Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
«HUAWEI» ӨЗБЕКСТАНДА АҚЫЛЛЫ ТЕХНОЛОГИЯЛАРҒА ТИЙКАРЛАНҒАН ЖОЙБАРЛАРДЫ ӘМЕЛГЕ АСЫРАДЫ
2019-04-25 | Сиясат
Қытай Халық Республикасында рәсмий сапар менен болып турған Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 25-апрель күни «Huawei» компаниясының Изертлеўлер ҳәм инновациялар орайына барды.
«Huawei Technologies» компаниясы телекоммуникация технологиялары тараўында дүньядағы жетекши өндирис орынларынан бири есапланады. Бүгинги күнде компания 170 тен зыят мәмлекетте өз филиалларына ийе ҳәм АҚШтың телекоммуникация базарындағы ең ири өндирис орынлары «HewlettPackard» (HP), «IBM», «Cisco» компаниялары менен бәсекилеседи. Компания системасында 180 мыңнан аслам хызметкер, соның ишинде, Қытай, АҚШ, Германия, Түркия, Ҳиндстан, Швеция, Россия сыяқлы мәмлекетлердеги 20 илимий-изертлеў орайында 80 мыңға жақын қәниге мийнет етеди.
Инновациялық мәлимлеме өнимлери ҳәм жаңалықлары, мағлыўмат жибериў системалары, оптикалық қурылмалар, роутерлер, тармақ үскенелери, смартфонлар, планшетлер, компьютерлер, турмыслық электр үскенелерин ислеп шығарыў компания жумысының тийкарғы бағдары есапланады.
Өзбекстанда «Huawei» компаниясы менен биргеликте телекоммуникация тармақларын кеңейтиў, мобиль байланыс операторларының ҳәм провайдерлериниң тармақларын раўажландырыў, оптикалық талшықлы байланыс линиялары жәрдеминде жоқары тезликте мағлыўмат жибериў технологияларын иске түсириў бойынша әҳмийетли жойбарлар әмелге асырылған.
Компанияның Пекиндеги Изертлеўлер ҳәм инновациялар орайы жоқары мәртебели мийманлар баратуғын әҳмийетли обьект болып, бул жерде стратегиялық бағдарларда бирге ислесиў мәселелери бойынша сөйлесиўлер өткериледи. Орайда компания стратегиясы, байланыс операторлары ҳәм корпоратив қарыйдарлар ушын шешимлер, бултлы технологиялар, өнимлердиң жаңа әўладын жаратыў үстинде излениўлер алып барылады.
Президент Шавкат Мирзиёев дәслеп «Huawei» компаниясының ең соңғы технологиялық жаңалықлары ҳәм өнимлери үлгилери менен танысты.
«Huawei Technologies» компаниясының тийкарын салыўшы Жэн Чжэнфэй менен мәмлекетимизде «Қәўипсиз қала», «Электрон ҳүкимет» ҳәм қыстаўлы медициналық жәрдем хызметин раўажландырыў мәселелери додаланды.
Президентимиз компанияның жасалма интеллектке тийкарланған ақыллы технологияларына жоқары баҳа берди. «Huawei» менен биргеликте мәмлекетимизде әмелге асырылған жойбарлар, қәнигелер таярлаў мәселелери менен қызықты.
– Жаңа технологияларды тартыўдан алдын оларды ислетиўши қәнигелер таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў оғада әҳмийетли. Компания менен, дәслеп, усы бағдарда бирге ислесиў керек,- деди Шавкат Мирзиёев.
Өзбекстан ушын «Huawei» компаниясы менен биргеликте экономиканың түрли тараўларына технологиялық жаңалықларды алып кириў, мобиль байланыс ҳәм мағлыўмат узатыў тармақларын раўажландырыў, «Ақыллы» ҳәм «Қәўипсиз қала» концепцияларын енгизиў, сондай-ақ, жасалма интеллект системаларынан пайдаланыў айрықша әҳмийетке ийе.
Сөйлесиў ўақтында Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигине «Узмобайл» ҳәм «Ucell» байланыс операторларының тармақларын раўажландырыў ҳәм модернизациялаў шеңберинде Өзбекстанда «Huawei» компаниясының 5G технологияларын енгизиўди тезлестириў ўазыйпасы қойылды. Шетки аймақларда кең полосалы интернет тармағына жалғаныў ҳәм интернет хызметлери баҳаларын түсириў бойынша сымсыз технологияларды енгизиў зәрүрлиги атап өтилди.
Президентимиз «Huawei» компаниясы ҳәм Қытайдың жетекши өндирис орынлары ҳәм финанслық институтларының қатнасыўында «Қәўипсиз қала» жойбарын жеделлестириў, соның менен бирге, «Ақыллы қала» системасын еңгизиў бойынша усыныслар ислеп шығыў кереклигин атап өтти.
Келешекте қыстаўлы медициналық жәрдем орайлары жумысын енгизиўде «Huawei» тәжирийбеси ҳәм технологияларынан пайдаланыў бойынша пикир алысылды. Өзбекстанда компанияның қәнигелер таярлаў оқыў орайы филиалын шөлкемлестириў, компания технологиялары ҳәм жаңалықларын министрликлер ҳәм уйымлардың қәнигелескен оқыў мәкемелерине тартыў, «Электрон ҳүкимет» жойбарын әмелге асырыў бағдарындағы бирге ислесиў мәселелери додаланды.
Бүгинги күнде «Қәўипсиз қала» концепциясының биринши басқышын әмелге асырыў ушын «Huawei» ҳәм «CITIC Guoan Information Technology» компаниялары менен 300 миллион долларлық тиккелей инвестиция киргизиў бойынша келисимге ерисилген. 2019-2020-жылларда инвестиция көлеми 1 миллиард долларға жеткериледи. Бул қаржы электрон ҳүкимет, санлы экономика, мәлимлеме технологиялары, телемедицина, IT-телефония сыяқлы тараўларды раўажландырыўға бағдарланады.
Ушырасыў соңында заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары тараўында кең көлемли бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша келисимге ерисилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги