Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Геология тараўын халықаралық стандартлар тийкарында раўажландырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди
2019-07-01 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 1-июль күни геологиятараўын буннан былайда раўажландырыў, геологиялық излеў ҳәм қазып алыўдыкеңе
Мәмлекетимизде санаатластырыў мүмкин болған 73 түрдеги пайдалы қазылма резервине ийе 2 мыңнан аслам кән бар. Соннан 437 кән өзлестирилмеген. Жаңа перспективалы кәнлерди үйрениў жетерли дәрежеде емес. Излеў жумысларына қаратылып атырған техникалардың 70 проценти гөнерген.
Тараўға инвестицияларды тартып, қайта ислеўди жолға қойыў жумыслары да төмен дәрежеде екенлиги атап өтилди. Бүгинги күнде 111 перспективалы кәнниң тек қана 14 нде тиккелей сырт ел инвестицияларының қатнасыўында 39 миллион долларлық 6 жойбар әмелге асырылмақта.
Мәжилисте геологиялық-излеў ҳәм қазып алыў жумыслары ушын белгиленген салық ставкаларын оптималластырыў, бюджет қаржыларының нәтийжелилигин арттырыў, тармаққа жеке меншик инвестицияларды кеңнен тартыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Геологиялық-излеў жумысларын қаржыландырыў системасын реформалаў, сырт елли экспертлерди тартыў, ең алдыңғы тәжирийбени әмелиятқа енгизиў зәрүрлиги атап өтилди. 2020-2021-жылларға мөлшерленген пүткиллей жаңа форматтағы излеў жумысларының бағдарламасын қәлиплестириў, тараўдың материаллық-техникалық базасын жаңалаў бойынша тапсырмалар берилди.
Минерал шийки зат базасын халықаралық стандартлар тийкарында баҳалаў, соның ишинде, кәнлердиң резервлерин JORC кодекси талаплары тийкарында есаплаў ҳәм мағлыўматлардың жәриялығын тәмийинлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитетине жаңа инвестициялық жойбарлар портфелин қәлиплестириў және оларды өз веб-сайтларына жайластырыў, сырт елде бизнес илажлар ҳәм роуд-шоуларды шөлкемлестириў арқалы потенциаллы инвесторларды тартыў ўазыйпасы қойылды.
Волфьрам, графит сыяқлы талап жоқары шийки затлар бойынша инвестиция тартып, ең кеминде 20 жойбарды әмелге асырыў бойынша тапсырма берилди.
Тараўдағы бүгинги жағдай ҳәм мәжилисте қойылған ўазыйпалар бойынша жуўапкерлердиң мәлимлемеси тыңланды
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги