Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ҒМДА қәўипсизлик уйымлары ҳәм арнаўлы хызметлер басшылары кеңесиниң мәжилиси
2019-11-08 | ҒМДА
Ташкентте 7-ноябрь күни Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамының қәўипсизлик уйымлары ҳәм арнаўлы хызметлер басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти.
Илажда ҒМДАға ағза мәмлекетлер қәўипсизлик уйымлары ҳәм арнаўлы хызметлердиң баслықлары, ҒМДА Атқарыў комитети ҳәм Антитеррор орайының басшылары қатнасты.
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң баслығы А.Азизов, ҒМДА Атқарыў комитетиниң баслығы С.Лебедев, ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң қәўипсизлик уйымлары ҳәм арнаўлы хызметлер баслықлары кеңесиниң баслығы А.Бортников халықаралық қәўипсизликке қәўиплер, сыртқы унамсыз күшлердиң тәсири артып атырған бүгинги қурамалы дәўирде кеңестиң мәжилиси үлкен әҳмийетке ийе болыўы, бар қәўип-қәтерлерге биргеликте қарсы турыў улыўма ҳәм тийкарғы мақсет екени, бул бағдардағы бирге ислесиў халықларымыздың тынышлығын қәстерлеп-сақлаў, өз-ара бирдемликти беккемлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.
Өзбекстан ҳүкимети, жеке Президент Шавкат Мирзиёевтиң ис-ҳәрекетлери менен соңғы жылларда ҒМДА аймағында, әсиресе, Орайлық Азияда интеграцияласқан процесслерди күшейтиў, экономикалық-социаллық тараўдағы қатнасықларды жақсылаў менен бирге, қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарында да нәтийжели басламалар алға қойылып атырғаны атап өтилди. ҒМДАға Өзбекстан басшылық ететуғын 2020-жылы мине, усы бағдарда әмелге асырылатуғын жумыслар жаңа басқышқа көтерилетуғынына исеним билдирилди.
ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң қәўипсизлик уйымлары ҳәм арнаўлы хызметлер басшылары кеңесиниң баслығы А.Бортниковтиң атап өтиўинше, регионда қәўипсизликти тәмийинлеў, атап айтқанда, терроризм, нәшебентлик ҳәм халықаралық шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиўде кеңестиң жумысы салмақлы үлес болып қосылмақта. Өткен дәўирде ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң қәўипсизликке қәўип туўдырып атырған жынаятшы топарлар уя қурған 13 ноқат анықланып, 130 жаўынгер қолға алынған, үлкен муғдардағы нәшебентлик қураллар жоқ етилген. Операциялар ўақтында Өзбекстан белсене қатнасқан.
ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң қәўипсизлик уйымлар ҳәм арнаўлы хызметлер басшыларының мәжилисинде халықаралық терроризм, наркотик қураллардың нызамсыз айланысы, трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарындағы бирге ислесиўди және де беккемлеў мәселелери көрип шығылды. ҒМДА жеринде миллетлераралық ҳәм конфессиялараралық келиспеўшиликлердиң келип шығыўының алдын алыў, транспорт коммуникациялары ҳәм экономика тараўында қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша бирге ислесиўдеги илажлар белгилеп алынды. Орайлық Азияда регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў шеңберинде Аўғанстандағы жағдай додаланды.
Мәжилисте ҒМДА Антитеррор орайының басшысы бирге ислесиўдеги антитеррор оқыў-шынығыўларының жуўмағы бойынша есабат берди. Орайдың 2020-жылға мөлшерленген жумыс режеси усынылып, тәреплер кеңестиң жумысы шеңберинде ҳәр тәреплеме қатнасықларды және де кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти. Бирге ислесиўдиң жаңа, нәтийжели бағдарлары белгилеп алынды.