Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Поливинилхлорид, каустикалық сода ҳәм метанол ислеп шығарыў комплекси иске қосылды

2019-12-28 | Сиясат

«Наўайыазот» акционерлик жәмийетинде 28-декабрь күни Поливинилхлорид, каустикалық сода ҳәм метанол ислеп шығарыў комплекси иске қосылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген мәресимде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы жыйналғанларды жақынласып киятырған Жаңа жыл байрамы менен қутлықлап, усы жойбардың әмелге асырылыўына үлес қосқан қурылысшылар ҳәм химиклерге және сырт елли бирге ислесиўшилерге миннетдаршылық билдирди.

– Бундай әҳмийетли, заманагөй ҳәм инновациялық жойбарлар Наўайы ўәлаятының экономикасы ҳәм оның «локомотиви» болған санаат тараўын жаңалаў, қосымша жумыс орынларын жаратыў, халық ҳәм бюджет дәраматларын жедел арттырыўға хызмет етеди, – деди Шавкат Мирзиёев.

Жаңа кәрханада жылына 100 мың тонна поливинилхлорид, 75 мың тонна каустикалық сода, 300 мың тонна метанол ислеп шығарылады. Бул өнимлерге автомобиль қурылысы, тоқымашылық, металлургия, химия, нефть-газ тармақлары, электр техникасы ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыўда талап жоқары. Олар усы ўақытқа шекем үлкен валюта есесине импорт етилетуғын еди. Әсиресе, киши бизнес субъектлери бул мәселеде оғада қыйналатуғын еди.

Поливинилхлорид, каустикалық сода ҳәм метанол ислеп шығарыў комплекси елимиздиң кәрханаларын зәрүр шийки зат пенен тәмийинлейди. Сондай-ақ, ҳәр жылы 40 миллион долларлық өним экспорт етиў режелестирилген. Жаңа комплексте 900 ден аслам жумыс орны жаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы «Наўайыазот» жәмийетиндеги үш ири инвестициялық жойбарды әмелге асырыў аңсат болмағанын атап өтти.

– Қаншелли қыйын болса да, үлкен шеклерди мақсет етип қойып, баслама көрсетип пидәкерлик пенен мийнет етсек, әлбетте оларға ерисемиз, – деп атап өтти Президент.

Жойбар Қытайдың «China CAMC Engineering Co., LTD» ҳәм « HQC Shanghai Company» компанияларының консорциумы менен биргеликте әмелге асырылды.

Шавкат Мирзиёев Наўайы ўәлаятының потенциалы буннан да жоқары екени, оларды иске қосыў ушын зәрүр шараят ҳәм қәнигелер бар екенлигин атап өтти.

– Шөлистанның қушағында Наўайы ҳәм Зарафшан сыяқлы қалаларды, санаат регионын қурған ўәлаяттың мийнеткеш, мәрт ҳәм кеңпейил халқы жаңа Өзбекстанның раўажланыўына үлкен үлес қосады, – деп исеним билдирди мәмлекетимиз басшысы.

Президент символикалық түймешени басып, кәрхананы иске қосты.

Мәресимде мийнет ветеранлары, жаслар, қытайлы инженерлер шығып сөйледи.

Поделиться