Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Бас министр «үстирт шеберлери» менен ушырасты

2019-07-19 | Жәмийет

Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов 17-июль күни Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң тапсырмасына бола «Бейнеў – Ақжигит – Өзбекстан шегарасы» автомагистралының салтанатлы ашылыў мәресимине қатнасыў мақсетинде Қоңырат районында болды.  Районның арқасындағы «Қарақалпақстан» посёлкасы пуқаралар жыйынына да сапар шөлкемлестирип, бул жердеги ҳаял-қызларға жаратылған шараятлар менен танысты.

Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев жақында Олий Мажлис Сенатының жигирмаланшы жалпы мәжилисинде шығып сөйлеген сөзинде, ҳәзирги глобалласыў дәўиринде ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, нызамлы мәплерин қорғаў, олардың социаллық-экономикалық ҳәм сиясий-ҳуқықый белсендилигин арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өткен еди. Бас министр Президентимиздиң усы шығып сөйлеген сөзинде атап өтилген машқалаларды шешиў бойынша республикамыздың ең шетки аймағында қандай илажлар әмелге асырылып атырғаны менен қызықты.

А.Арипов посёлкадағы «Үстирт шеберлери» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болып, ол жерде ислеп атырған ҳаял-қызлар менен ушырасты. Ушырасыў даўамында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Республика Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ибрагимова ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды жумыс пенен тәмийинлеў, ҳаял-қызлар менен мақсетли жумысларды шөлкемлестириў, шаңарақларда руўхый-әдеп-икрамлылық орталығын беккемлеўге тосқынлық етип атырған машқала және кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде бир қатар жумыслар әмелге асырылып атырғанын атап өтти.

Усы жылдың июль айы басларында жумыс баслаған «Үстирт шеберлери» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде бүгинги күнде 50 ҳаял-қыз жумыс пенен бәнт етилген. Президентимиздиң басламасы менен турмысқа енгизилип атырған система-«Абат аўыл» бағдарламасы шеңберинде «Қарақалпақстан» посёлкасы пуқаралар жыйынындағы бул кәрхана қайта иске түсирилди. Бүгинги күнде «Өзтрансгаз» АЖ Қарақалпақстангаз филиалының районлық бөлими менен 300 миллион долларлық өним жеткерип бериў ҳаққында шәртнама дүзилген. Буннан тысқары усы аймақта жасайтуғын халықтың талабынан келип шыққан ҳәм ишки базарды үйренген ҳалда, күнделикли турмыста қолланылатуғын көрпе-төсек ҳәм көпшик тыслары, кийим-кеншеклер де тигип шығарылмақта. Келешекте «Үстирт шеберлери» ЖШЖ баслығы Г.Базарбаева өндиристи кеңейтип, және 30 ға шамалас ҳаял-қызды, соның ишинде, кәсип-өнер колледжи питкериўшилерин турақлы жумыс пенен тәмийинлемекши. Сондай-ақ, қоңсы Қазақстан Республикасының ең жақын аймағы Бейнеў районына таяр өнимлерди экспорт етиў нийетинде.  Ал, «Бейнеў – Ақжигит – Өзбекстан шегарасы» автомагистралының ашылыўы болса, исбилерменлер ушын жаңа имканиятлар есигин ашпақта.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться