Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ҚӘЎИПСИЗЛИК КЕҢЕСИНИҢ МӘЖИЛИСИ ӨТКЕРИЛДИ

2019-08-15 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 15-август күни Қәўипсизлик кеңесиниң мәмлекетимиздиң сыртқы сиясий ҳәм сыртқы экономикалық жумысының тийкарғы нәтийжелери менен перспективадағы тийкарғы бағдарларына бағышланған кеңейтилген мәжилиси болып өтти.

Илажда Олий Мажлис палаталары, Президент Администрациясы, Министрлер Кабинети, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Миллий гвардия, Бас прокуратура, сыртқы ислер, инвестициялар ҳәм сыртқы саўда, қорғаныў, ишки ислер министрликлери, МҚХ Шегара әскерлери, Қорғаныў санааты мәмлекетлик комитети, Инсан ҳуқықлары бойынша миллий орайдың басшылары, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери қатнасты.

Мәжилисте мәмлекетимиздиң сырт елли шериклер менен бирге ислесиўиниң әмелий нәтийжелери, глобаллық тенденциялар, сондай-ақ, дүнья жүзинде ҳәм регионда турақлылыққа ҳәм қәўипсизликке қәўип туўдырып атырған заманагөй қәўип-қәтерлер көрип шығылды. Кейинги жылларға мөлшерленген сыртқы сиясий ҳәм сыртқы экономикалық жумыстың тийкарғы ўазыйпалары белгилеп алынды.

Өзбекстан тәрепинен әмелге асырылып атырған ашық-айдынлық ҳәм исеним сиясаты себепли Орайлық Азияда жақсы қоңсышылық және өз-ара түсинисиўге тийкарланған пүткиллей жаңа сиясий орталық қәлиплескени атап өтилди. Регионның барлық мәмлекетлери менен стратегиялық шериклик байланыслары жолға қойылды.

Буннан тысқары, жоқары дәрежедеги илажлардың нәтийжесинде дәстүрге айланған дослық қатнасықлары орнатылған мәмлекетлер, соның ишинде, Россия, Қытай, АҚШ, Қубла Корея, Түркия, Германия, Франция, Азия континенти мәмлекетлери менен бирге ислесиў салмақлы дәрежеде беккемленди.

Тийкарғы сыртқы экономикалық бирге ислесиўлер менен өз-ара саўда көлеми турақлы артып атырғаны, Орайлық Азияда кооперация жойбарлары табыслы әмелге асырылып атырғаны, аймақлараралық бирге ислесиў жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўларда ерисилген келисимлердиң өз ўақтында және сапалы әмелге асырылыўы үстинен, соның ишинде, парламент тәрепинен қатаң қадағалаўды тәмийинлеў зәрүрлиги атап өтилди.

Өзбекстанның БМШ, ШБШ, ҒМДА, ИБШ сыяқлы абырайлы халықаралық шөлкемлердиң жумысындағы қатнасыўына айрықша итибар қаратылып, усы структуралар шеңберинде мәмлекетимиздиң басламаларын алға қойыўға байланыслы ўазыйпалар белгиленди.

Мәжилисте усы ўақытқа шекем әмелге асырылған жумыслар сын көзқарастан баҳаланды ҳәм жуўапкер министрликлер және уйымлардың басшыларына бирге ислесиўши мәмлекетлер менен өз-ара пайдалы сөйлесиўди жолға қойыўды даўам еттириў, сондай-ақ, еки ҳәм көп тәреплеме байланыслар шеңберинде миллий мәплерди тәмийинлеў бойынша анық тапсырмалар берилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться