Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ЕСЛЕЎ ҲӘМ ҚӘДИРЛЕЎ КҮНИНЕ ТАЯРЛЫҚ КӨРИЎ ҲӘМ ОНЫ ӨТКЕРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

2019-04-24 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Халқымыз әзелден үлкемизди басқыншылардан қорғаған, оның еркинлиги, ғәрезсизлиги ҳәм оған қол қатылмаўы ушын гүрескен қаҳарманларды қәдирлеп келмекте.

Екинши жер жүзилик урыста қайтыс болған мыңлаған жерлеслеримизди еслеў, жалынлы саўаш майданларынан аман келген  ата-бабаларымызға, фронт артында аўыр күнлерди сабыр-тақат пенен жеңген, машақатлы сынақларда өзлигин жойытпаған, ийманы пүтин ата-бабаларымызға мийрим-шәпәәт көрсетиў шын мәниде миллий дәстүрге айланды.

Усы аяўсыз урыста қатнасқан 1,5 миллионнан аслам өзбекстанлылардың ярым миллионнан асламы қайтыс болғанын халқымыз ҳеш қашан ядынан шығармайды. Урыстың басланыўы менен фронт аймақларынан Өзбекстанға көширилген бир миллионға шамалас шаңарақ ҳәм балаларды қабыллап, соңғы бир тислем нанын олар менен тең бөлискен  халқымыз өзиниң қаншелли адамгершиликли екенин, мийрим-шәпәәтин, жоқары руўхыйлығын айқын көрсетти.

Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларына ҳәм майыпларына мәмлекетимиз тәрепинен сыйлықлар тапсырыў, материаллық ҳәм моральлық жақтан хошаметлеў жақсы дәстүрге айланды. Екинши жер жүзилик урыста ҳәм фронт артында мийнет еткен ветеранларға, хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қайтыс болған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң шаңарақ ағзаларына материаллық ҳәм моральлық жәрдем көрсетилмекте.

Фашизм үстинен ерисилген жеңисте халқымыздың да мәрт ҳәм салмақлы үлеси умытылмас ҳақыйқат. 9-май – Еслеў ҳәм Қәдирлеў күни екинши жер жүзилик урыстың аянышлы ақыбетлерин умытпаўға, тынышлық ҳәм парахат турмыстың қәдирине жетиўге, Ўатанға садықлық сезими менен жасаўға, сондай-ақ, бәрқулла қырағы ҳәм сергек болыўға, тарийхты еслеўге садықлылық руўхында тәрбиялаўға хызмет етип келмекте.

Елимизде 9-май – Еслеў ҳәм Қәдирлеў күни улыўма халықлық байрамын кеңнен белгилеў, Екинши жер жүзилик урыста фашизмге қарсы гүресиўге үлес қосқан, ғәрезсизлик жылларында хызмет ўазыйпасын атқарыў ўақтында қайтыс болған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлериниң естелигин мәңгилестириў, барлық ветеранларға ҳүрмет көрсетиў мақсетинде:

9-май – Еслеў ҳәм Қәдирлеў күни улыўма халықлық илажларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериў бағдарламасы (кейинги орынларда Бағдарлама деп аталады) 1-қосымшаға муўапық мақуллансын.
9-май – Еслеў ҳәм Қәдирлеў күни улыўма халықлық байрамына бағышланған илажларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериў бойынша жумысшы топардың қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Жумысшы топар (А.Арипов):

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен  биргеликте «Ата-бабаларды еслеў – муқаддес қәдирият», «Итибар ҳәм ғамхорлық – адамгершилик парыз» сүренлери астында Бағдарламада нәзерде тутылған илажлардың жоқары дәрежеде өткерилиўин тәмийинлесин ҳәм орынларға барып, 9-май – Еслеў ҳәм Қәдирлеў күни улыўма халықлық байрамына (кейинги орынларда Байрам деп аталады) бағышланған илажларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериўге  әмелий жәрдем көрсетсин;

Екинши жер жүзилик урыстың ҳәр бир қатнасыўшысына, фронт арты мийнет ветеранларына, ғәрезсизлик жылларында хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қайтыс болған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлериниң шаңарақ ағзаларына материаллық және руўхый жәрдем бериў мақсетинде тийисли министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер, әскерий бөлимлердиң ўәкиллерин бириктирип, усы тайпадағы шахсларды қутлықлаў мақсетинде олардың жасаў орнына басшылардың барыўын шөлкемлестирсин;

жалғыз ҳәм кем тәмийинленген Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларының турақ жайын ҳәм үй хожалықларын оңлаў, абаданластырыў бойынша тийисли илажларды әмелге асырсын;

Байрамға таярлық көриў даўамында Екинши жер жүзилик урыс ҳәм фронт арты мийнет ветеранларын, ғәрезсизлик жылларында хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қайтыс болған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлериниң көрсеткен ерлик, мәртлик ҳәм батырлықтың әҳмийетин кең халық қатламында, әсиресе, жаслар арасында түсиндириў, үгит-нәсиятлаў бойынша мәдений-руўхый және ўатанды сүйиўшилик бағдарындағы илажлардың өткерилиўин шөлкемлестирсин;

Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларына ҳәм майыпларына Өзбекстан Республикасы Президенти атынан бир мәрте төленетуғын ақшалай сыйлықты салтанатлы түрде тапсырсын;

Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларының ҳәр бирине медициналық ҳәм социаллық жәрдем бериў, оларға қараў мақсетинде медициналық билимлерге ийе хызметкерлерди (шәртнама тийкарында) бириктирген ҳалда турақлы түрде патронаж хызметин шөлкемлестирсин;

Екинши жер жүзилик урысқа Өзбекстаннан кетип жеңиске өзиниң шексиз үлесин қосқан ҳәм урыс қаҳарманы болған ветеранлардың исмлерин мәңгилестириў мақсетинде өзлери туўылып-өскен көшелерге олардың атын бериў бойынша тийисли илажларды әмелге асырсын;

Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларының өтинишлери тийкарында оларды республика аймағындағы санаторияларға бийпул жибериўди шөлкемлестирсин;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы белгиленген орынларда Екинши жер жүзилик урыс ўақтындағы әскерий техникалардың көргизбесин шөлкемлестирсин;

Ташкент қаласында Екинши жер жүзилик урысқа байланыслы архивтен алынған фото ҳәм ҳүжжетлердиң көргизбесин шөлкемлестирсин;

Жеңиске өз үлесин қосқан, Ўатанымыздың ғәрезсизлиги ушын жанын, күш-қуўатын аямаған ҳәр бир ветеранның, ҳәр бир адамнын естелиги мәңгилестирилиўин, оларға мүнәсип ҳүрмет-иззет көрсетилиўин тәмийинлесин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Ҳаял-қызлар комитети, Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, Өзбекстан Ветеранларының жәмийетлик белсендилигин қоллап-қуўатлаў «Нураний» қоры, «Мәҳәлле» қайырқомлық-жәмийетлик қоры, Өзбекстан жаслар аўқамы менен биргеликте:

ўәлаятлар, қалалар ҳәм районларда Байрамға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша комплексли илажларды ислеп шықсын ҳәм әмелге асырсын;

Екинши жер жүзилик урыс ўақтындағы композициялардың инсталляциясы, соның ишинде, урыс жылларының қосық ҳәм намалары, дастурхан жайыў ҳәм тийисли шараятлар жаратыў менен байланыслы илажларды шөлкемлестирсин;

көшелерди ҳәм майданларды Байрамға бағышланған плакатлар ҳәм стендлер менен безеўди тәмийинлесин.

Өткерилетуғын Байрам илажлары және елимиздиң түрли аймақларында жасайтуғын Екинши жер жүзилик урыс ҳәм фронт арты мийнет ветеранлары ўәкиллерин Ташкент қаласында болып өтетуғын тийкарғы мәресимлерге темир жол ямаса автомобиль транспортында келип-кетиўи, мийманханаларда жайласыўы, аўқатланыўы, мәдений дем алыўына байланыслы қәрежетлер, сондай-ақ, зәрүр жағдайларда тийисли кийим-кеншеклер менен тәмийинленетуғыны:

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда – жергиликли бюджетлер және қәўендерлик қайырқомлықлары есабынан;

Ташкент қаласында – Өзбекстан Республикасы республика бюджетиниң ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетиниң қаржылары есабынан тең үлеслерде қапланатуғыны белгилеп қойылсын.

Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги Ташкент қаласында 2019-жыл 9-май саат 21.00 де Еслеў ҳәм Қәдирлеў күнине бағышланған байрам салютын шөлкемлестирсин.

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм Миллий гвардия салтанатлы илажлар өткерилетуғын орынларда жәмийетлик тәртипти ҳәм қәўипсизликти тәмийинлесин.
Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, «Дунё» мәлимлеме агентлиги басқа да ғалаба хабар қуралларына Байрамға таярлық көриў ҳәм оны өткериў менен байланыслы процесслерди, усы қарардың орынланыўын тәмиийинлеўге қаратылған илажларды кеңнен сәўлелендириў, сондай-ақ, темаға байланыслы телекөрсетиўлер ҳәм радиоеситтириўлер таярлап эфирге бериў, мақалалар жәриялаў усыныс етилсин.

Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Маҳмудовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти                                              Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы, 2019-жыл 23-апрель

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться