Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

«Жаслық»тың жабылыўын халықаралық жәмийетшилик қалай қабыл етпекте?

2019-08-19 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёевтиң «Жаслық» 19-санлы қәнигелестирилген колониясын сапластырыў ҳаққындағы қарарына бир қатар мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң оператив мүнәсибети Өзбекстанда тән алынбақта, делинеди, Өзбекстан Сыртқы ислер министрлигиниң хабарында.

Келип түскен мағлыўматларға бола бир қатар халықаралық шөлкемлер, мәмлекетлик структуралар, сиясий шеңберлердиң рәсмий ўәкиллери, ҒХҚ бул ҳүжжеттиң инсан ҳуқықларын қорғаўдағы ҳәм оның қәдир-қымбатын ҳүрмет етиўдеги әҳмийетин атап өтпекте.

АҚШ Мәмлекетлик хаткериниң Қубла ҳәм Орайлық Азия мәселелери бойынша жәрдемшиси ўазыйпасын атқарыўшы Элис Уэллс өзиниң Твиттердеги аккаунтында төмендегилерди жазып қалдырды: «Биз Өзбекстанның жаман ат алған «Жаслық» қамақханасын жабыўды жәриялағанын қоллап-қуўатлаймыз. Өзбекстанда инсан ҳуқықларын жақсылаў ушын алдында еле көп жумыслар турыпты, бирақ усы зулым орайының сапластырылыўы реформалар жолындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады».

АҚШ Департаментиниң Инсан ҳуқықлары, демократия ҳәм мийнет бюросы төмендегише мүнәсибет билдирди: «Биз «Жаслық» қамақханасын жабыў  жәрияланғаны ушын Өзбекстаннан миннетдармыз. Инсан ҳуқықлары жәмийетлери бул ҳаққында дерлик соңғы 20 жылдан берли сорап киятырған еди».

БМШның Өзбекстандағы Координаторы Хелена Фрейзер де Президент Шавкат Мирзиёевтиң қарарын қоллап-қуўатлады: «Бул процесс шеңберинде БМШ инсан ҳуқықлары принциплери ҳәм БМШның жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм әдил судлаў тараўындағы стандартлары ҳәм нормаларын келип шыққан ҳалда Өзбекстанға өзиниң пенитенциар системасын реформалаўда ҳәм қамаққа алыў менен байланыслы болмаған санкциялар ҳәм илажларды қолланыўда буннан кейин көмеклесиўге тайын».

Европа Аўқамының «Жаслық» жазаны өтеў колониясының жабылыўы бойынша протоколында төмендегилер келтирилген: «2017-2021-жылларға мөлшерленген Өзбекстанның бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында көрсетилгениндей, ҳуқықтың әҳмийетлилиги ҳәм инсан ҳуқықларына әмел етилиўи Өзбекстанның экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўын жеделлестириўдиң избе-изликтеги шәрти есапланады. Ҳәм сырт елли ҳәм ишки экономикалық операторлардың алып барылып атырған реформаларға исеними және олардың Өзбекстан экономикасына инвестиция киргизиўге таяр екенлиги дәрежеси усы тараўдағы турақлы өсиўге байлансылы. Европа Аўқамы қатнасықларымызды келешекте жаңа дәрежеге көтеретуғын ўақыяларды қоллап-қуўатлаўға таяр».

Өзбекстан мәмлекетимиз басшысы тәрепинен әмелге асырылып атырған мәмлекетлик турмыстың барлық бағдарларындағы өзгерислердиң тийкарғы бөлеги есапланатуғын инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм тәмийинлеў тараўындағы избе-изликтеги реформалардың халықаралық жәмийетшилик тәрепинен тән алыныўын ҳәм қоллап-қуўатланыўын жоқары баҳалайды ҳәм усы бағдарда ҳалықаралық, ҳүкимет ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер менен бирге ислесиўди даўам еттириўге садық екенлигин тастыйықлайды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться