Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ЕКИНШИ ЖЕР ЖҮЗИЛИК УРЫС ҚАТНАСЫЎШЫЛАРЫН ХОШАМЕТЛЕЎ ҲАҚҚЫНДА
2019-04-24 | Ҳүжжетлер
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Елимизде 9-май улыўмахалықлық байрам – Еслеў ҳәм Қәдирлеў күни өткерилиўи, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыста қайтыс болғанлардың естелигин мәңгилестириў, бүгин де қатарымызда турып Ўатанның абырай-мәртебесин көтериўге, жасларды руўхый-әдеп-икрамлылық жақтан тәрбиялаўға үлес қосып атырған ветеранларды қәдирлеў және фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 74 жыллығының белгилениўи мүнәсибети менен урыс қатнасыўшыларын ҳәм майыпларды материаллық хошаметлеў мақсетинде:
Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларына ҳәм майыпларына 7 500 000 (жети миллион бес жүз мың) сум муғдарында ақшалай сыйлық белгиленсин.
Усы Пәрманды орынлаўға байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы республика бюджетиниң қаржылары есабынан әмелге асырылсын.
Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қаржы министрлиги ҳәм Орайлық банк пенен биргеликте Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларына ҳәм майыпларына усы ақшалай сыйлықтың салтанатлы ҳәм байрамға сай рәўиште тапсырылыўын тәмийинлесин.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Ҳаял-қызлар комитети, Өзбекстан жаслар аўқамы, Өзбекстан Көркем өнер академиясы, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, «Нураний» қоры ҳәм «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик қоры, басқа да мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен биргеликте ўатанымыз азатлығын ҳәм абырай-мәртебесин қорғаўшыларға бағышланған арнаўлы ушырасыўлар ҳәм ағартыўшылық-көркемлик кешелерди өткерсин.
Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы, 2019-жыл 23-апрель
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги