳмийетли илажларды белгилеп берди.
Жойбарлаў институтлары арасында саламат бәсеки орталығын жаратыў, сырт ел тәжирийбеси тийкарында тендерлер өткериўдиң анық нормаларын ислеп шығыў, бул бағдарда, электрон системаны эксперимент түринде Ташкент қаласында енгизиў бойынша тапсырма берилди.
Қурылыс, Қаржы, Әдиллик министрликлери ҳәм басқа да жуўапкер шөлкемлерге усы жылдың 1-июлине шекем қурылыс кәрханаларының жумысын баҳалаў рейтингин ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды. Бул рейтингте жумысшылар саны ҳәм билими, исленген жумыслардың көлеми, салықты ҳәм кредитлерди ўақытында төлеў сыяқлы нормалар өз көринисин табады.
Қала қурылысы нормаларын ҳәм қағыйдаларын және бирден-бир буйырпашы хызмет шөлкемлериниң жумысын жетилистириў зәрүрлиги атап өтилди.
Тараўда мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў дәрежеси төменлиги атап өтилди. Соның ишинде, жойбарларды жаратыў, экспертизадан өткериў, қурылысқа рухсат бериў, қурылыс-жумысты бөлип алып ислеў жумысларын қадағалаў процеслери елеге шекем қағазда исленип атыр. Инвестор ҳәм исбилерменлер ушын қай жерде қандай нәрсе қурыў мүмкинлиги хаққында мағлыўмат бериўши геоинформациялық система жолға қойылмаған.
Сол себепли, мәжилисте Қурылыс министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигине системаны толық санластырыў бойынша усы жылда әмелге асырыўға байланыслы «жол картасын» ислеп шығыў ўазыйпасы жүкленди.
Тараўда техника қәўипсизлиги талапларына бойсынылмай атырғаны, «риск-анализ» системасы ҳәм қадағалаў жоқлығы ақыбетинде бахытсыз ўақыялар жүз берип атырғанлығы атап өтилди. Тийисли министрликлер ҳәм уйымларға қурылыс тараўында мәмлекетлик қадағалаўды пүткиллей жаңаша тийкарда шөлкемлестириў, мийнетти қорғаўды күшейтиў бойынша көрсетпелер берилди.
Мәжилисте кадрлар мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Мәмлекетимиз басшысы қурылыс тараўы ушын қәнигелер таярлаў системасынның бүгинги күн талабына жуўап бермейтуғынлығын атап өтти.
Мийнет министрлиги, Қурылыс министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигине қурылыс тараўында орта буўын қәнигелер ҳәм жумысшы кәсиплер классификаторын енгизиў ҳәм оған муўапық колледжлерде қурылысшылар таярлаў ўазыйпасы қойылды.
Тараўға байланыслы билимлендириў бағдарламаларын жоқары технологиялар ҳәм инновациялық қатнас жасаў тийкарында жаңадан ислеп шығыў, болажақ кадрларды заманагөй жойбарлаў ҳәм программалық тәмийнат, атап айтқанда, BIM (Building Information Modeling) технологиялары менен ислесиўге үйретиў кереклигин атап өтти.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкер басшылар есабат берди, тийсли илажлар белгилеп алынды.