Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Шавкат Мирзиёев: «Жерге меҳир берген инсан бай болыўы керек»
2019-10-17 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёев Ангор районындағы «Ангор Сурхон ғурури» пахта-тоқымашылық кластериниң атызында пахта өнимин көзден өткерди.
Мәмлекетимиз басшысы бул ҳаққында 2018-жыл январьда ўәлаятқа сапары ўақтында көрсетпелер берген еди. Усы тийкарда Сурхандәрьяда 6 тоқымашылық кластери шөлкемлестирилди. Олар жәми пахта майданының 67 проценттен асламын қамтып алған. 2020-жылы бул көрсеткишти 100 процентке жеткериў режелестирилген.
Кластер системасы тараўға заманагөй технологиялар ҳәм инновациялық қолланбаларды енгизиўде әҳмийетли фактор болмақта. «Ангор Сурхон ғурури» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде де жаңа жумыс усылы тийкарында зүрәәтлилиги ҳәм өнимлердиң бәсекиге шыдамлылығы арттырылмақта. Кластердиң жәми майданы 9 мың 180 гектар болып, соннан 8 мың 100 гектарынан асламына егин егиледи. Соның ишинде, быйыл дерлик 5 мың гектар жерде жиңишке талшықлы пахта жетистирилген.
Елимиз илимпазлары тәрепинен жаратылған «Сурхон-14», «Сурхон-16» сортлары еки жыл даўамында тәжирийбеден өткерилди. Жиңишке талшықлы бул сорт экстремал ҳаўа-райы шараятларына, суўсызлық, ыссылыққа ҳәм зыянкес жәнликлерге шыдамлылығы, ерте писетуғыны менен әҳмийетли. Талшықтың узынлығы, беккемлиги, текстильге жарамлылығы жәҳән базарында қарыйдарбап есапланады. Басқа сортлар менен мийнет ҳәм ресурстың жумсалыўы бир қыйлы болған жағдайда жиңишке талшықтың экономикалық нәтийжелилиги 60 процент көп болады.
– Бизлер жеримизге, жумсалып атырған қәрежетке салыстырғанда аз өним алып атырмыз. Сорт пенен, илимий агротехника менен шуғылланбай қойған едик. Мийнет өнимдарлығы, пайда төмен еди. Негизинде жерге меҳир берген инсан бай болыўы керек. Бизлердиң мақсетимиз сол. Илим болмаса, раўажланыў болмайды, – деди Шавкат Мирзиёев.
Және бир әҳмийетли фактор – усы жылы зыянкес жәнликлерге қарсы гүресиў ушын мәмлекетлик бюджеттен 120 миллиард ажыратылған еди. Соның ишинде, Сурхандәрья ўәлаятында бул жумысларға 13 миллард сум бағдарланды.
Усы жерде болған сөйлесиў ўақтында фермер ҳәм қәнигелер бул илажлар жақсы нәтийже бергенин, мол өним сақлап қалынғанын билдирди.
Президент жиңишке талшықлы ғаўаша сортларын көбейтиў ҳәм егин майданларын кеңейтиў, илимпазларды хошаметлеў бойынша тапсырмалар берди. Кластерлердиң жумысын раўажландырыў перспективалары ҳаққында айтып өтилди.
– Енди барлық кластерлер шарўашылық комплекслерин шөлкемлестиреди. Себеби оларда азықлық базасы бар. Шарўашылық раўажланса, гөш, сүт арзан болады. Бул халқымыздың абаданлығы, балаларымыздың саламатлығы ушын әҳмийетли, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Бүгинги күнде кластерде 900 дан аслам жумысшы ҳәм қәниге мийнет етпекте. Келешекте қайта ислеўди кеңейтиў арқалы және де көп жумыс орнын ашыў режелестирилген.