Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Президенти Түркменстан Президенти менен телефон арқалы сөйлести
2019-10-30 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 30-ноябрь күни Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сөйлести.
Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы туўысқан Түркменстан халқына усы жылы 10-11 октябрь күнлери Ашхабадта болып өткен Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамының саммитинде көрсетилген миймандослық ушын миннетдаршылық билдирди және Түркменстанның ҒМДАдағы басшылығының табыслы өтип атырғаны менен және бир мәрте қутлықлады.
Мәмлекет басшылары көп қырлы Өзбекстан-Түркменстан қатнасықларының жағдайы ҳәм оларды раўажландырыў перспективаларын додалады, сондай-ақ, болажақ жоқары дәрежедеги илажлар көзқарасынан халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысты.
Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы ўақыт пенен сыналған беккем дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланыслары, бәринен бурын, саўда, транспорт, аўыл хожалығы, энергетика ҳәм басқа да тармақларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў ушын беккем тийкар екени атап өтилди.
Тәреплер аймақлараралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўларды кеңейтиўге буннан былай да ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге таяр екенлигин билдирди.
Сөйлесиў соңында мәмлекет басшылары дос мәмлекетлеримиз ҳәм пүткил Орайлық Азия регионының турақлы раўажланыўы жолында Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы стратегиялық шерикликти буннан былай да беккемлеў бағдарындағы умтылысларының исенимли екенин тастыйықлады.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги