Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ҚЫЛЫШЛАСЫЎ: Бүгин қызларымыз беллесиўге түседи – мексикалы қыз да беллесиў өткереди

2019-07-17 | Спорт

Бүгин Венгрияның Будапешт қаласында қылышласыў бойынша Жәҳән чемпионатының таңлап алыў беллесиўлериниң соңғы күн ушырасыўлары өткерилип, олардан ер адамлар рапира, ҳаял-қызлар болса сабля бағдарында беллесиўлерге кириседи.

Сабляда өтетуғын беллесиўлерде мәмлекетимиздиң абырайын 4 спортшымыз қорғайды.

Беллесиўлерде төмендеги спортшыларымыз плей-офф жолланбасы ушын гүрес алып барады: Яна Обинцева, Паола Плиего, Севинч Исмоилова, Зайнаб Дайибекова.

Алдынғы күнниң беллесиўлерине бола, шпагашыларымыздан Олег Соколов ҳәм Малика Ҳакимова, рапирада Яна Алборова плей-офф басқыш жолланбасын қолға киргизген еди.

 

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться