Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан устаз ҳәм муғаллимлерине байрам қутлықлаўы

2019-09-30 | Сиясат

Ҳүрметли устаз ҳәм муғаллимлер!

Бәринен бурын, сиз әзизлерди, билимлендириў ҳәм тәрбия тараўында мийнет етип атырған барлық педагог хызметкерлерди  Устазлар ҳәм муғаллимлер күни менен шын кеўлимнен қутлықлап, ең жақсы тилеклеримди билдиремен.

Бул қутлы  байрамда бәршемиз бизге илим үйреткен, турмыс сабағын берген жанкүйер, пидайы устаз ҳәм муғаллимлеримизге терең ҳүрмет билдирип, шын кеўилден тәжим етемиз.

Ҳақыйқаттан да, өзиниң көз нурын, жүрек жылыўын, пүткил барлығын жас әўладтың тәрбиясына бағышлайтуғын оқытыўшы ҳәм устазлардың мийнети, мәртлиги ҳәр қандай жоқары баҳаларға мүнәсип.

Бл ҳаққында пикир жүргизгенимизде, улы ойшыл бабамыз Маҳмудхўжа Беҳбудийдиң: «Әўладларыңызға тек ғана бүгинниң емес, келешек заманның илимин үйретиң», деген сөзлери ерксиз ядымызға түседи.

Шынында да, дүнья көлеминде бәсеки және де күшейип баратуғын, оғада қурамалы бир дәўирде жасайтуғын балаларымызды келешекке таярлап, саламат ҳәм кәмил инсанлар етип тәрбиялаў билимлендириў ҳәм тәрбия тараўы, оқытыўшы мийнетиниң түпкиликли мазмун-мәнисин қурайды.

Әне усы өткир ҳақыйқатты есапқа алып, биз билимлендириў ҳәм тәрбия тараўындағы реформаларды мәмлекетлик сиясаттың ең әҳмийетли бағдары дәрежесине көтердик.

Өткен қысқа дәўирде мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң тармағын кеңейтиў, мектеп билимлендириўинде 11 жыллық системаға өтиў, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлерин оптималластырыў, мәмлекетлик емес билимлендириў хызметин көрсетиў бойынша кең көлемли жумысларды әмелге асырдық.

Бүгинги күнде сизлердиң, пүткил ел-журтымыздың қызғын қоллап-қуўатлаўы менен мектеп билимлендириўин раўажландырыў улыўма миллий мақсетке, улыўма халықлық ҳәрекетке айланып бармақта.

Уллы алымларымыз, белгили шайыр ҳәм жазыўшыларымыздың аты менен аталатуғын дөретиўшилик ҳәм тәбийғый пәнлерге қәнигелестирилген мектеплер, «Темурбеклер мектеби», Президент мектеплери сыяқлы пүткиллей жаңа үлгидеги заманагөй ҳәм инновациялық билимлендириў орайлары әне усы мақсетке хызмет етеди.

Бул бағдарда улыўма билим бериў мектеплери системасын раўажландырыў мәселесине айрықша итибар берилмекте. Буның тастыйғын кейинги еки жылда 238 жаңа мектептиң қурылғанынан да көриўге болады. Атап айтқанда, 2010-2016-жылларда бул тараўға жетерли итибардың берилмегени себепли 99 мектеп жабылған еди.

Бул тараўды раўажландырыў ушын ажырытылып атырған бюджет қаржыларының көлеми де артып бармақта. Соның ишинде, быйыл мектеплерге 2017-жылға салыстырғанда 81 проценттен аслам қаржы ажыратылды.

Елимизде бақша, мектеп ҳәм жоқары  билимлендириў системасында ислеп атырған тәрбияшылар, устаз ҳәм муғаллимлердиң мийнетин мүнәсип қәдирлеў, олардың мийнет ҳақысын, жәмийеттеги абырайын арттырыў бойынша әҳмийетли қәдемлер қойылмақта.

Тараўдың раўажланыўына болған әне усындай итибар мектеплерде оқыў-тәрбия процесслерин сапа жағынан өзгертиўге, оқытыўшылардың қурамын жақсылаўға хызмет етпекте.

Биз билимлендириў ҳәм тәрбия мәселесине комплексли қатнас жасай отырып, бақша билимлендириўи менен бирге жоқары билимлендириў системасын да үзликсиз раўажландырыўға айрықша итибар қаратпақтамыз.

Усы мақсетте мәмлекетимизде мектепке шекемги билимлендириў және жоқары билимлендириўди раўажландырыў бағдарламалары қабыл етилди ҳәм бул тийкарда түпкиликли реформалар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, кейинги еки жылда мәмлекетимизде 35, соның ишинде, 13 сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери шөлкемлестирилди. Жүзден аслам жаңа баклавриат билимлендириў бағдарлары және 94 магистратура қәнигелиги бойынша кадрлар таярлаў жолға қойылды.

Әне усындай илажлардың нәтийжесинде жасларды жоқары билимлендириўге қамтып алыў дәрежеси үш жыл бурынғы 9 проценттен 20 процентке артты. Биз жақын келешекте бул қарсеткишти 25 процентке жеткериўди өз алдымызға мақсет етип қойғанбыз.

Жаратылып атырған имканиятлар себепли Өзбекстан жаслары түрли тараўларда өз билими ҳәм потенциалын көрсетип, Ўатанымыздың абырайын пүткил дүньяға жаймақта.

Күни кеше Россияның Екатеринбург қаласында жәҳәнниң 80 ге шамалас мәмлекетинен шебер спортшылар қатнасқан бокс бойынша жәҳән чемпионатында миллий командамыздың ўәкиллери жоқары ерк-ықрар ҳәм шеберликтиң үлгисин көрсетип биринши орынды ийелегени бәршемизди қуўантып, мақтанышқа бөледи.

Бундай үлкен жетискенликлерди биз бәринен бурын сизлер сыяқлы пидайы устаз-муғаллимлердиң жанкүйерлик мийнетиниң нәтийжеси сыпатында қабыл етемиз.

Қәдирли ўатанласлар!

Бәршемиз жақсы түсинемиз, бүгинги тез пәтлер менен өтип баратырған заман барлық тараўлар қатарында билимлендириў ҳәм тәрбия системасын раўажландырыў бойынша да алдымызға оғада әҳмийетли ўазыйпаларды қойып атыр.

Әлбетте, жасларымыздың билим алыўы ушын барлық шараятларды жаратыўға, оқыў имаратларын қурыўға, оларды заманагөй үскенелер менен толтырыўға болады. Бирақ перзентлеримизге жоқары өлшемлер тийкарында билим ҳәм тәрбия беретуғын, жаңаша, инновациялық пикирлейтуғын муғаллим ҳәм оқытыўшыларды таярлаў – бул ең аўыр ўазыйпа болып, оғада үлкен мийнет ҳәм жуўапкершиликти талап етеди.

Усы мәнисте, бүгинги күн оқытыўшысы универсал қәниге, ҳәм үйретиўши, ҳәм үйрениўши болыўы, яғный өз үстинде тынымсыз ислеўи, бәрқулла изленип жасаўы керек.

Ең әҳмийетлиси, оқытыўшы шын мәнисинде Ўатанды сүйиўши инсан болыўы зәрүр. Қәлбинде өз кәсибине, Ўатанына меҳири ҳәм садықлығы күшли болған оқытыўшы ғана ҳақықый ўатанды сүйетуғын шахсты тәрбиялай алады.

Бизиң барлық ҳәрекетлеримиз  «Өзбекстанда ең абырайлы инсан муғаллим болыўы керек» деген идеяны әмелге асырыўға қаратылмақта. Оның ушын мәмлекет ҳәм жәмийет тәрепинен қанша қаржы, ресурс ҳәм имканият керек болса, барлығын жумсаймыз.

Мектеплерде шет тиллерин, мәлимлеме коммуникация технологияларын үйретиўди жетилистириў, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў тараўында басқарыўды реформалаў, жасларды илим тараўына тартыў ҳәм олардың басламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша белгиленген илажларды нәтийжели әмелге асырыўымыз керек.

Профессионал билимлендириў тараўында бүгинги мийнет базары ҳәм халықаралық стандартларға толық сәйкес келетуғын пүткиллей жаңа системаға өтиўди жеделлестириўимиз керек.

Билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын, оқытыўдың сапасын ҳәм педагог хызметкерлердиң билим ҳәм қәнигелигин арттырыўға қаратылған «Заманагөй мектеп» мәмлекетлик бағдарламасын әмелге асырыў турақлы түрде итибарымыздың орайында болады.

Бәршемизге белгили, бүгинги күнде әтирапымызда жаслардың қәлбин ҳәм санасын зәҳәрлеп, оларды дурыс жолдан алжастырыўға қаратылған қәўип-қәтерлер барған сайын күшейип бармақта. Бундай идеологиялық қәўип-қәтерлерге қарсы миллий  идея тийкарында бәршемиз биргеликте гүресиўимиз, шаңарақ, мектеп ҳәм мәҳәллениң бирге ислесиўин беккемлеўимиз зәрүр.

Әсиресе, бул ўазыйпа барлық буўындағы басшылар, жаслар, ҳаял-қызлар, нуранийлер шөлкемлери, дөретиўши зыялыларымыз, диний уламалар, ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери, пүткил жәмийетимиз ушын ҳүждан исине айланыўы керек.

Әзиз ҳәм қәдирли устазлар!

Бүгин билимлендириў ҳәм тәрбия тараўында ҳүрметли устаз ҳәм муғаллимлеримиздиң, перзентлеримиздиң өмиринде жаңа дәўир басланбақта. Бул дәўирди буннан былай да терең мазмун менен толықтырып,  миллий раўажланыўға ерисиў тек ғана өзимизге, усы жолда аўызбиршилик пенен пидайылық мийнет етиўимизге байланыслы.

Биз халқымыздың ең үлкен байлығын – миллионлап перзентлеримиз, жаннан әзиз ул-қызларымыздың тәғдирин, Өзбекстанның келешегин сизлерге исенип тапсырғанбыз. Ҳәм бул ўазыйпаны жуўапкершилик пенен орынлап киятырған сизлер сыяқлы пидайы инсанлар, келешек дөретиўшилерине ҳәр қанша алғыс айтсақ арзыйды.

Сизлерди Устаз ҳәм муғаллимлер күни менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, мақтанышлы ҳәм жуўапкершиликли жумысыңызда үлкен табыслар, шаңарағыңызға пайыз ҳәм берекет тилеймен.

 

Шавкат МИРЗИЁЕВ

Өзбекстан Республикасы Президенти

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться