Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

СЫРТҚЫ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ЖУМЫСТЫ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЎДА АДМИНИСТРАТИВЛИК ТӘРТИП-ҚАҒЫЙДАЛАРДЫ БУННАН БЫЛАЙ ДА ЖЕТИЛИСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

2019-04-24 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Елимизде сыртқы экономикалық жумысты либералластырыў, экспорт потенциалын күшейтиў, инвестициялық тартымлылықты арттырыў ҳәм бажыхана ҳәкимшилигин жетилистириў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, фитосанитариялық, санитар-эпидемиологиялық, ветеринариялық, экологиялық қадағалаў уйымлары ҳәм сертификатлаў уйымларының (кейинги орынларда – ўәкилликли уйымлар) жумысын үйрениў нәтийжелери олардың Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик шегарасы арқалы өтетуғын товарлар ҳәм транспорт қуралларын қадағалаў функцияларын әмелге асырыў нәтийжелилигин ҳәм оперативлигин арттырыў, соның ишинде, уйымлараралық электрон бирге ислесиўди жедел енгизиў арқалы жетилистириў зәрүрлиги бар екенин көрсетпекте.

Сыртқы экономикалық жумысты әмелге асырыўда административлик тәртип-қағыйдаларды буннан былай да жетилистириў, бизнес жүргизиў шараятларын жақсылаў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 12-декабрьдеги «Техникалық жақтан тәртипке салыў, стандартластырыў, сертификатластырыў ҳәм метрология системаларын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4059-санлы қарарында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде:

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик бажыхана комитети, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, «Өзстандарт» агентлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабиенти жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы (кейинги орынларда – «Өзмәмкарантин» инспекциясы) 2021-жыл 1-январьға шекем БМШтың Саўда тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў ҳәм электрон жумыс әмелиятлары бойынша орайы тәрепинен ислеп шығылған «бир айна» механизмин жаратыў бойынша усыныслар ҳәм жол-жоба принциплери критерияларына жуўап беретуғын «Бир айна» бажыхана мәлимлеме системасын (кейинги орынларда – «Бир айна» БМС) енгизиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

«Бир айна» БМСны енгизиўде сыртқы экономикалық жумыс (кейинги орынларда – СЭЖ) субъектлерине төмендеги имканиятларды жарататуғын механизм нәзерде тутылсын:

импорт, экспорт ҳәм транзитке тийисли барлық тәртипке салыў талапларын орынлаў мақсетинде стандартластырылған мағлыўматлар ҳәм ҳүжжетлерди бирден-бир өткериў каналынан пайдаланған ҳалда усыныў;

мәлимлеме алмасыўдың қупыялылығын ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлейтуғын нормативлик-ҳуқықый база менен беккемлеген ҳалда, сыртқы саўда келисимлерине байланыслы барлық мәлимлемелерди алмасыў;

мәмлекетлик бажыхана хызмети, ўәкилликли уйымлар, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлери тәрепинен руқсат етилетуғын ҳүжжетлерди рәсмийлестириўдиң басқышларын аралықтан турып бақлаў;

бәрше ушын ашық болған электрон түрдеги руқсат етилетуғын ҳүжжетлердиң реестрлерин (кейинги орынларда – Реестрлер) жүргизиўге толық өтиў;

Өзбекстан Республикасы ҳәм сырт еллердеги эпизоотикалық карантин ҳәм фитосанитариялық жағдайлар ҳаққындағы ашық мағлыўматларды ең кейинги көрсеткишлер ҳалатында услап турыў;

дәслепки мағлыўматлар тийкарында товарлар Өзбекстан Республикасы аймағына әмелде жетип келиўге шекем руқсат беретуғын характерге ийе ҳүжжетлерди бериў.

«Бир айна» БМСның нәтийжели ҳәм толық жумыс ислеўи, сондай-ақ, ўәкилликли уйымалардың қадағалаў пунктлериндеги жумысларын системалы қатнас жасаў ҳәм турақлы қадағалаў тийкарында шөлкемлестириў бойынша Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети (Азимов), Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Шодмонов), Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети (Қўчқоров), «Өзстандарт» агентлиги (Сатторов) ҳәм Өзмәмкарантин» инспекциясы (Эргашев) басшыларының жеке жуўапкершилиги көрсетип өтилсин.

