Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

РЕФОРМАЛАРДЫҢ ТИЙКАРҒЫ МАҚСЕТИ – ХАЛЫҚТЫ РАЗЫ ЕТИЎ, ТУРМЫС АБАДАНЛЫҒЫН АРТТЫРЫЎ

2019-06-03 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 1-июнь күни Ташкент ўәлаятында әмелге асырылып атырған реформалар, ири жойбарлар ҳәм дөретиўшилик жумыслар менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Ангрен қаласына барды.

Президентимиздиң алдынғы сапар етиўи ўақтында белгилеп берилген ўазыйпалар тийкарында Ангренде үлкен қурылыс жумыслары әмелге асырылды. «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийети тәрепинен Ангрен темир жол вокзалы қурылды.

Ангрен – транспорт коммуникациялары жағынан әҳмийетли стратегиялық қала. Ташкентти Ферғана алабы менен байланыстыратуғын темир жол қурылғаннан кейин оның әҳмийети және де артты. Бирақ вокзалдың жоқлығы себепли жолаўшылар узақ станцияларға барыўға мәжбүр болатуғын еди. Жаңа вокзал қала халқы ҳәм туристлер ушын үлкен қолайлық жаратады.

Вокзалда бир ўақыттың өзинде 100 жолаўшыға хызмет көрсетиў имканияты бар. Күтиў залы, ана ҳәм бала бөлмеси, медициналық пункт, аўқатланыў ҳәм саўда шақапшаларында барлық шараят жаратылған.

Мәмлекетимиз басшысы жаңа  вокзал  менен танысты.

Усы жерде ўәлаятта туризм, энергетика, химия, металлургия тараўларындағы перспективалы жойбарларды таныстырыў болып өтти.

Ташкент ўәлаяты туризм тараўында үлкен потенциалға ийе. Ўәлаятта 930 туристлик объект, 10 мың 185 орынлық 155 мийманхана ҳәм дем алыў орны бар. Өткен жылы ўәлаятқа 1 миллион 368 мың турист келген. Бул алдынғы жылларға салыстырғанда 3 есеге көп.

2018-жылы ўәлаятта  12 мийманхана ҳәм дем алыў орны, 7 спорт-саўалландырыў комплекси, 5 тематикалық парк жаратылды. Туризм потенциалы ҳәм инфраструктурасын буннан былай да раўажландырыў мақсетинде быйыл нырқы 432,9 миллиарды сум болған 50 жойбарды әмелге асырыў режелестирилген.

Шавкат Мирзиёев «Чорвоқ» еркин туристлик зонасында халықаралық дем алыў орынлары, Белдирсой, Чимган ҳәм Нанай аймақларында Франция компанияларының консорциумы қатнасыўында таў-шаңғы курортын қурыў жойбарларына айрықша әҳмийет қаратты. Ҳәзирги ўақытта бул инвестициялық жойбарды әмелге асырыў жумыслары басланған.

Ўәлаяттың сулыў көшелери ҳәм шыпалы өсимликлер дүньясынан нәтийжели пайдаланып, дәстүрий емес медицина орынлары, санаториялар ҳәм спа саўалландырыў орайлары шөлкемлестириледи. Бул жаңа туристлик бағдарлар, сондай-ақ, электропоезда шөлкемлестирилетуғын бир күнлик саяхат маршрутлары келешкте ўәлаятты туристлер ушын региондағы ең белгили аймаққа айландырады.

Ташкент ўәлаятының рекрациялық имканиятларынан кеңнен пайдаланыў мақсетинде тоғай фонды жерлери ҳәм туризм потенциалы жоқары аймақларда тәбийғый орталыққа ҳәм ҳайўанат дүньясына зыян тийгизбеген ҳалда раўажланған мәмлекетлердегидей туризм объектлерин жаратыў, экотуризм ҳәм туризмниң басқа да түрлдерин кеңнен раўажландырыў нәзерде тутылған.

Ўәлаят еки жыл даўамында туристлерди қабыл етиў имканиятына ийе. Зангиота зыярат орны, Чиноз балықлары, Бўканың мазалы тағамлары, Охангарон районындағы археологиялық естеликлер, Паркент ҳәм Ангренниң экстремал таў аймақлары, Бостанлық районының бийтәкирар тәбияты зыярат, гастрономиялық, агро, эко, экстримал туризмди жолға қойыў имканиятын береди. Бул имканиятлардан пайдаланып, ўәлаятта төрт мәўсимде туристлердиң дем алыўына мөлшерленген «алтын айланба» туристлик бағдарын шөлкемлестириў режелестирилген. Бул туристлик бағдары мийманларды ўәлаяттың бийтәкирар имканиятлары менен таныстырыў ҳәм дем алыўында үлкен қолайлық жаратады.

Президентимиз жойбарлардың экономикалық нәтийжелилигине итибар қаратты. Ири инвестициялық жойбарларды буннан былай да кеңейтиў, ўәлаяттың туристлик потенциалын үгит-нәсиятлаў бойынша тапсырмалар берди.

Президент Ангрен қаласындағы 2-санлы ишки ислер бөлимин барып көрди.

Бөлим ушын жаңа имарат қурылған. Оператив нәўбетшилик бөлими ҳәм хызмет бөлмелери заманагөй технологиялар менен үскенеленген. Профилактика, тергеў, жынаят-излеў бөлимлери, паспорт хызмети, психолог жумысы жолға қойылды.

Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 29-майдағы қарарына муўапық Ташкент ўәлаятында ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўында ишки ислер уйымларының күш ҳәм қуралларын басқарыўдың сапа жағынан жаңа системасы енгизилмекте. Усы эксперимент шеңберинде ўәлаят, район ҳәм қала дәрежесиндеги структураларды оптималластырып, хызметкерлердиң 86 процентин төменги буўынға түсириў белгиленген. Ангрен қаласында да бул бойынша жумыслар баслап жиберилген.

Жынаятшылық тоқтатылса, халқымыз тыныш, мәмлекеттен разы болады. Бул ушын барлық ҳуқық қорғаў уйымлары және де аўызбиршиликли түрде жумыс ислеўи, халыққа жақын болыўы керек. Сонда ҳуқықбузарлықлардың алды алынып, жынаятқа орын қалмайды, – деди Президент.

Ишки ислер, Миллий гвардия, прокуратура, суд ҳәм басқа да уйымлардың бирге ислесиўин күшейтиў, бөлимлердиң оперативлилигин арттырыў ҳәм максимал дәрежедеги ҳәрекетшеңлигин тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берилди.

Шавкат Мирзиёев Охангарон қалалық Мәмлекетлик хызметлер орайының жаңа имараты менен танысты.

Қалада 37 мыңнан аслам халық жасайды. 2018-жыл даўамында орай тәрепинен жәми 7382 хызмет көрсетилген болса, бул көрсеткиш 2019-жылдың биринши шерегинде 6 мыңнан асламды қурады. Бул халқымызда мәмлекетлик хызметлерге зәрүрлик ҳәм талап күннен-күнге артып, жаңаша  қатнас жасаўдың пайдалы тәреплери әмелде өз көринисин таўып атырғанынан дәрек береди.

Орайда физикалық ҳәм юридикалық шахсларға көрсетилетуғын хызметлердиң түри 100 ден асты. Бул жерде ески айдаўшылық гүўалығын жаңасына алмастырыў мүмкин, натариус, қамсызландырыў, кадастр, ПҲАЖ ҳәм басқа да хызметлер бар.

Қарыйдарларға қолайлылық жаратыў мақсетинде имаратта балалар майданшасы, медицина бөлмеси, китапхана, асхана, инвесторлар ушын арнаўлы бөлмелер ҳәм бийпул Wi-Fi байланысы шөлкемлестирилген.

Мәмлекетимиз басшысының 2019-жыл 14-майдағы «Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына тийкарланып бул орайда Бас министр қабыллаўханасының жумысы жолға қойылды.

Президентимиз халық көп мүрәжат етип атырған мәселелерди үйренип, оған тийисли шараятларды жақсылаў, талап етилетуғын ҳүжжетлерди азайтып барыў зәрүрлигин атап өтти. Мәмлекетлик хызметлер орайы системасынан пайдаланған ҳалда мәҳәлле уйымларында да ҳүжжетлер менен ислесиўди жетилистириў бойынша усыныслар берилди.

Шавкат Мирзиёев Охангарон қаласындағы «Қалдирғоч» мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине барды.

Нўғойқўрғон мәҳәллесиндеги бул бақша 160 орынға мөлшерленген. Ол жақында пайдаланыўға тапсырылған. Мәкемеде 4 тийкарғы ҳәм 3 қысқа мүддетли топарлар жумыс алып барады. Жазғы әйўан, шомылыў бассейни, футбол майданшасы, спорт ҳәм музыка заллары бар. Бул жерде 32 педагог ҳәм тәрбияшы мийнет етеди.

Мектепке шекемги билимлендириўге итибарды буннан былай да күшейтиўимиз керек. Балалар әйне бақша жасында ҳәмме нәрсени тез ҳәм аңсат өзлестиреди, бир өмирге еслеп қалады. Халқымыздың «Болар бала – басынан», деген нақылында терең мәни бар. Сол ушын бул система менен байланыслы мәселелер турақлы итибарымызда булыўы керек, деди Президент.

Охангарон районы халқының саны 94 мыңнан аслам адамды қурайды. Олар ушын мүнәсип шараят жаратыў, бәнтлигин тәмийинлеў күн тәртибиндеги тийкарғы ҳәм турақлы мәселелерден. Атап айтқанда, районда жаңа өндирис кәрханалары пайдаланыўға тапсырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысының сапар етиўи алдынан районда «Building innovation» кәрханасы қурып питкерилди. Бул жерде бир неше түрдеги әпиўайы пискен гербиш, керамика блок сыяқлы өнимлер ислеп шығарылады. Нырқы 36,1 миллион доллар болған кәрханаға Германия, Австрия, Греция, Испания, Япониядан заманагөй үскенелер алып келинген. Ол жылына 112 миллион данадан аслам түрли өлшемдеги пардозға қолайлы гербиш ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Экспорт көлеми 3 миллион долларды қурайды.

Кәрхана өним ислеп шығарыў көлеми ҳәм сапасы бойынша Орайлық Азияда жетекши есапланады. Және бир тәрепи – техника ҳәм үскенелер энергия үнемлеўши болып, 10-15 процент кемирек күш жумсалады. Шийки зат районның өзинен алынады. Сол ушын өзине түсер баҳасы арзанлаў.

Қәнигелердиң айтыўынша ислеп шығарылып атырған пардозға қолайлы гербишлер узақ жыллар өз реңин сақлап турады. Бул өнимлерден пайдаланыў қала ҳәм аўылларымыздың келбетин және де шырайлыландырыўға хызмет етеди. Кейинги басқышта керамикалық блоклар, панельлер ислеп шығарыўды жолға қойыў режелестирилмекте.

Президентимиз кәрханадағы жумыс процеси менен танысты, жумысшылар менен сәўбетлести. Өнимниң түрин көбейтиў бойынша усыныслар берди.

Усы жерде Ташкент ўәлаятын социаллық раўажландырыў бағдарламасы, инфраструктураны жақсылаў, 2019-2022-жылларда тоқымашалық ҳәм тигиў-трикотаж санаатын раўажландырыў, тери, аяқ кийим ҳәм жүнди қайта ислеў, «Охангаронцемент» АЖ тәрепинен цемент ислеп шығарыўға байланыслы бир қатар жойбарлар усынылды.

Мәлим етилгениндей, Россияның «Евроцемент груп» компаниясы менен биргеликте «Охангаронцемент»те жыллық қуўатлылығы 3 миллион тонна цементке тең болған 160 миллион долларлық жойбар әмелге асырылмақта. Ол жуўмақланғаннан соң 200 жумыс орны жаратылады, жылына 17 миллион долларлық өнимди экспорт етиў имканияты жаратылады.

Буннан тысқары, тери, аяқ кийим ҳәм жүнди қайта ислеў бойынша 18 перспективалы жойбар әмелге асырылмақта.

Президент жуўапкерлерге жойбарларды өз ўақтында ҳәм сапалы жуўмақлаў бойынша тапсырмалар берди.

Шавкат Мирзиёев Бўка районындағы «Саркор» фермер хожалығы атызында пахта ҳәм ғәллениң раўажланыўы менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы фермерлер, аўыл хожалығы жуўапкерлери менен пикирлести. Кейинги жылларда пахта талшығын елимизде қайта ислеў 30 проценттен 70 процентке жеткерилгени бул тараўда революциялық жетискенлик болғаны атап өтилди.

Бул аўыл хожалығында илим, инновацияларды қолланбағанымыз ушын жерди «шаршатып», өнимдарлықты жойытып қойдық. Сол ушын аўыл хожалығын структуралық өзгертип, өнимлердиң сатыў баҳасын арттырдық. Мәпдарлық болса ғана, умтылыў, нәтийже болады, деди Президент

Ўәлаятта 2019-2020-жылларда аўыл хожалығы тараўында әмелге асырылатуғын жойбарларды таныстырыўда бағшылық, шарўашылық, логистика орайы ҳәм мийўе-овощ кластер системасын жолға қойыў мәселелери ҳаққында сөз болды. Усы дәўирде 366 жойбар әмелге асырылып, 15 мыңға шамалас жумыс орны шөлкемлестирилиўи режелестирилген.

Ўәлаятта азық-аўқат санааты жедел раўажланбақта. Мийўе-овощ, гөш, сүт өнимлерин қайта ислеў нәтийжесинде экспорт көлеми кескин артады, тармақта дәраматлар көбейеди.

Президентимиз «Solonum agro» көп тармақлы туқымгершилик агросанаат кластери өнимлериниң үлгилери менен танысты. Тийкарынан картошка, овощ, палыз өнимлери, соя жетистириў ҳәм туқымгершиликке қәнигелескен кластер 4,5 мың гектарға шамалас жер майданына ийе, 500 ден аслам жумысшы мийнет етеди. Жылына 14 мың тонна картошка фриси, 4 мың 400 тонна картошка порошогы, 5 мың тонна қадақланған өним таярланып, экспортқа да жибериледи.

Паркент районында мийўе-овощ өнимлерин қайта ислеў, олардан пюре ҳәм шербетлер таярлаў орайы шөлкемлестирилмекте. Бул ушын 5 миллион доллар муғдарында сырт ел инвестициясы тартылды. Бул жерде жылына 20 миллион дана қадақланған пюре ҳәм шербетлер таярланады.

Мәмлекетимиз басшысы бул жойбарлардың әмелге асырылыўы ўәлаят аўыл хожалығы ушын әҳмийетли екени, кластер системасын кеңирек енгизиў  және де дәраматлы болатуғынын атап өтип, жойбарларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.

Бўка районы мәмлекетимиз басшысының социаллық, руўхый-ағартыўшылық тараўлардағы жумысларды жаңа система тийкарында жолға қойыў бойынша 5  әҳмийетли басламаны турмысқа енгизиў бойынша үлги етип алынған. Бүгинги күнде бул басламалардың орынланыўы бойынша басланған жумыслар бўкалылардың турмысына шын мәнисинде жаңа руўх алып кирди.

Биринши баслама шеңберинде жаслардың музыка, сүўрет салыў, әдебият, театр ҳәм көркем өнердиң басқа да түрлерине қызығыўшылығын арттырыў, қәбилетин жүзеге шығарыў мақсетинде 280 ге шамалас дөгерек шөлкемлестирилди. Бир ўақытлары жумысы тоқтап қалған мәденият орайлары, китапханалар қайта ислей баслады. Мектеплердеги дөгереклерди музыка әсбаплары менен тәмийинлеў илажлары көрилди. Булар арқалы райондағы 10 мыңға жақын ул-қыз көркем өнер бағдарларына қамтып алынады.

Екинши баслама тийкарында перзентлеримизди физикалық шынықтырыў, спорттағы қәбилетин көрсетиў ушын зәрүр шараят жаратыў мақсетинде мектеплердеги спорт дөгереклери 35 тен 64 ке  жеткерилди. Мәҳәллелердеги спорт майданшалары оңланбақта. Ровот, Катта Ровот, Навобод мәҳәллелеринде исбилерменлер тәрепинен заманагөй футбол ҳәм волейбол майданшалары жаратылмақта.

Үшинши баслама бойынша райондағы барлық мектеплерди компьютер техникасы ҳәм жоқары тезликтеги интернет пенен тәмийинлеў илажлары көрилмекте. Район орайында жақында шөлкемлестирилген Цифрлы технологиялар оқыў орайы жаслардың улыўма, халықтың компьютер саўатлылығын арттырыўға хызмет етеди.

Төртинши баслама шеңберинде районда «Китап кәрўаны» илажлары шөлкемлестирилип, 20 мыңнан аслам көркем әдебий китап халыққа, соның ишинде, жасларға саўға етилди.  5 мәҳәлледе иктапхана шөлкемлестирилди. «Жас китапқумар», «Китапқумар шаңарақ» таңлаўлары өткерилмекте.

Бесинши баслама – ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеўге де айрықша итибар қаратылмақта. Сол мақсетте Бўстон, Чавлисой, Рамадон, Катта Ровот мәҳәллелериниң ҳәр биринде 300 жумыс орнына ийе 4 тигиўшилик кәрханасы жаратылды. Және еки тигиўшилик цехы пайдаланыўға тапсырылыў алдында.

Мәмлекетимиз басшысы Бўстон мәҳәллеси мысалында районда 5 әҳмийетли басламаға сай әмелге асырылған жумыслар менен танысты.

Бўстонда да Жиззақ ўәлаятының Манас аўылы, Гагарин посёлкасында болғаны сыяқлы үлкен дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылды. Мәҳәлле орайындағы Жаслар бағында ул-қызлар волейбол, баскетбол, шахмат-шашка, стол тенниси менен шуғылланады, аттракционлар, аяқ ойын майданы, интернет-кафеде бос ўақтын мазмунлы өткереди. Бағдағы Ўатансүйиўшилик мүйеши жаслардың жүрегинде пидайылық, мәртлик сезимин күшейтиўге хызмет етеди.

Мәҳәлледе халық китапханасы шөлкемлестирилди, мәҳәлле гүзары бой тикледи. «Бўстон арена» стадионы реконструкцияланды. Бул жерде 100 ден аслам оқыўшы-жас футбол пенен шуғылланады.

Бурын аймақ халқы әпиўайы диагноз ушын да 15 километр жол басып, район орайына барыўға мәжбүр еди. 1960-жылы қурылған 7-аўыллық шыпакерлик поликлинкасы толық оңланып, зәрүр медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленгени бул машқалаға шек қойды. Емлеў орны бес мәҳәлледеги 14 мыңнан аслам халыққа хызмет көрсетеди.

Шавкат Мирзиёев поликлиникадағы шараятты көзден өткерип, халықты медициналық хызмет пенен толық қамтып алыў, үйме-үй жүрип, адамлардың денсаўлығын қорғаў зәрүрлигин айрықша атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы «Бўстон барака чеварлари» ЖШЖға қараслы тигиўшилик цехында ислеп атырған ҳаял-қызлар менен сәўбетлести.

Мениң нийетим сизлерди разы етиў, ҳаял-қызлардың күлимлеген бахытлы көзлерин көриў, сизлер қуўансаңыз, шаңарақларыңыз қуўанады, балалардың дүнья таныўы, руўхый дүньясы өзгереди, деди Президентимиз.

Мәҳәлле гүзарындағы қараўсыз кинотеатр имараты оңланып, заманагөй мәденият орайына айландырылды. Бул жерде аяқ-ойын, дәп, рубаб, сүўретлеў өнери, фортепьяно дөгереклери шөлкемлестирилди. Нәтийжеде мәҳәлледеги 7 жастан 17 жасқа шекемги балалар қамтып алынды. Дөгереклерде халық артистлери, белгили көркем өнер шеберлери шеберлик сабақларын өткереди.

Президентимиз дөгереклерге қатнап атырған ул-қызлар менен сәўбетлести. Райондағы 27-улыўма билим бериў мектебиниң 3-класс оқыўшысы Фазилат Ёқубова бес әҳмийетли басламаға бағышланған қосығын оқып берди. Мәмлекетимиз басшысы Фазилатқа жақсы тәлим-тәрбия, дөретиўшилик орталық ҳәм шараят жаратып бергени ушын оның әкесине автомобиль саўға етилетуғынын айтты. Оның өзине болса үйинде китапхана ашып, «Фазилат» деп атаўды усыныс етти. Мәденият сарайында тәрбияланып атырған балалар ушын «Келешек нәлшелери» ансамблин шөлкемлестириў ҳәм жәмәәтке автобус саўға етиў бойынша тапсырма берди.

Бўка жыллар даўамында итибардан шетте қалып киятырған еди. Еки ай ишинде бул жерде әмелге асырылған жумыслар районды ҳәммеге танытты. Бул қайырлы ислердиң басланыўы болсын, деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги тәрепинен Бўка районы орайында салынған мәденият ҳәм ағартыўшылық экопаркин көрди.

Экопаркте 400 орынлық амфитеатр, 10 мың китап фондына ийе китапхана, китап оқыў ушын саялы орынлар, спорт майданшалары, book-cafe кибер спорт орайы, жуўырыў ҳәм велосипед жоллары, балалар майданшалары, Wi-Fi аймақлар жаратылған. Ең заманагөй қолайлықларды өзинде жәмлеген экопарк бўкалыларға мүнәсип саўға болды.

Соңғы ўақытлардағы ҳәрекетлеримиздиң нәтийжесинде китап басып шығарыў көбейди. Ендиги ўазыйпа оны оқыйтуғын китапқумарды тәрбиялаў. Аўыл, мәҳәлле, районларда китапханалар қурып атырмыз. Бирақ китапты шаңарақларға қалай киргиземиз? Бул қыйын мәселе. Сонлықтан оқыўшыға жасына қарай қайсы шығарманы усыныс етемиз, қалай жеткеремиз – буның методикасын ислеп шығыў керек. Жасларды китапқа үйретсек миллетти қәдирлеген боламыз, деди Президентимиз.

Экопаркте жаслардың бос ўақтын мазмунлы өткериў, бул жерде пүткил жыл даўамында поэзия кешелерин, рәңбәрең мәдений илажлар шөлкемлестириў, бес басламаны жасларымыздың мақтанышына айландырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Поделиться