Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Президенти ЕҚБШ ДИИҲБ сайлаўларды бақлаў миссиясы басшысын қабыл етти

2019-12-16 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 13-декабрь күни Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының (ЕҚБШ ДИИҲБ) Сайлаўларды бақлаў бойынша миссиясының баслығы Каетана де Зулуэта Оутрамды қабыллады.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды қызғын қутлықлап, Өзбекстан менен ЕҚБШ ҳәм оның структуралары арасындағы конструктивлик бирге ислесиў избе-из раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Бүгинги күнде шөлкемниң Бас хаткери Томас Гремингердиң елимизге сапары етиўи жуўмағында қабыл етилген ЕҚБШ менен шерикликти кеңейтиў бойынша «Жол картасы» әмелге асырылмақта.

Өзбекстан шөлкемниң Парламент Ассамблеясындағы өз қатнасыўын тикледи. ЕҚБШ елимиздеги парламент сайлаўларына 1999-жылдан берли биринши мәрте толық миссияны жөнетти.

Ушырасыўда бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары ҳаққында ҳәр тәреплеме пикир алысылды, миллий нызамшылықты және де жетилистириў, сайлаў ҳәм басқа да тараўларда қоспа илажлар өткериў мәселелери додаланды.

ЕҚБШ ДИИҲБ Сайлаўларды бақлаў бойынша миссиясының баслығы Президентимизге шын жүректен қабыл еткени ҳәм Өзбекстан Республикасының усы шөлкем менен ҳәр тәреплеме бирге ислесиўге таяр екенлиги ушын миннетдаршылық билдирди.

Каетана де Зулуэта Өзбекстандағы сайлаўлар пүткиллей жаңа сиясий орталықта сезилерли дәрежеде жетилистирилген ҳуқықый нормалар тийкарында өтип атырғаны, сол себепли ДИИҲБ сайлаў процесслерин үлкен қызығыўшылық пенен бақлап атырғанын атап өтти.

Поделиться