Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Академик Ҳусниддин Ҳамидов Өзбекстан илими аўыр жоғалтыўға ушырады.

2019-11-05 | Жәмийет

Қарақалпақ тил билиминиң белгили ғайраткери, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының академиги Ҳусниддин Ҳамидов 84 жасында қайтыс болды.

Ҳ.Ҳамидов 1935-жылы 5-январьда Қарақалпақстан Республикасының Шымбай районында туўылды. 1955-жылы еки жыллық муғаллимлер институтын тамамлап, өз жумысын орта мектепте муғаллимшиликтен баслады. Соңынан Қарақалпақ педагогика институтында билим алып, 1967-жылы кандидатлық, 1991-жылы докторлық диссертациясын қорғады.

1994-жылда Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының хабаршы-ағзасы, 2000-жылда ҳақыйқый ағзасы етип сайланды.

Талантлы илимпаз өзиниң дерлик 60 жылдан аслам илимий-педагогикалық мийнети даўамында Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Тил ҳәм әдебият институтында илимий хызметкер, бөлим баслығы, Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде профессор, кафедра баслығы ўазыйпаларында жемисли мийнет етти ҳәм қарақалпақ тил билими тараўындағы әҳмийетли мәселелерди илимий изертлеў, жоқары маман кадрларды таярлаўға ылайықлы үлес қосты.

Тил тарийхы бойынша терең излениўлер алып барған, ески қолжазбалардың илимий түсиндирмесин жаратқан илимпаздың «Қарақалпақ тили тарийхы очерклери», «Ески қарақалпақ тилиниң жазба естеликлери», «Бердақ қолжазбалары мийрасы» сыяқлы монографияларында қарақалпақ әдебий тили нормаларының қәлиплесиў машқалалары ески өзбек әдебий тили менен байланыслы түрде ашып берилген.

Ҳ.Ҳамидов жәмийетлик жумысларда да белсене қатнасып, 1995-2000-жылларда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң депутаты сыпатында жумыс алып барған.

Көплеген жасларға илимниң сырларынан сабақ берген жанкүйер устаздың тиккелей басшылығында онлаған илим докторы ҳәм илим кандидантлары таярланған.

Белгили илимпаз, меҳрибан устаз, кишипейил инсан Ҳусниддин Ҳамидовтың естелиги кеўиллеримизде мәңги сақланып қалады.

Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов,

А.Арипов, М.Ерниязов, Б.Йўлдошев

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться