Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ҒМДА мәмлекетлери басшыларының рәсмий емес саммити
2019-12-23 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-декабрь күни Россияның Санкт-Петербург қаласында Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза еллердиң Мәмлекет басшылары кеңесиниң рәсмий емес мәжилисине қатнасты.
Президент Шавкат Мирзиёевти Россия Федерациясының Президенти Владимир Путин күтип алды.
Еки мәмлекет басшыларының сәўбетлесиўи болып, онда еки тәреплеме қатнасықлар ҳәм регионаллық бирге ислесиў перспективалары, халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер додаланды.
ҒМДА ның рәсмий емес саммитине Армения, Беларусь, Молдова, Әзербайжан, Тәжикстан, Түркменстан, Қырғызстан ҳәм Қазақстан басшылары да қатнасты.
Көп тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери, атап айтқанда, 2020-жылы Дослық Аўқамына Өзбекстанның басшылық етиўиниң баслы бағдарлары көрип шығылды.
Соның менен мәмлекетимиз басшысының сапары жуўмақланды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги