Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Банклердиң инвестициялық белсендилигин арттырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди
2019-10-25 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 25-октябрь күни банк системасын реформалаў ҳәм банклердиң инвестициялық белсендилигин арттырыў бағдарындағы тийкарғы ўазыйпаларға бағышланған мәжилис өткерди.
Исбилерменликти раўажландырыў ҳәм өндиристи финанслық жақтан қоллап-қуўатлаўда банклер әҳмийетли орын ийелейди. Сол себепли финанс институтларының турақлылығын ҳәм турмыстағы ролин арттырыўға үлкен итибар қаратылмақта.
Соңғы жылларда мәмлекетлик бюджеттен коммерциялық банклерге бағдарламаларды қаржыландырыў ушын 8,4 триллион сум, айланыс қаржылар ушын 400 миллион доллар, устав капиталын арттырыў ушын 1,7 миллиард доллар қаржы ажыратылды. Улыўма алғанда, кейинги еки жыл ишинде банклердиң капитализациясын арттырыў ушын 3,3 миллиард доллар мәмлекетлик қаржы берилди.
Мәжилисте бул қаржылардан нәтийжели пайдаланылмай атырғаны, перспективалы жойбарларды әмелге асырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўға жәрдемлесиў, қарыйдарлар ҳәм банк дәраматларын көбейтиў бағдарындағы жумыслар жетерли емес екенлиги сынға алынды.
Мысал ушын, жеке меншик банклер кредит ресурсының ярымынан көбин депозитлердиң есабынан қәлиплестирип атырған болса, мәмлекетлик банклерде бул көрсеткиш дерлик 10 процент әтирапында. Сондай-ақ, мәмлекетлик банклер кредит портфелиниң ярымынан көби 5 ири мәмлекетлик кәрханасының үлесине туўра келеди. Елеге шекем ескирген программалық тәмийнатлардан пайдаланып атырғаны ушын банк хызметлериниң сапасы талап дәрежесинде емес.
Системада саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў мақсетинде банклердиң жумысында мәмлекеттиң қатнасыўы басқышпа-басқыш қысқартылмақта. Атап айтқанда, мәмлекетлик бағдарламалар шеңбериндеги кредитлердиң проценти қайта қаржыландырыў ставкасы менен теңлестирилди ҳәм 2021-жылдан толық еркинлестирилетуғыны белгиленди. Бул банклерди көбирек қарыйдар табыў, ресурслар тартыў, кредит ажыратыў бойынша излениўге, раўажланыўына ийтермелейди.
Күни кеше Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылып атырған жойбарларды кредитлеў тәртибин жетилистириўдиң қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Оған муўапық, банклердиң трансформациясын жеделлестириў ҳәм сапалы әмелге асырыў мақсетинде барлық мәмлекетлик банклердеги акционерлик ўазыйпасы Қаржы министрлигине жүкленди.
Мәжилисте Қаржы министрлиги ҳәм Орайлық банкке Жәҳән банки менен биргеликте банк секторын узақ мүддетли раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыўды жуўмақлаў ўазыйпасы қойылды.
Мәмлекетимиз басшысы коммерциялық банклердиң ҳәзирги жағдайын таллап, әҳмийетли илажларға тоқтап өтти.
Бүгинги күнде банклерге қойылған депозитлердиң 70 проценти қысқа мүддетли болған ҳалда, кредитлердиң 90 проценти узақ мүддетке берилген. Айырым банклерде ағымдағы қәрежетлер дәраматқа салыстырғанда 60-70 процентти қурайды. Сол себепли банклерди финанслық саламатландырыў ҳәм олардың турақлылығын тәмийинлеў мәселелери де додаланды.
Банклердиң қарыйдарға бағдарланған, халықтың кең қатламына мөлшерленген хызметлерин көбейтиў ҳәм кредитлеў тәртибин әпиўайыластырыў бойынша тапсырмалар берилди. Онлайн ҳәм мобиль байланыс арқалы хызмет көрсетиў, сырт еллерде кеңнен тарқалған «скоринг» ҳәм автоматластырылған модулли кредит ажыратыў системасын кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
Банклердиң шөлкемлестириўшилик структурасын жетилистириў, бизнеске бағдарланған корпоратив басқарыў системасын ҳәм бақлаў кеңеслериниң жумысын жанландырыў әҳмийетли екенлиги көрсетип өтилди. Инвестициялық тартымлылықты арттырыў арқалы жеке меншик сектордың қатнасыўын кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
– Енди банклер ресурс алып келиў бойынша «өзлериниң арбасын өзлери тартыўы» керек. Сонда ғана базар шараятына сәйкес, заманагөй басқарыў системасына ийе финанслық институтқа айлана алады, – деди Президент.
Мәжилисте кадрлар мәселесине де айрықша итибар қаратылып, Орайлық банк жанында шөлкемлестирилип атырған Банк хызметкерлерин қайта таярлаў корпоратив орайы ҳәм Ташкент финанс институты бул бағдарда қатаң шуғылланыўы керек екенлиги атап өтилди. Банк хызметкерлериниң қарыйдарлар менен ислесиўин хошаметлеў, олардың жумыс нәтийжелилигине қарап баҳалаў индикаторларын енгизиў бойынша да көрсетпелер берилди.
Мәжилис соңыңда «Саноатқурилишбанк» ҳәм Халық банкиниң 2020-жыл ҳәм келешектеги режелериниң презентациясы өткерилди.