Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
«МАРД ЎҒЛОН» МӘМЛЕКЕТЛИК СЫЙЛЫҒЫ МЕНЕН СЫЙЛЫҚЛАЎ ҲАҚҚЫНДА
2019-07-01 | Ҳүжжетлер
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларда белсендилик көрсетип, өзиниң билим ҳәм қәбилети, умтылыўшаңлығы ҳәм интакерлиги, ҳадал ҳәм жемисли мийнети менен Ўатанымыздың раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырған, руўхыйлығы жоқары, еркин пикирлейтуғын, исенимли турмыслық позицияға, кең көзқарасқа ҳәм жоқары потенциалға ийе, елимиздиң раўажланыўы ушын жуўапкершиликти өз мойнына ала алатуғындай пидайы ҳәм мәрт перзентлеримизди мүнәсип хошаметлеў мақсетинде және Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 5-июлдеги «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы жумысын қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы ПП-5106-санлы Пәрманы ҳәм 2017-жыл 21-ноябрьдеги «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3402-санлы қарарына тийкарланып:
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 28-июнь
* * *
Өзбекстан Республикасы Президентиниң
2019-жыл 28-июндеги ПҚ-4367-санлы қарарына қосымша
«Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланғанлар
ДИЗИМИ
Қарақалпақстан Республикасы бойынша:
Машарипов Элёр Шамурат улы – Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясының әскерий бөлим топарының үлкен офицери
Раджапов Алишер Мухадинович – Нөкис спорт колледжиниң 3-басқыш оқыўшысы