Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Шавкат Мирзиёев Өзбекстанның қытайдағы елшиханасын барып көрди

2019-04-26 | Сиясат

Қытайда әмелий сапар менен болып турған Президент Шавкат Мирзиёев 26-апрель күни Өзбекстанның Пекин қаласындағы елшиханасының жаңа имаратын көзден өткерди.

Соңғы жылларда Өзбекстан ҳәм Қытай қатнасықлары барлық тараўлар, соның ишинде, саўда, экономика, инвестиция, технологиялар, энергетика, мәдений-гуманитарлық бағдарларда жедел раўажланып бармақта.

Дипломатиялық ўәкилханамыздың үш қабатлы жаңа имараты ферғаналы усталардың қатнасыўында миллий қурылыс дәстүрлери ҳәм заманагөй мүсиншилик жетискенликлери тийкарында қурылған. Имарат Пекин қаласының орайындағы Чаоянг исбилерменлик массивинде, АҚШ, Япония, Малайзия, Сингапур сыяқлы мәмлекетлердиң елшиханалары менен қатара жайласқан.

Бул жерде Өзбекстан Республикасы пуқараларын қабыл етиў, сапалы консуллық хызметлер көрсетиў, сондай-ақ, олардың ҳуқық ҳәм мәплерин нәтийжели қорғаў ушын барлық шараятлар жаратылған.

Биринши қабатта сөйлесиўлер, исбилерменлик ҳәм мәденият илажларын өткериўге мөлшерленген «Самарқанд», «Бухара», «Хийўа», «Қоқанд» заллары жайласқан. Дәрўазадан кирген жердеги әйўан халықларымыздың үрп-әдетлери ҳәм бай мәдениятын сәўлелендирген.

Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги шараятлар менен танысып, бул дәргайдың миллий усылда безелгенине қанаатланыўшылық билдирди ҳәм ол Қытай тәрепиниң елимиз бенен бирге ислесиўге жоқары итибарының үлгиси екенин атап өтти.

Бул елшихана халықларымызды және де жақынластыратуғын, түрли тараўлардағы өз-ара исенимли бирге ислесиўди кеңейтетуғын, мәдениятлар бир-бирин өз-ара байытатуғын орай болады. Өзбекстан ҳәм Қытай бирге ислесиўин буннан былай да беккемлеўге қаратылған жаңа идея ҳәм басламаларды ислеп шығыўға хызмет етеди.

Поделиться