Сыртқы экономикалық жумыс процесслерин жетилистириў илажларын әмелге асырыў бойынша жумысшы топар (кейинги орынларда – Жумысшы топар) қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин.

Жумысшы топар 2019-жыл 1-октябрьге шекемги мүддетте бажыхана ҳәкимшилигин реформалаў, мәмлекетлик қадағалаўдың нәтийжелилигин арттырыў, СЭЖ қатнасыўшыларының қәрежетлерин қысқартыў тараўында сын көзқарастан талқылаўлар өткерсин ҳәм талқылаўлардың жуўмақлары тийкарында Сыртқы экономикалық жумыс процесин жетилистириў бойынша концепцияны ҳәм оны әмелге асырыўда «Жол картасын» тастыйықлаў ушын киргизсин. Бунда төмендегилерге айрықша итибар қаратылсын:

ҳәдден тыс административлик тосқынлықларды ҳәм мәмлекетлик уйымлардың бирин-бири тәкирарлайтуғын функцияларын бийкар етиў;

ресурслар шекленгенлиги шараятында мәмлекетлик қәрежетлердиң ерисилген ямаса күтилип атырған нәтийжеге қатнасын есапқа алған ҳалда, қәўип-қәтерлерди басқарыўдың толық системасын енгизиў;

«бажыхана аймағында қайта ислеў» бажыхана режимин кеңнен қолланыў;

бажыхана тексериўинде товарлардың қадақларын бузып ашыў жағдайларын қысқартыў.

Сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларынан төмендегилерди талап етип алыў қадаған етилсин:

руқсат беретуғын характерге ийе ҳүжжетлерди бериўде ҳәм экспорт-импорт операцияларын әмелге асырыўда – карантин астындағы өнимлерди экспорт ҳәм импорт етиўде зыянсызландырыў (фумигация) актин;

экспорт-импорт операцияларын әмелге асырыўда – орам қағазын;

импорт етилип атырған товарларға ўәкилликли уйымлар тәрепинен руқсат беретуғын ҳүжжетлер ҳәм муўапықлық сертификатларын бериўде – Өзбекстан Республикасы бажыхана аймағына келгени ҳаққында белги қойылған товарлардың бақлаў ҳүжжетлерин (товар-транспорт жүк хаты, инвойс, есап-фактура ҳәм басқалар);

ўәкилликли уйымлар тәрепинен берилетуғын ҳүжжетлерди алыўда – исеним хатларын;

импорт товарларына муўапықлық сертификатын бериўде – нормативлик ҳүжжетлердиң нусқасы, санитариялық-эпидемиологиялық жуўмақтың нусқасын;

ўәкилликли уйымлар тәрепинен руқсат берилетуғын характерге ийе ҳүжжетлерди бериўде – ислеп шығарыўшы мәмлекет ҳаққында сертификатты;

2020-жыл 1-январьдан баслап товар ҳәм транспорт қуралларының бажыхана рәсмийлестириўинде, сондай-ақ, импорт етилетуғын товарларға муўапықлық сертификатын бериўде – халықаралық шәртнамаларды арнаўлы қағаз бланкаларда рәсмийлестириўди талап ететуғын ҳүжжетлерден тысқары, ўәкилликли уйымлар тәрепинен қағаз түринде берилетуғын характерге ийе ҳүжжетлердиң тийкарғысы ҳәм нусқалары.

Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

ветеринария руқсатнамаларын, фитосанитария ҳәм ветеринария сертификатларын рәсмийлестириў ушын экспорт етиўден 30 күн бурын арза менен мүрәжат етиў зәрүрлиги ҳаққындағы талап бийкар етиледи;

карантин руқсатын ҳәм экологиялық сертификатын бериў мүддети оларды алыў ушын нызамшылықта нәзерде тутылған ҳүжжетлер қосымша етилген ҳалда арза берилген күннен баслап 5 жумыс күнинен аспаўы керек;

товарлар ҳәм транспорт қураллары, егер бул товарлар ҳәм транспорт қураллары нызам ҳүжжетлерине муўапық фитосанитариялық ҳәм ветеринариялық қадағалаўға тийисли болмаса, оларды фитосанитариялық ҳәм (ямаса) ветеринариялық қадағлаўдан өткериў қадаған етиледи;

транзит арқалы Өзбекстан Республикасы аймағынан өтетуғын карантин астындағы товарларды карантин тексериўинен өткериў ҳақы алынбаған ҳалда әмелге асырылады;

бажыхана жүк декларациясы «сары» коридордан «қызыл» коридорға өткерилген жағдайда бул өткериўди әмелге асырған хызметкер тәрепинен бажыхана тексериўин өткериўге жол қойылмайды.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети:

бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги менен биргеликте бажыхана постларында Өзбекстан Республикасының улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларынан аўыр жүк тасыўшы ҳәм ири габаритли транспорт қуралларының өтиўи ушын төлемлерди автомат түрде есаплаўды әмелге асыратуғын система жаратсын ҳәм оның жумыс ислеўин тәмийинлесин;

бажыхана постлары арқалы кесип өтиў ўақты ҳаққындағы ҳәр айлық статистикалық мағлыўматты ҳәр бир бажыхана посты кесиминде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң рәсмий веб-сайтында жәриялаў ушын ҳәр бир автотранспорт қуралының кириў ҳәм шығыў ўақтын автоматластырылған дизимге алыў системасын, сондай-ақ, жүк транспорт қуралларын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик шегарасы арқалы өткериў пунктинде бажыхана рәсмийлестириў ўақтын бөлистириў имканиятын беретуғын нәўбетлерди басқарыўдың электрон системасын енгизиў арқалы бажыхана постларында автотранспорт қураллары болыў ўақтының шекленген мүддетин белгилесин;

Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети және «Өзмәмкарантин» инспекциясы менен биргеликте товарлардың айырым түрлери ушын мөлшерленген лаборатория үскенелери менен тәмийинленген ҳәм ең оптимал мәнзиллерде жайластырылған арнаўлы өткериў пунктлери ҳәм бажыхана постларын шөлкемлестириў мәселесин үйренип шықсын ҳәм зәрүр жағдайларда олардың ашылыўын тәмийинлесин;

үш ай мүддетте Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Шегара әскерлери ҳәм ўәкилликли уйымлар менен биргеликте шегара, бажыхана, санитариялық-карантин, фитосанитариялық ҳәм ветеринариялық қадағалаўдан өтиўдиң анық мүддетлерин (минутларда) белгилеўди, бажыхана посты аймағына кириў ҳәм шығыў ўақтын дизимге алыў, сондай-ақ, бирин-бири тәкирарлайтуғын қадағалаў функцияларын бийкар етиўди нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик шегарасы арқалы өткериў пунктлеринде тексериў тәртип-қағыйдаларынан өтиў регламентин тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин;

товарлардың бажыхана қунын қәўип-қәтерлерди басқарыў системасының қәўип көрсеткишлериниң қатарына киргизсин, сондай-ақ, нызамға қарсы мақсетлерде мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымларының лаўазымлы шахслары тәрепинен критерияларды манипуляция етиўге жол қоймаў бойынша анық илажлар көрсин;

ўәкилликли уйымлар менен биргеликте машқалалы мәселелерди шешиў ушын сыртқы экономикалық жумыс процесслериниң әпиўайыластырылыўы бойынша көрсетилип атырған илажлар ҳаққында жылына еки мәрте тариф ҳәм тариф емес тәртипке салыў кеңесиниң мәжилислеринде есап берип барсын.

Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Мәмлекетлик бажыхана комитети менен биргеликте 2019-жыл 15-июньге шекем қадағалаў пунктлери ҳәм ўәкилликли уйымлардың басқа да объектлерин мағлыўматларды жеткерип бериў тармағына жалғаўды тәмийинлесин.

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, «Өзмәмкарантин» инспекциясы ҳәм «Өзстандарт» агентлиги мағлыўматларды жеткерип бериў тармағына жалғанатуғын қадағалаў пунктлери ҳәм ўәкилликли уйымлардың басқа да объектлериниң дислокациясы ҳаққындағы мағлыўматты бир ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигине усынсын.

Өзбекстан Республикасы Сыртқы экономикалық жумыс миллий банки ҳәм АК «Халық банки» қәрежетлерин толық қаплаўды тәмийинлеген ҳалда шегаралды бажыхана постларында күни-түни жумыс ислейтуғын, тийисли уйымлар тәрепинен шегара постларында көрсетилген хызметлерге төлемлерди әмелге асырыў, валюта алмастырыў, пул қаржыларын нақ пулға алмастырыў және басқа да нақ ҳәм нақ емес есап-санақ банк операцияларын әмелге асырыў имканиятын беретуғын өзине-өзине хызмет көрсетиў терминалларын шөлкемлестирсин.
Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети:

2019-жыл 1-июньге шекем енгизилип атырған руқсатнамалар бериў тәртиби шеңберинде ҳәр бир түрдеги қадағаланатуғын товарды үйрениўдиң өз алдына мүддетлерин белгилеген ҳалда, қадағаланатуғын товарлардың ветеринариялық нормалар менен талапларына муўапықлығын анықлаўдың қурамалылық дәрежесинен келип шығып, классификациялаўды нәзерде тутатуғын ҳүкимет қарарының жойбарын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;

Мәмлекетлик бажыхана комитети менен биргеликте елимиз аймағын жуқпалы кеселликлерди қозғаўшылардан қорғаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик шегарасы арқалы өткериў пунктлеринде автотранспорт қуралларын заманагөй жоқары нәтийжели дезинфекциялаў әсбап-үскенелерин басқышпа-басқыш орнатыўды тәмийинлесин.

«Өзмәмкарантин» инспекциясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Әдиллик министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте коррупцияның алдын алыў бойынша илажларды нәзерде тутқан ҳалда, карантинге алынған өнимлер ушын руқсат бериў характерине ийе ҳүжжетлерди бериўде усы өнимлердиң фитосанитариялық жағдайы ҳәм эпизоотикалық жағдайын үйрениў мақсетинде қәнигелерди сырт еллерге жибериў зәрүрлигин анықлаў критерияларын ҳәм жибериў тәртибин белгиленген тәртипте тастыйықласын.

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, «Өзмәмкарантин» инспекциясы ҳәм «Өзстандарт» агентлиги үш ай мүддетте «Бир айна» БМС платформасында ўәкилликли уйымлар тәрепинен таңлап алыў тийкарында фитосанитария, санитария-эпидемиология, ветеринария ҳәм экологиялық қадағалаў имканиятын беретуғын қәўип-қәтерлерди таллаў системасын ислеп шықсын, сондай-ақ, руқсат беретуғын ҳүжжетлер дәслепки мағлыўматлардан пайдаланған ҳалда товарлар Өзбекстан Республикасына әмелде жетип келиўине шекем берилиўин әмелге асырсын.

Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасына административлик тәртип-қағыйдалардан өтиўдиң қолайлылығы ҳәм мәмлекетлик бажыхана уйымлары, сондай-ақ, олардың хызметкерлери тәрепинен хызметлер көрсетиўде нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң талапларына әмел етилиўи, хызметкерлердиң профессионаллығы ҳәм оперативлиги олардың халық пенен қарым-қатнас жасаў этикети дәрежесин турақлы баҳалап барыў ушын «мәмлекетлик хызметлердиң сырлы қарыйдары» институтынан пайдаланған ҳалда илажларды шөлкемлестириў усыныс етилсин.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, «Өзмәмкарантин» инспекциясы және «Өзстандарт» агентлиги нызамшылық және ҳуқықты қолланыў әмелиятын жетилистириў ушын «мәмлекетлик хызметлердиң сырлы қарыйдары» мониторинги нәтийжелериниң көрип шығылыўын тәмийинлесин.

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар, соның ишинде, сыртқы экономикалық жумыс тараўындағы административлик тәртип-қағыйдаларды түп-тийкарынан әпиўайыластырыў ҳәм мүддетлерин қысқартыў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Э.М.Ғаниевке жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы, 2019-жыл 23-апрель

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться