Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

«БИР МӘКАН, БИР ЖОЛ» ЕКИНШИ ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ФОРУМЫ БАСЛАНДЫ

2019-04-26 | Сиясат

Пекин қаласындағы Халықаралық форумлар комплексинде «Бир мәкан, бир жол» екинши халықаралық форумның рәсмий ашылыў мәресими болып өтпекте.

Онда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнаспақта. Форумның жумысында, сондай-ақ, 40 тан аслам сырт мәмлекетлер ҳәм ҳүкиметлер, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң басшылары қатнаспақта.

Қытай Халық Республикасының Баслығы Си Цзиньпин форумды ашып, онда қатнасып атырған делегациялардың басшыларына, көп санлы эксперт ҳәм таллаў топарларының ўәкиллерине миннетдаршылық билдирди.

Қытай баслығы БМШ, ШБШ, Европа Аўқамы, Евразия экономикалық аўқамы сыяқлы халықаралық ҳәм регионаллық структуралар менен биргеликте әмелге асырылып атырған «Бир мәкан, бир жол» қоспа жойбары экономикалық раўажланыўға кең жол ашатуғынын, усы жағынан ол түрли мәмлекетлердиң миллий раўажланыў стратегиясына сәйкес келетуғынын атап өтти. Жойбарды биргеликте турмысқа енгизиў пүткил дүньяда экономикалық өсиў пәтлерин арттырыўда әҳмийетли роль атқаратуғыны атап өтилди.

2017-жылы дәслепки рет өткерилген «Бир мәкан, бир жол» халықаралық форумы регионаллық еки ҳәм ҳәр тәреплеме бирге ислесиў механизмлерин беккемлеў, раўажланыўдың жаңа моделин излеў, қәлиплестириў және ҳәрекетлендириўге бағдарланған жойбар сыпатында тән алынбақта.

Қытай тәрепи алға қойған бул баслама глобаллық экономикалық раўажланыўдың белбеўи сыпатында Евразия мәмлекетлерин бир-бири менен байланыстырады. Келешекте Америка, Африка регионлары ҳәм океания мәмлекетлери де усы жойбарға қосылыўы нәтийжесинде глобаллық экономикалық платформаға айланады. Мәмлекетлердиң экономикалық раўажланыўын хошаметлеў, қурғақлықтағы ҳәм теңиз арқалы ХХI әсирде Уллы жипек жолының тарийхый әҳмийетин тиклеў бул басламаның стратегиялық ўазыйпасы болып есапланады.

Форумның ашылыўында халықаралық саўда ҳәм инвестициялық байланысларды беккемлеў, мәмлекетлердиң экономикалық басқарыў тәжирийбелерин жетилистириў, жаңа транспорт ҳәм логистика жолларының жаратылыўын хошаметлеў бойынша әмелге асырылатуғын жойбарлар ҳаққында сөз жүритилди. Бул жойбарда қатнасып атырған мәмлекетлердиң қатары кеңейип атырғаны дүнья көлеминде турақлы раўажланыўға умтылыў руўхы күшейип атырғанын көрсететуғыны атап өтилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться