Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан ҳәм Қырғызстан Президентлери телефон арқалы сойлести
2019-12-30 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 30-декабрь күни Қырғыз Республикасы Президенти Сооронбай Жээнбеков пенен телефон арқалы сойлести.
Сәўбетлесиў басында мәмлекет басшылары кирип киятырған Жаңа жыл мүнәсибети менен бир-бирине қызғын қутлықлаўларын ҳәм жақсы тилеклерин билдирди.
2019-жыл мәмлекетлеримиз арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўде әҳмийетли басқыш болғанлығын атап өтиў керек.
Өз-ара байланыслар жеделлести, саўда көрсеткишлери еки есеге өсти, санаат ҳәм транспорт тараўларында кооперация жойбарлары алға илгерилемекте, аймақлар арасындағы ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў кеңейип бармақта.
Сәўбетлесиўде мәмлекет басшылары Ташкент қаласында өткен Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының екинши Мәсләҳәт ушырасыўы жуўмақларын жоқары баҳалады.
Өзбекстан-Қырғызстан бирге ислесиўиниң перспективалары ҳәм 2020-жылға мөлшерленген еки тәреплеме илажлар режеси де көрип шығылды.