Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Аўыл хожалығы машина қурылысын раўажландырыў – жоқары өнимдарлық ҳәм дәрамат гиреўи

2019-07-12 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 12-июль күни Ташкент аўыл хожалығы техникасы заводына барып, ол жерде әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлар менен  танысты.

Аўыл хожалығында техника паркин беккемлемей турып сапа ҳәм нәтийжелиликке ерисип болмайды. Мәмлекетимизде жыллар даўамында түрли аўыл хожалығы техникасын ислеп шығарыў ҳәм терең  локализациялаўға жетерли итибар берилмегенлиги ақыбетинде техника паркиниң жыллық жаңаланыў дәрежеси 2-3 проценттен аспайтуғын еди.

Бизге белгили, Ташкент аўыл хожалығы техникасы заводы (бурынғы Ташкент трактор заводы) да күшли экономикалық бәсекиге, заманагөй базар талапларына шыдам бере алмай қалған еди. Ақыбетте бир ўақытлары гүркиреп ислеген кәрхананың имараты ҳәм линиялары қараўсызлықтан гөнерип баратырған еди.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен 2016-2017-жылларда кәрханада бәсекиге шыдамлылықты тәмийинлеў, тиркеме ҳәм пахта териў машиналарын таярлаўды жаңа сапа дәрежесине көтериў мақсетинде өндирис линияларын модернизациялаў ҳәм технологиялық жақтан қайта үскенелеў бойынша инвестициялық жойбар әмелге асырылды. Оның биринши басқышында қара ҳәм реңли металларды кепсерлеў, қайта ислеў, штамплаў, трактор кабиналарын соғыў ҳәм басқа да түрдеги аўысық бөлеклерди ислеп шығарыў, бояў линиялары иске түсирилди.

Дүньядағы алдынғы тәжирийбени үйрениў ҳәм күшли бәсекиге шыдамлы заманагөй техника қуралларын ислеп шығарыў ушын АҚШ, Қубла Корея ҳәм Беларусь Республикасының аўыл хожалығы машина қурылысына қәнигелескен жетекши компаниялары менен бирге ислесиў жолға қойылды.

Аўыл хожалығы машина қурылысын раўажландырыў арқалы экономиканың турақлылығын тәмийинлеў ушын тараўдағы реформаларға жаңа пәт бағышлаў, тармақта рентабельликти арттырыў талап етиледи. Усы жағынан мәмлекетимиз басшысының бул сапар етиўи заводқа үлкен өзгерислерди алып келеди. Кәрхана негизинде жаңа заводлар иске түсирилип, шын мәнисинде аўыл хожалығы машина қурылысы санааты қурылады.

Соның ишинде, локализация дәрежесин арттырып, импортты қысқартыў мақсетинде бул жерде 5 кәрхана шөлкемлестириў режелестирилген. Олардан бири улыўма баҳасы 42 миллион доллар болған металл қуйыў кәрханасы болып есапланады. Заводтың 3 гектарлық бос турған имаратында шөлкемлестирилетуғын кәрханада жылына 47 мың тонна халықаралық стандартларға жуўап беретуғын, жоқары анықлықтағы металл бөлеклери қуйылады.

Мәмлекетимиз басшысы усы кәрхана ушын мөлшерленген имаратты кирип көрди.

Машина қурылысы кәрханалары ушын металл қуйыў қуўатлылығы – ең әҳмийетли мәселе. Олсыз локализациялаў, өним түрлерин көбейтиў ҳәм өзине түсер баҳаны азайтыўға ерисип болмайды. Бул кәрханаларды иске түсирсек, техникаларымыз бәсекиге шыдамлы болады, фермерлеримизге қолайлы баҳадағы өнимлер жеткерип бериледи, деди Шавкат Мирзиёев.

Улыўма баҳасы 24 миллион доллар болған және 4 жойбар трансмиссия валлары, дөңгелек дисклери, кабиналар ҳәм беккемлеўши темир буйымларды ислеп шығарыўды өзлестириўге қаратылған. Бул жойбарларды иске түсириў нәтийжесинде  тараўда локализациялаў дәрежеси 60 процентке жеткериледи, өнимниң өзине түсер баҳасы 32 процентке ҳәм импорт жылына 116 миллион долларға азаяды.

Сондай-ақ, бул жаңа қуўатлықлар тек ғана «Өзагротехсанаатхолдинг»  кәрханалары ушын емес, ал «Өзавтосанаат» системасында ислеп шығарылып атырған автомобильлер, жүк машиналары ҳәм автобуслар ушын да комплектлеўши бөлеклерди кооперация тийкарында жеткерип бериўди тәмийинлейди.

Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге усы жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестирип, келеси жылы иске түсириў зәрүр екенлигин атап өтти.

Шавкат Мирзиёев трактор жыйнаў ҳәм кепсерлеў цехларын, «Uz Clааs Аgro» Өзбекстан – Германия қоспа кәрханасындағы өндирис процесин көзден өткерди.

«Uz Clааs Аgro» қоспа кәрханасында 4 өндирис қуўатлылығы болып, олар Германияның «Clааs Central Asia Investment» компаниясы менен биргеликте шөлкемлестирилген. Бул жерде ислеп шығарылып атырған «Dominator 130» комбайны, «Arion 630» сүрим тракторы ҳәм тиркемелер усындай маркадағы техника қуралларына қарағанда өнимдарлығы менен ажыралып турады. Барлық түрдеги техника қураллары зәрүрли сертификатларға ийе, халықаралық стандартларға сай.

Президентимизге қоспа кәрхана тәрепинен әмелге асырылып атырған жойбарлар, өним түрлери ҳәм кәрхананы раўаажландырыў перспективалары ҳаққында мағлыўмат берилди. Мәмлекетимиз басшысы локализация дәрежесин арттырыў, жаңа бөлеклер ҳәм өнимлерди ислеп шығарыўды өзлестириў бойынша көрсетпелер берди.

Президентимиз Ташкент аўыл хожалығы техникасы заводында аграр тараўының машина қурылысын раўажландырыў бойынша мәжилис өткерди.

Тармақта базар механизмлери енгизилип атырғаны, ғәлле ҳәм пахтаны сатып алыў баҳасының арттырылғаны, мийўе-овощлардың экспорты кеңейип атырғаны нәтийжесинде дийқан ҳәм фермерлеримиздиң дәраматлары избе-из артып бармақта. Енди олар жаңа техникаларды алып, жумыс нәтийжелилигин ҳәм өнимлердиң сапасын арттырыўға ҳәрекет етпекте.

2018-жылда фермерлерге 11,5 мың техника жеткерип берилген. Өткен жылы 10 миллион доллар, усы жылдың биринши ярымында болса 15 миллион долларлық аўыл хожалығы техникасы экспорт етилген.

Бирақ бул бар потенциалға ҳәм талапқа қарағанда оғада аз. Бүгинги күнде аўыл хожалығында жылына 11 мыңнан аслам техникаға, соның ишинде, 4 мың трактор, 500 комбайн ҳәм 5 мыңнан аслам аспа-тиркеме техникаға талап бар. Буннан тысқары, 2022-жылға шекем 263 мың гектар, 2025-жылға шекем және 1 миллион гектардан аслам жерлер қайта пайдаланыўға киргизилиўине байланыслы бул талап және де артады.

Ҳәзирги күнде бар техникалардың 46 проценти көп ўақыттан берли пайдаланыўда болып, жарамсыз жағдайға келип қалған. Фермерлердеги техниканың 97 проценти пахта ҳәм ғәлле ушын мөлшерленген.

Мәжилисте аўыл хожалығы техникасын ислеп шығарыўды раўажландырыў, өним ҳәм хызметлердиң түрлерин кеңейтиў мәселелери додаланды.

Быйыл 1-октябрьден баслап экономиканың барлық тараўлары қатарында бул тараўда да салық жеңилликлериниң бийкар етилип атырғаны тармақ кәрханаларынан және де белсене ислеўди талап етилетуғыны атап өтилди.

Бәринен бурын базарға қолайлы техникаларды ислеп шығарыў, өзине түсер баҳаны азайтыў, локализациялаўды тереңлестириў кәрханалардың  алдында турған ең әҳмийетли ўазыйпалар болыўы керек екенлиги атап өтилди.

Кабина, басқарыў системасы, дөнгелек, пәт бериўши, аспа системалар сыяқлы тийкарғы бөлеклерди локализациялаў дәрежесин 32 проценттен 56 процентке жеткерип, өзине түсер баҳаны 30 процентке шекем арзанлатыў, сондай-ақ, жергиликли кәрханалар арасында кооперацияны жолға қойыў арқалы жыллық импортты 20 миллион долларға қысқартыў мүмкинлиги көрсетип өтилди.

Фермерлерди аўыл хожалығы техникасы менен тәмийинлеўдиң турақлы финанслық механизмлерин жаратыў, техникаларға сервис ҳәм оңлаў хызметин көрсетиў, аўысық бөлеклерди жеткерип бериўди жақсылаў бойынша тапсырмалар берилди.

Аўыл хожалығы техникасын сертификатлаў системасын жетилистириў, таяр өнимлер менен бирге хызметлердиң экспортын да кеңейтиў ўазыйпасы қойылды. Заманагөй техникаларды ислеп шығарыўшы ҳәм оларға хызмет көрсетиўши жоқары маманлыққа ийе қәнигелерди таярлаў мәселесине де айрықша итибар қаратылды.

Бизге бәсекиге шыдамлы техника керек, қосымша қун зәрүр. Система кәрханаларында мыңлаған адамлар ислеўи керек. Бүгин белгиленген мақсетлерди ким әмелге асырады? Қәниге. Не әмелге асырады? Ақыл, билим, мийнет, деди Президентимиз.

Мәжилисте белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў режелери бойынша жуўапкерлер мәлимлеме берди.

Матназар Элмуродов

Поделиться