Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Фармацевтика тармағын раўажландырыўға байланыслы әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди

2019-11-15 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 15-ноябрь күни фармацевтика тармағын раўажландырыў, халықты дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеў бағдарындағы жумысларды таллаў ҳәм гезектеги әҳмийетли ўазыйпалардың додаланыўына бағышланған мәжилис өткерди.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 7-ноябрьдеги «Фармацевтика тармағын басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, денсаўлықты сақлаў министрлиги жанында Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги шөлкемлестирилген еди. Исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымларды дизимнен өткериў мүддети қысқартылды. Жергиликли ислеп шығарыўшылар шийки зат ҳәм технологиялық үскенелерди импорт етиўде бажыхана төлемлеринен азат етилди.

Соның нәтийжесинде соңғы еки жылда 41 жаңа фармацевтикалық кәрхана шөлкемлестирилип, бундай кәрханалардың саны 191 ге жетти. Быйылғы өндиристиң көлеми өткен жылғыға салыстырғанда 1,5 есеге өсти. Фармацевтикаға қәнигелескен 8 еркин экономикалық зонада баҳасы 84 миллион долларлық 18 жаңа қуўатлылық иске түсирилип, 600 түрдеги дәрилерди ҳәм 50 ден аслам медициналық буйымларды ислеп шығарыў жолға қойылды.

Бирақ бул қуўатлылықлар еле жетерли емес, жергиликли фармацевтикалық өнимлердиң ассортименти де тар. Сол себепли ишки базардың талаплары толық қанаатландырылмай атыр ҳәм импорт етиўге туўра келмекте.

Мәмлекетимиздиң фармацевтика базары 1 миллиард доллардан аслам болып, онда жергиликли ислеп шығарыўшылардың көлеми жоқары емес. Дәри-дәрмақлар ҳәрекетиниң толық циклин бақлаў – маркировка системасының енгизилмегенлиги ақыбетинде олардың сапасын ҳәм баҳасын қадағалаўда қыйыншылықлар жүзеге келмекте. Мәселен, өткен еки жылда мәмлекетимизге сапа стандартларына жуўап бермейтуғын 123 миллиард сумлық дәри-дәрмақларды алып келиў жағдайлары анықланған. Бундай шараятта халықтың саламатлығын қорғаўдың ең исенимли ҳәм нәтийжели жолы – елимизде жетистирилген тәбийғый таза, дәрилик өсимликлер тийкарында сапалы өним ислеп шығарыў көлемин кеңейтиў болып табылады.

Мәжилисте Президент Шавкат Мирзиёев мәселениң әне, усы тәреплерине айрықша итибар қаратып, халықты ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелерин арзан және сапалы дәри-дәрмақлар, медициналық буйымлар ҳәм техникалар менен тәмийинлеў бағдарындағы әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берди.

2025-жылға шекем ишки базарда дәри-дәрмақларды тутыныў көлеминиң ең кеминде 50 процентин локализациялаў, соның ишинде, өзлестирилген дәри түрлерин ҳәзирги 2,5 мыңнан 4 мыңға жеткериў ушын имканиятлардың жетерли екени атап өтилди.

Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигине жаңа түрдеги өнимлердиң дизимин қәлиплестирип, Ҳиндстан, Россия, Украина, Венгрия, Болгария ҳәм Словакияның үлкен фармацевтикалық кәрханалары менен биргеликте перспективалы жойбарларды ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Жуўапкерлерге жақын бес жылда жергиликли негизги дәри-дәрмақлардың санын ең кеминде 100 ге жеткериў және санаат усылында ислеп шығарыў, усы мақсетте кәрханалар ҳәм илимий-изертлеў институтлары менен биргеликте Қибрай районында заманагөй технопарк, сондай-ақ, Уллы Британияның белгили жоқары билимлендириў мәкемесиниң филиалын шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берилди. Заман талабына сай кадрларды таярлаў, тараў қәнигелериниң сырт елде қәнигелигин арттырыўын шөлкемлестириў мәселелерине де итибар қаратылды.

Қаржы министрлиги және Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигине дәрилерди арнаўлы маркировкалаў ҳәм ҳәрекетти қадағалаў бойынша программалық тәмийнатты жаратып, 2020-жылдың ақырына шекем әмелиятқа енгизиў тапсырылды. Бул контрафакт дәри-дәрмақлардың айланысына шек қойыў ҳәм дәрилерге болған реал талапты «онлайн» түрде бақлап барыў имканиятын береди.

Мәмлекетимиздеги тармақ кәрханаларында Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми усынған GMP стандарты енгизилмекте. Халықты сапалы өнимлер менен тәмийинлеў мақсетинде импорт етилип атырған сырт ел дәри-дәрмақларын дизимге алыўда да бул стандартқа муўапық екенлигин мәжбүрий тексериў тәртибин орнатыў бойынша усыныслар берилди.

Мәжилисте және бир әҳмийетли мәселе – денсаўлықты сақлаў мәкемелерин арзан ҳәм сапалы дәри-дәрмақлар менен толық тәмийинлеў жағдайы көрип шығылды. Бул бағдарда ашық-айдынлықты тәмийинлеў мақсетинде ендигиден былай мәмлекетлик медициналық мәкемелер ушын дәрилерди сатып алыў, оларды сақлаў ҳәм жеткерип бериў жаңа тәртипте әмелге асырылатуғыны белгиленди. Яғный, Денсаўлықты сақлаў министрлиги орайласқан сатып алыўлар бойынша тендерлерди шөлкемлестиреди ҳәм сатып алыўлардың ашық-айдынлығын тәмийинлейди. Тендердиң жеңимпазлары дәри-дәрмақларды орайласқан сатып алыў, сақлаў ҳәм мәмлекетлик медициналық мәкемелерге жеткерип бериў хызметлерин әмелге асырады.

Дәри-дәрмақлар базарында коррупцияны сапластырыў, саламат бәсеки орталығын раўажландырыў, социаллық дәриханаларды сапалы ҳәм арзан өнимлер менен үзликсиз тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.

Тараўда алып барылып атырған реформалардың әҳмийетин ғалаба хабар қураллары арқалы түсиндириў, халыққа жеткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Фармацевтика тармағын раўажландырыў бойынша бес жыллық концепцияны ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлердиң мәлимлемеси тыңланып, зәрүрли илажлар белгиленди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться