Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Қызғын қутлықлаўлар
2019-08-29 | Сиясат
Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 28 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзёевтиң атына сырт мәмлекетлердиң басшыларынан қызғын қутлықлаўлар келмекте. Оларда мәмлекетимиз басшысына табыслар, Өзбекстан халқына раўажланыў ҳәм абаданлық тилеп, жақсы тилеклер билдирилген.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Уллы Мәртебели Президент!
Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 28 жыллығы мүнәсибети менен Қытай ҳүкимети ҳәм ҳалқы атынан, жеке өзимниң атымнан Сизге ҳәм дос Өзбекстан халқына шын жүректен шыққан қутлықлаўларымды ҳәм ең жақсы тилеклеримди билдириўге рухсат еткейсиз.
Мен Қытай – Өзбекстан қатнасықларын раўажландырыўға үлкен итибар қаратып келмектемен, Сиз бенен арамыздағы нәтийжели исшең ҳәм жеке байланысларды жоқары қәдирлеймен.
Сиз бенен сиясий өз-ара исенимди беккемлеў, еки мәмлекет ҳәм халықлардың абаданлығы ушын Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын үзликсиз ҳәм избе-из раўажландырыўға ерисиў мақсетинде «Бир мәкан, бир жол» жойбарын әмелге асырыў бойынша бирге ислесиўди тереңлестириўге биргеликте ҳәрекет етиўге таярман.
Дос Өзбекстанға раўажланыў ҳәм күш-қүдирет, халқыңызға бахыт-ығбал ҳәм абаданлық тилеймен.
Ҳүрмет пенен,
Си ЦЗИНЬПИН,
Қытай Халық Республикасының Баслығы
* * *
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Уллы Мәртебели Президент!
Миллий байрам – Өзбекстан Республикасының Ғәрезсизлик күни мүнәсибети менен шын жүректен шыққан қутлықлаўларымды қабыл еткейсиз.
Мәмлекетиңиз экономикалық ҳәм социаллық раўажланыў бағдарында оғада үлкен жетискенликлерди қолға киргизди. Өзбекстан ҳақылы түрде жер жүзинде жоқары абырайға ийе болмақта, регионаллық ҳәм халықаралық мәселелерде конструктивлик роль атқармақта.
Мәмлекетлеримиз арасындағы әзелий дәстүрий дослық, өз-ара ҳүрметке тийкарланған қатнасықлар барлық тараўларда избе-из раўажланып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтемен.
Исенимим кәмил, бизлер буннан кейин де халықларымыздың абаданлығын, Орайлық Азия регионында турақлылық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў жолында стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеўде даўам етемиз.
Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, шын жүректен беккем денсаўлық ҳәм табыслар, барлық ўатанласларыңызға абаданлық ҳәм раўажланыў тилеймен.
Ҳүрмет пенен,
Владимир ПУТИН,
Россия Федерациясының Президенти
* * *
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Уллы Мәртебели Президент!
Сизди ҳәм Өзбекстан халқын Америка халқы атынан 1-сентябрь – мәмлекетиңиз ғәрезсизлигиниң 28 жыллығы мүнәсибети менен қутлықлайман.
Сизиң Ақ үйге сапарыңызды еске алып, мәмлекетлеримиз арасында кейинги жылларда беккемленип атырған стратегиялық сөйлесиўлерди жоқары баҳалайтуғынымды атап өтиўди қәлер едим.
Сондай-ақ, Сизиң Өзбекстан халқына хызмет ететуғын және де беккем, ашық-айдын ҳәм жуўапкершиликли шөлкемлер жаратыў арқалы мәмлекет келешегине садықлығыңызды қәдирлеймен.
Сизиң табыслы жетискенликлериңизге шерик болыўдан мақтанамыз.
Сизге ҳәм Өзбекстан халқына келеси жыллар турақлы ҳәм нәтийжели болыўын тилеймен. Және де тығызырақ бирге ислесиўди қызғын күтип қаламан.
Ҳүрмет пенен,
Дональд ТРАМП,
Америка Қурама Штатларының Президенти
* * *
Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги