Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Норвегия Сыртқы ислер министрлигиниң арнаўлы Елшиси менен ушырасыў
2019-09-10 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатында 9-сентябрь күни Сенат Баслығының биринши орынбасары С.Сафоевтың Норвегия Сыртқы ислер министрлигиниң арнаўлы елшиси Кнут Воллебек пенен ушырасыўы болып өтти.
Онда Өзбекстан делегациясының быйыл июль айында Норвегияға сапары шеңберинде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери додаланды. Парламентлераралық байланысларды беккемлеў ҳәм еки тәреплеме өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Кейинги жылларда Өзбекстан менен Норвегия арасындағы қатнасықлар жеделлести. Соның ишинде, Өзбекстан сыртқы сиясатының ашық-айдынлығы ҳәм өз-ара пайдалы шерикликти кеңейтиўге таяр екенлиги усы мәмлекетти де қызықтырып келмекте.
К.Воллебек Өзбекстанның Орайлық Азияда қәўипсизликти беккемлеўге қосып атырған үлесин айрықша атап өтти. Соның менен бирге, Норвегия Өзбекстан менен қатнасықларды ҳәр тәреплеме жеделлестириўден мәпдар екенин, жақын арада усы мәмлекеттиң жоқары дәрежели делегациясын елимизге жибериўди режелестирип атырғанын атап өтти.
Ушырасыўда Аралбойы регионы ушын көп шериклик тийкарындағы Траст фондының жумысы шеңберинде бирге ислесиў ҳәм оның жумысын қоллап-қуўатлаўды донор мәмлекетлер және қайырқомлық шөлкемлер арасында биргеликте үгит-нәсиятлаў мәселелери де додаланды.
Сөйлесиўде тәреплер Өзбекстан экономикасына тиккелей инвестицияларды тартыўда Норвегияның ири компанияларының қатнасыўын тәмийинлеў бойынша да өз-ара пикир алысты.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги