Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Ташкентте дүньяға белгили инсанлардың мум-ҳәйкеллери музейи ашылды
2019-10-17 | Туризм
Ташкент қаласындағы жаңа паркте, «Tashkent City» аймағында «Жулдызлар музейи» мум музейи ашылды.
Бул тек ғана жергиликли халық емес, ал ишки ҳәм сыртқы туристлердиң де жақсы көрген орынларынан бирине айланыўы күтилмекте.
Бизге белгили Европаға саяхат ететуғын туристлердиң көпшилиги «Мадам Тюссо» музейине барады ҳәм Голливуд жулдызлары, илимпазлар, сиясатшылар ҳәм басқа да белгили инсанлардың ҳәйкеллери менен сүўретке түсип, олар менен социаллық тармақларда бөлиседи. «Жулдызлар музейи»ндеги ҳәр бир экспонат, оның әтирапындағы әҳмийетли ең киши деталларына шекем ойлап исленген – жанлы қуўыршақлар, заманагөй тарийхта өшпес из қалдырған үлкен шахслар ҳәйкеллериниң топламы ҳәм тағы басқалар.
Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик көмитетиниң мәлим етиўинше, музейде жақын арада Өзбекстанның белгили шахсларының ҳәйкеллери де көрсетиледи ҳәм бул ҳәммеде үлкен қызығыўшылық оятатуғыны сөзсиз
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги