Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Республикасы Президенти Япония Бас министриниң орынбасарын қабыл етти

2019-12-18 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 18-декабрь күниниң екинши ярымында Токио қаласындағы Акасака резиденциясында Япония Бас министриниң орынбасары, қаржы министри Таро Асоны қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан менен Япония арасындағы дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары ҳәр тәреплеме беккемленип атырғанын, сондай-ақ, саўда-экономикалық бирге ислесиў кеңейип атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Жоқары дәрежедеги сапар етиў алдынан еки мәмлекеттиң көп санлы компания ҳәм банклериниң қатнасыўында өткен мисли көрилмеген дәрежедеги бизнес форумының жоқары нәтийжелери унамлы баҳаланды.

Ушырасыўда инвестициялық, технологиялық, финанслық ҳәм финанслық-техникалық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм аўыл хожалығы, энергетика ҳәм басқа да тараўларда қоспа жойбарларды әмелге асырыў перспективалары додаланды.

Сапар даўамында салық тараўы ҳәм бажыхана жумысы бойынша қол қойылып атырған еки тәреплеме келисимлердиң әҳмийети атап өтилип, бул узақ мүддетли исбилерменлик байланысларын раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жарататуғыны атап өтилди.

Экономика тармақлары ҳәм қаржы системасын реформалаўдың әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысылды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться