Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Президенти Түркия саўда палаталары ҳәм товар биржалары аўқамының баслығын қабыл етти
2019-10-07 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-октябрь күни мәмлекетимизде әмелий сапар менен келген Түркия саўда палаталары ҳәм товар биржалары аўқамының баслығы Мустафо Рифат Ҳисоржиқли улын қабыл етти.
Мәмлекетимиз басшысы мийманды қутлықлап, кейинги жылларда Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы дослық, шериклик ҳәм көп қырлы бирге ислесиў қатнасықлары сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
2017-жылдың гүзинде Түркияда ҳәм 2018-жылдың бәҳәринде Өзбекстанда мәмлекетлик сапар етиўлер шеңберинде болып өткен жоқары дәрежедеги нәтийжели сөйлесиўлер конструктивлик сиясий қарым-қатнас ҳәм әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў ушын беккем тийкар болып хызмет еткени айрықша атап өтилди.
Ерисилген ҳәм қол қойылған келисимлерди кең көлемде әмелге асырыў, саўда, инновациялар, энергетика, инфраструктураны раўажландырыў, транспорт, туризм, тоқымашылық ҳәм азық-аўқат санааты, басқа да тармақларда қоспа жойбарларды жедел алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Ушырасыўда Рифат Ҳисоржиқли улы қызғын қабыл еткени ушын Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа терең миннетдаршылық билдирди ҳәм Түркия Республикасының Президенти Режеп Таййип Эрдўғанның сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.
Соңғы жылларда 750 ден аслам қоспа кәрхана шөлкемлестирилгени, сондай-ақ, өз-ара саўда көлеми еки есеге артқаны Түркия бизнесиниң Өзбекстан базарына кириўден мәпдар екенлиги артып, исбилерменлик байланыслар беккемленип атырғанынан дәрек береди.
Рифат Ҳисоржиқли улы Түркия исбилермен топарларының ўәкиллери – Саўда палаталары ҳәм товар биржалары аўқамының ағзалары тийкарғы жойбарларды әмелге асырыўда белсене қатнасыўға таяр екени ҳәм бул мәселелерди өзбекстанлы шериклер менен Ташкентте болып өтетуғын Түркий тиллес мәмлекетлердиң Исбилерменлер кеңесиниң мәжилиси ҳәм Инвестициялық форумда додалаўды режелестиргенин атап өтти.
Ушырасыў соңыңда мийман Өзбекстан – Түркия дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў мақсетинде узақ мүддетли исбилерменлик байланысларды жолға қойыў ҳәм әмелий бирге ислесиўди раўажландырыўға жәрдемлесиў бағдарында исенимли екенин атап өтти.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги