Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Президентиниң Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңесиниң саммитинде қатнасыўына байланыслы

2019-10-14 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2019-жыл 14-15-октябрь күнлери Баку қаласында болып өтетуғын Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңесиниң (Түркий кеңес) жетинши саммитинде қатнасады.

Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркия, Өзбекстан, бақлаўшы мәмлекет сыпатында қатнасып атырған Венгрия ҳәм Түркменстан делегацияларының басшылары Түркий кеңес шеңбериндеги көп қырлы бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм кеңейтиўге қаратылған мәселелерди додалайды.

Саммитте Түркий кеңеске ағза мәмлекетлер басшыларының Өзбекстан Республикасының толық ҳуқықлы ағза сыпатында Шөлкемге қосылыўы ҳаққында Биргеликтеги билдириўи қабыл етиледи.

Ушырасыў жуўмағында Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңеси жетинши саммитиниң декларациясы қабыл етилиўи күтилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы Бакуға сапары шеңберинде саммитте қатнасатуғын делегациялардың басшылары менен еки тәреплеме ушырасыўлар өткереди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться