Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Шанхай Бирге Ислесиў Шөлкеми Мәмлекет Басшылары Кеңеси Мәжилисиндеги Шығып сөйлеген сөзи

2019-06-15 | ШБШ

(Бишкек қаласы, Қырғызстан Республикасы, 2019-жыл 14-июнь)

Қәдирли Сооронбай Шарипович!

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Қырғызстан Республикасы Президенти Сооронбай Шарипович Жээнбековқа және бир мәрте шын жүректен қабыл еткени ушын миннетдаршылық билдирмекшимен.

Заманагөй халықаралық қатнасықлар түпкиликли өзгерислер дәўирин басынан өткермекте.

Бир жағынан, дүньяда жаңа мәлимлеме-технология принциплери қәлиплеспекте

Илимий-техникалық раўажланыў инновациялық раўажланыў ушын бийбаҳа имканиятлар жаратып бермекте.

Басқа жағынан, ири мәмлекетлер арасындағы мәплер гүреси күшейип, дүнья базарында бәсеки кескинлеспекте. Демографиялық ҳәм экологиялық тең салмақсызлық күшейип, азық-аўқат ҳәм суў қәўипсизлиги менен байланыслы машқалалар әҳмийетли орын ийелемекте.

Булардың барлығы терроризм, экстремизм, наркотрафик, трансшегаралық шөлкемлескен жынаятшылық ҳәм қураллы келиспеўшиликлер шараятында жүзеге келмекте.

Бүгинги күнде биз ушын:

– қәўипсизликти тәмийинлеўде келисилген сиясатты жүргизиў;

– мәмлекетлеримиздиң турақлы раўажланыўы ҳәм жетилисиўи ушын қолайлы шараятлар қәлиплестириў әҳмийетли.

ШБШның роли менен абырайын және де беккемлеў бизиң «Шанхай руўхы» ҳәм шөлкемниң принциплери және қәдириятларына қаншелли әмел етиўимизге байланыслы болады.

Жақында Пекинде «Бир мәкан, бир жол» форумы табыслы өткерилди. Ертең Душанбеде Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңестиң саммити болып өтеди.

ШБШ менен бир қатарда бул сөйлесиў майданлары бәршемиз ушын улыўма шериклик мәканын қәлиплестиреди.

Бул регионымызда заманагөй раўажланыўдың ең әҳмийетли мәселелери бойынша көзқарасларды бейимлестириўге хызмет етеди.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Бизиң пикиримизше, Орайлық Азия буннан соң да ШБШның тийкарғы бағдарларынан бири болып қалыўы зәрүр.

Бүгинги күнде регионымыз турақлы, исенимли ҳәм экономикалық жақтан беккем болып бармақта.

Бул кең көлемли бирге ислесиў, әҳмийетли регионаллық жойбарларды алға қойыў ушын қолайлы шараят ҳәм бийбаҳа имканиятлар жаратады.

Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан темир жолы қурылысы усылар қатарына киреди. Бул өз-ара саўданы раўажландырыў ҳәм мәмлекетлеримизге инвестициялар ағымын арттырыўға күшли түртки беретуғынына гүман жоқ.

Соның менен бирге, регионның турақлылығы көп жағынан Аўғанстандағы жағдай менен белгиленеди. Өзбекстан аўған машқаласын тыныш жол менен шешиў процесин толық қоллап-қуўатлайды.

Бүгин қабыл етилип атырған «ШБШ-Аўғанстан» Сөйлесиў топарының ҳәрекетлерине байланыслы «Жол картасы»н, сондай-ақ, усы елдиң тийкарғы инфраструктура жойбарларын алға қойыў арқалы регионаллық бирге ислесиўге  тартыў үлкен әҳмийетке ийе.

Сондай-ақ биз глобалласып атырған ҳәм миллионлаған инсанлардың өмирине, Орайлық Азия мәмлекетлерине экологиялық абаданлығы ҳәм экономикалық раўажланыўына унамсыз тәсир етип атырған Арал апатшылығы ақыбетлерин сапластырыў ушын ис-ҳәрекетлерди бирлестириў тәрепдарымыз.

Бул машқаланы шешиў ушын Бирлескен Миллетлер Шөлкеми қәўендерлигиндеги Аралбойы регионы ушын көп шериклик Траст фонды шөлкемлестирилди.

Бул жерде Экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағын жаратыў бойынша тығыз бирге ислесиў нийетиндемиз.

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

ШБШ шеңбериндеги әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге байланыслы усынысларым менен ортақласпақшыман.

Биринши. Бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша төмендеги әҳмийетли ҳүжжетлерди ислеп шығыўды усыныс етемиз:

– Өз-ара байланыслар, нәтийжели экономикалық ҳәм транспорт жолларын раўажландырыў бойынша ШБШ Бирге ислесиў стратегиясы;

– «Ақыллы» аўыл хожалығы ҳәм агроинновацияларды енгизиў тараўында өз-ара бирге  ислесиў концепциясы.

Екинши. Мәмлекетлеримизде заманагөй ресурс үнемлеўши ҳәм экологиялық таза технологияларды кеңнен енгизиў мақсетинде ШБШның «Жасыл белбеў» бағдарламасын қабыл етиў үлкен әҳмийетке ийе, деп есаплаймыз.

Үшинши. Мәлимлеме технологияларының раўажланыўына жуўапкер уйымлар басшыларының турақлы ушырасыўлары механизмин енгизиў, сондай-ақ, кибер қәўипсизлик мәселелери бойынша өз-ара бирге ислесиў бағдарламасын ислеп шығыўды усыныс етемиз.

Төртинши. Мәмлекетлеримиздиң исбилермен топарлары арасындағы байланысларды жеделлестириў мақсетинде ШБШның Экономикалық форумын турақлы өткериў тәрепдарымыз. Биринши форумды Самарқанд қаласында өткериўге таярмыз.

Бесинши. ШБШ шеңберинде парламентлераралық диалогты тиклеўге байланыслы басламаларды қоллап-қуўатлаймыз. Бул жаңа механизм Шөлкемниң имканиятларын кеңейтип, жумысымызға парламентарийлер, сиясий партиялар ҳәм пуқаралық жәмийети институтларын тартыў имканиятын береди.

Алтыншы. ШБШ қала ҳәм регионларының тарийхый-мәдений мийрасын ғалаба ен жайдырыў ҳәм туристлик потенциалын және де толық көрсетиў әҳмийетли, деп есаплаймыз.

Және бир жақсы дәстүрге тийкар салыўды усыныс етемиз: ҳәр жылы Шөлкемге басшылық ететуғын мәмлекеттеги қалалардан бирин ШБШ туристлик ҳәм мәдений пайтахты деп жәриялаў.

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Және бир мәрте қәдирдан Сооронбай Шариповичке миймандослық ҳәм Саммитти жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын миннетдаршылық билдиремен.

Ҳүрметли Владимир Вдадимировичке Шанхай бирге ислесиў шөлкемине басшылық етиўде шын жүректен табыслар тилеймен.

Итибарыңыз ушын рахмет!

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться