Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Нагоя университетиндеги ушырасыўдағы шығып сөйлеген сөзи

2019-12-19 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Японияға рәсмий сапарының биринши күни Нагоя университетинде болып, ол жерде профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер менен ушырасты.

Дүньяға белгили бул жоқары оқыў орнында мәмлекетимиз басшысының университеттиң ҳүрметли докторы атағы менен сыйлықланыўына бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.

Төменде Президентимиздиң ушырасыў ўақтында шығып сөйлеген сөзи жәрияланбақта.

Ҳүрметли Мацуо Мырза!

Ҳүрметли профессорлар ҳәм студентлер, университет жәмәәти!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Бәринен бурын, Нагоя университети президентиниң шын кеўилден шыққан жақсы сөзлери ҳәм тилеклери ушы шын кеўлимнен миннетдаршылық билдиремен.

Мениң Президент сыпатында мәмлекетиңизге дәслепки сапарым ҳаққында билдирилген пикирлер, мине усындай итибар, бир-биримизге ҳүрмет, жыллы мүнәсибет ҳақыйқатында да Япония ҳәм Өзбекстан арасындағы қатнасықларды беккемлеў, келешекте үлкен нәтийжелерге ерисиў жолында исенимли тийкар жаратады деп ойлайман.

Бизлер Нагоя университетин дүньядағы ең абырайлы илим ҳәм билимлендириў орынларынан бири сыпатында тән аламыз.

Нобель сыйлығының лауреатлары Рёжи Ноёри, Осаму Симомура, Макото Кобаяси, Тосихиде Маскава, Исаму Акасаки, Хироси Амано ҳәм басқа да белгили илимпазларды жетистирип берген усы университеттиң ҳүрметли докторы деген жоқары атаққа мүнәсип көрилгенимнен оғада қуўанышлыман.

Бул атақты мен бәринен бурын Өзбекстан халқына көрсетилген ҳүрметтиң белгиси, деп қабыл етемен ҳәм буның ушын Нагоя университетиниң басшыларына, илимий жәмәәтине терең миннетдаршылық билдиремен.

Мен Нагоя университетиниң ҳүрметли докторы сыпатында Өзбекстанда оның үлкен илимий потенциалын ҳәм жетискенликлерин кеңнен үгит-нәсиятлаўға, керек болса, усы университеттиң исенимли ўәкили сыпатында жумыс алып барыўға ҳәрекет етемен.

Пүткил дүнья жүзине белгили Нагоя қаласы ҳаққында халық арасында мынадай сөз бар екен: «Нагоя қорғаны болмағанында Нагоя қаласы да болмайтуғын еди». Мен буған қосымша етип: «Нагоя университетисиз Нагоя қаласын да көз алдымызға келтирип болмайды», деп айтқан болар едим.

Бизге белгили, мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар көп әсирлик тарийхқа ийе. Японияның белгили Нара қаласының музейинде сўғд жазыўында жазып қалдырылған естеликлердиң бар екенлиги буны айқын тастыйықлайды.

Япон археологи, марҳум профессор Като тәрепинен Кушан патшалығының биринши пайтахты болған Өзбекстандағы Далверзинтепадан табылған будда ибадатханасы ҳәм қырққа шамалас ҳәйкеллер япон ҳәм дунья илимий жәмийетшилигинде үлкен қызығыўшылық оятып келмекте.

Усы жерде өзбек ҳәм япон халықларының уқсас миллий ҳәм әдеп-икрамлылық қәдириятлар менен бирге илим ҳәм билимге, жетикликке бәрқулла умтылып жасаў сыяқлы жақсы пазыйлетлер бирлестирип туратуғынын атап өтпекшимен.

Бизлердиң уллы бабаларымыз – алгебра пәни ҳәм «Алгоритм» түсинигиниң тийкарын салыўшысы Ал-Хорезмий, Жердиң айлана узынлығын ҳәм радиусын биринши рет есаплап шыққан Ал-Беруний, тарийхта Авиценна аты менен белгили болған, дүнья жүзи медицина илиминиң раўажланыўына үлкен үлес қосқан Ибн Сино, сийрек гезлесетуғын обсерватория ҳәм 1018 жулдыздың жайласыўы анық сәўлелендирилген астрономиялық кесте жаратқан Мырза Улығбек сыяқлы уллы өзбек илимпазларының илимий мийрасын, сизлер жақсы билесиз деп ойлайман.

Қәдирли дослар!

Биз Өзбекстанда буннан үш жыл бурын миллий раўажланыўымыздың жаңа Ҳәрекетлер стратегиясын қабыл еттик. Жәмийетлик турмыста ҳәр тәреплеме ашық-айдынлық ҳәм еркинликти тәмийинлеў, мәмлекетти модернизациялаўға тийкарланған усы Стратегия шеңберинде бес тийкарғы бағдарда избе-из реформаларды әмелге асырмақтамыз.

Бул процессте ең раўажланған мәмлекетлердиң, атап айтқанда, алдынғы япон тәжирийбесинен ақылға уғрас пайдаланыўға айрықша итибар қаратпақтамыз. Себеби Япония бизлердиң ўақыт сынағынан өткен, өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет принциплерине тийкарланған стратегиялық шеригимиз болып есапланады.

Биз бул сапар етиўди өз-ара пайдалы ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўимиз тарийхында басланып атырған пүткиллей жаңа дәўирдиң өзине тән көриниси деп билемиз.

Япония Өзбекстанды халықаралық майданда бәрқулла қоллап-қуўатлап келмекте. Соның менен бир ўақытта экономикамызды раўажландырыў, тийкарғы социаллық жойбарларды әмелге асырыўда жақыннан жәрдемлеспекте.

Мәмлекетимиз ғәрезсизликке ерискеннен кейин 5 мыңнан аслам жасларымыз Япония университетлерин тамамлап, өз билим ҳәм тәжирийбелерин Ўатанымыздың раўажланыўы ушын жумсап атырғаны айрықша итибарға ылайық.

Мен көп жыллар жоқары билимлендириў системасында ислеген инсан сыпатында бул тараўдың абырайлы, соның менен бирге қаншелли машақатлы ҳәм жуўапкершиликли екенин жақсы билемен.

Биз бүгин ушырасып турған Нагоя университети менен Өзбекстанның бирге ислесиўи 20 жылдан аслам тарийхқа ийе. Сизиң университетиңиз 2010-жылы Ташкент қаласында өз ўәкилханасын ашқанын биз жоқары баҳалаймыз. Ҳәзирги ўақытқа шекем бул дәргайда  400 ден аслам өзбекстанлы студент ҳәм изертлеўшилердиң билим алғаны айрықша қуўанышлы  болып есапланады.

Бүгинги ушырасыўымызда Японияда оқып атырған көплеген жасларымызды көрип турғанымнан қуўанышлыман. Сизлер өз талант ҳәм потенциалыңызды көрсетиўиңиз ушын Өзбекстанда барлық шараят ҳәм имканиятлар жаратып беремиз. Мен ҳәзир сизлерди көрип, жүзиңиздеги өзиңизге болған исенимиңизди сезип қуўанып отырман. Сизлерге қарап, ҳәммеңиз шынында да жанажан Ўатанымызға мүнәсип жигит-қызлар болатуғыныңызға исеним пайда еттим. Ең үлкен ўазыйпаңыз – ўақтыңызды бийкар өткермей, айрықша оқыў, жоқары технологияларды терең ийелеў, Өзбекстан ҳәм Япония арасында дослық және бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге үлес қосыўдан ибарат болып есапланады. Усы жолда ҳәммеңизге жаңа жетискенлик, бахыт ҳәм әўметлер тилеймен.

Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!

Глобалласыў дәўиринде дүнья жүзиниң көп ғана раўажланған мәмлекетлери «мәлимлеме жәмийети», «билимлер экономикасы», «санлы экономика» жолын таңлағанына гүўамыз.

Заманагөй дүньяда инсан капиталы, интеллектуаллық потенциал, инновациялық идеялар, жоқары технологиялар жедел ҳәм турақлы раўажланыўдың фундаменталь тийкарын жаратпақта.

Буннан ярым әсир бурын пуқта ойланған, раўажланыўдың илимге тийкарланған «япон модели» себепли мәмлекетиңиз бүгин барлық тараўларда жетекши мәмлекетлерден бирине айланды.

Япония илими жасалма интеллект, нанотехнологиялар, биотехнологиялар, робототехника, космослық изертлеўлер, ядролық медицина, «жасыл энергетика» бағдарларындағы илимий излениўлер бағдарында үлкен жетискенликлерге ериспекте. Атап айтқанда, мәмлекетиңизден 28 Нобель сыйлығының лауреаты жетисип шыққаны да бул пикирдиң айқын дәлийли болып есапланады.

Ҳүрметли дослар!

Бизлер заманагөй раўажланыўдың гилти усы илим ҳәм билимлендириўде екенин терең аңлап, инсан капиталына инвестиция киргизиўди мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтердик.

Өткен жылы Өзбекстанды инновациялық раўажландырыў Стратегиясын қабыл еттик. Биз инновациялар тараўындағы алдынғы мәмлекетлер қатарынан орын ийелеўди өз алдымызға ўазыйпа етип қойдық.

Бүгинги күнде 33 миллионлық елимиз халқының 60 процентин жаслар қурайды. Креатив пикирлейтуғын, илимниң белгили тараўында терең билимге ийе, жоқары интеллектуаллық потенциаллы қәнигелер таярлаў тийкарғы мақсетимиз есапланады.

Оған ерисиў ушын ақырғы үш жылда 36 жаңа жоқары оқыў орынлары шөлкемлестирилип, институт ҳәм университетлеримиздиң саны 116 ға жеткерилди.

Бүгинги күнде Өзбекстанда АҚШ, Уллы Британия, Россия, Италия, Қубла Корея, Ҳиндстан, Сингапур ҳәм басқа да мәмлекетлердиң жетекши жоқары оқыў орынларының 22 филиалы жумыс алып бармақта.

Мәмлекет жәрдеминде дуньяның алдынғы илимий ҳәм билимлендириў орайларында жетик қәнигелер таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў системалы түрде жолға қойылды. Бул процесслерге мүнәсип үлес қосып атырған Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (ЖАЙКА)ниң жумысын миннетдаршылық пенен атап өтиўди қәлер едим.

Япония ҳүкиметиниң басламасы – «Глобал-30» бағдарламасы бойынша Нагоя университетиниң Орайлық Азия мәмлекетлери ушын жуўапкер етип белгиленгени оғада нәтийжели болмақта.

Биз Нагоя университетиниң президенти, ҳүрметли Мацуо мырзаның елимизге бир неше рет келип, илимий бирге ислесиўимизди раўажландырыў бағдарында ислеп атырған үлкен хызметлерин айрықша қәдирлеймиз. Әсиресе, ол адамның өткен жылы Нобель сыйлығының лауреаты, профессор Ноёри мырза менен биргеликте Өзбекстанға еткен сапары мәмлекетимиздиң илимий турмысында әҳмийетли ўақыя болды.

Хабарыңыз бар, Нагоя университетиниң ҳүрметли президенти Мацуо мырзаның Өзбекстан илиминиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырғанын итибарға алып, жақында Ташкент мәмлекетлик техника университетиниң илимий кеңеси ол адамды усы университеттиң ҳүрметли ректоры етип сайлады.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Японияның «Кадрлар таярлаў» бағдарламасы шеңберинде мәмлекетимиздиң 300 ден аслам жаслары елиңизде магистрлик ҳәм докторлық илимий дәрежелерин алыўға еристи. Өзбекстан – Япония жаслар инновациялық орайы арқалы да онлаған жигит-қызларымыз япон университетлеринде қәнигелигин арттырмақта.

Ҳүрметли дослар!

Әлбетте, Өзбекстан ҳәм Япония бирге ислесиўинде әмелге асырылған жумысларымыз дыққатқа ылайық. Соның менен бирге еле бул бағдарда иске қосылмаған имканиятларымыз да бар екенлигин атап өтиў керек. Усы мүнәсибет пенен айырым усынысларды билдириўге рухсат еткейсиз.

Бириншиден, Нагоя университетиниң басламасы менен турақлы өткерилип киятырған Япония – Өзбекстан университетлериниң ректорлары дәстүрий конференциясы илимий турмысымызда үлкен роль атқармақта. Биз усы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мақсетинде илимий-академиялық алмасыўлар ҳәм технологиялар трансфери бойынша Өзбек-Япон қоспа фондын шөлкемлестириўди усыныс етемиз.

Бул фонд өз-ара илимий изертлеўлерди, еки мәмлекеттеги жас илимпазлардың биргеликтеги илимий излениўлерин қаржыландырыў, студентлер ҳәм профессор-оқытыўшылардың алмасыўы бойынша қоспа жойбарларды әмелге асырыўға хызмет етеди.

Бул фондтың жумысы Өзбекстанда мине усындай бағдарда жумыс алып барып атырған «Эл-юрт умиди» фондының қаржылары есабынан қаржыландырылады.

Дәслепки қәдемлер сыпатында биз ҳәр жылы Нагоя университетиниң 15 профессор-оқытыўшысын Өзбекстанда әзиз мийманлар сыпатында қабыл етиўге таяр екенимизди билдиремен.

Олар өз илим бағдарлары бойынша мәмлекетимиздиң жоқары оқыў орынларында лекциялар оқып, әмелий сабақлар, шеберлик сабақларын өткерип берсе, бизлер оғада миннетдар болар едик. Ҳәзирги ўақытта мине усындай алмасыўлар бағдарламасы тийкарында ҳәр жылы мәмлекетиңиздиң 50 студент-жасларын 15 күн даўамында Өзбекстанның тийисли жоқары оқыў орынларында күтип алыўға таярмыз. Мине усы 50 студенттиң 50-60 проценти Нагоя университетиниң студентлери болса, мақсетке муўапық болар еди деп ойлайман.

Бундай жойбарлар еки тәреплеме қатнасықларды жоқары басқышқа көтериўге үлкен үлес қосатуғынына исенимим кәмил. Неге дегенде, жасларымыздың арасындағы байланыслар беккем болса, дослық ҳәм бирге ислесиўимиз әлбетте нәтийжели ҳәм даўамлы болады.

Екиншиден, Нагоя университети ҳәм Өзбекстан Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте мәмлекетимиздиң Илимлер академиясы жанында нанотехнологиялар тийкарында жаңа материаллар жаратыў бойынша қоспа жойбарларды әмелге асырыўды усыныс етемен.

Үшиншиден, өзбек-япон археологлары менен биргеликте елимиздиң аймағында жайласқан буддизм тарийхы ҳәм мәдениятына тийисли археологиялық естеликлерди илимий үйрениў жумысларын даўам еттириўимиз зәрүр. Биз бул бағдарда япониялы досларымыз бенен бирге, Термиз мәмлекетлик университети жанында Өзбек-Япон илимий орайын шөлкемлестириўден мәпдармыз.

Ҳүрметли ушырасыў қатнасыўшылары!

Биз жақында Өзбекстанның Япониядағы елшиханасында илим ҳәм инновациялар бойынша мәсләҳәтши-ўәкил лаўазымын енгиздик. Неге десеңиз, мен бул ушырасыўдан алдын ҳүрметли президенти Мацуо басшылығындағы пүткил илимий жәмәәт, Нобель сыйлығының лауреатлары, проректорлар, профессорлар менен көрискенимде көплеген мәселелерди келисип алдық. Мине усы мәселелерди әмелге асырыў бойынша бизлердиң мәсләҳәтши-ўәкилимиз Нагоя университети менен тиккелей шуғылланады. Өл Өзбекстан Президентиниң Нагоя университетиндеги исенимли ўәкили болады деп, айтыў мүмкин.

Ўақыт өтеди, бүгинги тарийхый ушырасыўымыздың нәтийжелери еки жоқары оқыў орны – Нагоя университети ҳәм Ташкент мәмлекетлик техника университети арасындағы байланысларға, ең баслысы, Өзбекстан ҳәм Япония арасындағы қатнасықларымызға үлкен унамлы тәсирин көрсетеди, деп исенемен.

Ҳүрметли дослар!

Өзбек халқы Японияның әййемги тарийхы ҳәм бай мәдениятына үлкен ҳүрмет ҳәм қызығыўшылық пенен қарайды. Буның әмелий дәлийли  сыпатында жақында мәмлекетимизде «Япония Конституциясы», «Япон поэзиясының гүлдәстеси», «Орайлық Азияның мәдений мийрасы Япония топламларында», «Өзбекстан япониялының кеўлинде» сыяқлы бир қанша китап ҳәм альбомлар өзбек ҳәм япон тиллеринде басып шығарылды.

Рухсатыңыз бенен, усы китапларды Нагоя университетиниң китапханасына тапсырмақшыман. Мине бул китаплар сизлердиң китапханаңыздан орын алып, бирге ислесиўимизди және де беккемлеўге хызмет етеди, деп ойлайман. Бүгинги бирге ислесиўимиз, бүгинги билдирилген пикирлер, үлкен усыныслардың нәтийжеси сыпатында еки-үш жылдан кейин аўдармала исленетуғын китапларымыз және де көбейеди, деп нийет етемен.

Мен бағана ушырасыў ўақтында ҳүрметли Мацуо мырзаға: «Енди сизиң жәмәәтиңиз тек ғана Нагояда емес, ал Ташкентте де үлкен илимий жәмәәт болып есапланады, өзбек илимпазлары, студентлери сизди ректор сыпатында күтеди», деп айттым ҳәм ол адамды Өзбекстанға келиўге мирәт еттим.

Ҳүрметли президент Мацуо мырза!

Ҳүрметли университеттиң илимий жәмәәти!

Сөзимниң жуўмағында маған ҳәм халқыма көрсеткен жоқары ҳүрметиңиз ушын өз атымнан, делегациямыз атынан және бир мәрте миннетдаршылық билдирип, ҳәммеңизди Өзбекстанға мирәт етемен.

Итибарыңыз ушын рахмет!

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться