Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Президенти Армения Республикасы Бас министрин қабыл етти
2019-10-11 | Сиясат
ҒМДАның Ашхабад саммити шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Армения Республикасы Бас министри Никол Пашинянды қабыл етти.
Ушырасыўда саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў әҳмийетли екнлиги атап өтилди.
Ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық дәрежеде өз-ара алмасыўларды жолға қойыўға келисип алынды.
Халықаралық сиясат ҳәм көп тәреплеме шөлкемлер шеңбериндеги бирге ислесиўге байланыслы әҳмийетли мәселелер де додаланды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги