Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

БАЛА ҲУҚЫҚЛАРЫ КЕПИЛЛИКЛЕРИН БУННАН БЫЛАЙ ДА КҮШЕЙТИЎГЕ БАЙЛАНЫСЛЫ ҚОСЫМША ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА

2019-04-24 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Елимизде аналықты ҳәм балалықты қоллап-қуўатлаў, балалардың руўхый ҳәм физикалық раўажланыўы ушын шараятлар жаратыў, сондай-ақ, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бала ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясы талапларына әмел етилиўин тәмийинлеў мақсетинде кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, балалардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў және олардың бәркамал әўлад болып жетилисиўин тәмийинлеў бағдарындағы жумыстың институтционаллық ҳәм ҳуқықый тийкарларын түпкиликли жетилистириў зәрүрлиги барған сайын артып бармақта.

Бала ҳуқықлары ҳаққындағы конвенция талапларын ҳәр тәреплеме турмысқа енгизиў, Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамларында нәзерде тутылған балалардың ҳуқықларын әмелде кепилликке алыў, олардың физикалық, интеллектуаллық, психикалық ҳәм руўхый жақтан жетик әўлад болып жетилисиўин тәмийинлеў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген тийкарғы ўазыйпаларға муўапық:

Ата-анасынан қараўсыз қалған балаларға муниципаллық ҳәм анық мақсетли коммунал турақ жай фондындағы өзлери жасап турған турақ жайларды олар «Меҳрибанлық» үйлерине жайластырылған, ғамқорлық ямаса қәўендерлик уйымының келисимине бола ғамқорлыққа ямаса қәўендерликке алыўшы менен бирге жасап атырған пүткил ўақыт даўамында, он сегиз жасқа толғанға шекем бронластырыў ҳуқықы берилетуғыны;

балалардың есапта турыў орны ҳәм пуқаралығына қарамастан, оларға барлық социаллық хызметлер көрсетилетуғыны;

балалардың мәмлекетлик уйымларға тиккелей мүрәжатларын толық көрип шығыў кепилликке алынатуғыны ҳәм бала толық қарым-қатнас жасаў уқыбына ийе емеслиги себеплери менен бул түрдеги мүрәжатларды көрмей қалдырыўға жол қойылмайтуғыны;

он сегиз жасқа толмаған шахсларға алимент төлеў ҳаққында ата-ана арасында келисим болмағанда ямаса алимент ықтыярлы түрде төленбегенде ҳәм ата-анасынан биреўи де алимент өндириў ҳаққында судқа мүрәжат етпеген жағдайларда 14 жасқа толған бала өзиниң тәмийнаты ушын бир ўақыттың өзинде ата-ананың екеўинен нызамда белгиленген муғдарда алимент өндириў ҳаққында даўа қозғаўға ҳакылы екенлиги;

балаларды қорғаў мақсетинде судларға арза менен мүрәжат еткен даўагер мәмлекетлик бажы ҳәм басқа да төлемлерди төлеўден азат етилетуғыны белгилеп қойылсын.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман), Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм кең жәмийетшиликтиң:

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкилиниң (омбудсман) орынбасары – Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил лаўазымын енгизиў ҳәм Секретариат структурасында бала ҳуқықларын тәмийинлеў жумысына жәрдемлесетуғын басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 2 ден ибарат сектор дүзиў;

2019-жыл 1-сентябрьден Өзбекстан Республикасында еркеклер ҳәм ҳаял-қызлар ушын неке жасын он сегиз жас етип белгилеў;

нызам ҳүжжетлеринде шанарақлық қатнасықларды тәртипке салыўға байланыслы тийисли нормалар болмаған жағдайда Өзбекстан Республикасының нызам ҳүжжетлериниң принциплери ҳәм улыўма тән алынған халықаралық ҳуқық принциплерине қайшы болмаған жергиликли үрп-әдет ҳәм дәстүрлердиң қолланылыўы ҳаққындағы усыныслар мақуллансын.

Шаңарақта баланың мәплерине тийисли ҳәр қандай мәселе шешилип атырғанда, сондай-ақ, ҳәр қандай суд додалаўына ямаса административлик додалаў ўақтында бала өз пикирин билдириўге ҳақылы болып есапланады. Онда қарар қабыл етиўге ўәкилликли уйымлар (шахслар) баланың мәпине тийисли мәселени шешиўде ақылға уғрас ҳәм еркин пикирлеў қәбилиетине ийе баланың пикирин, оның жасына қарамастан, әҳмийетли фактор сыпатында көрип шығыўы және баланың ең тийкарғы мәплерин нәзерде тутатуғын қарар қабыл етилиўи шәрт екенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги ҳәм Жоқарғы суды үш ай мүддетте баланың ақылға уғрас және еркин пикирлеў қәбилиетин баҳалаў өлшемлерин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

Зорлық етиўден жәбир көрген шахсларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў ҳәм өз жанына қастыянлық етиўдиң алдын алыў республикалық орайы системасында пуқаралар менен өз-ара байланысты әмелге асырыў ҳәм қыстаўлы руўхый, психотерапиялық, ҳуқықый жәрдем көрсетиў, мәсләҳәт бериў және мәлимлеме усыныў ушын мөлшерленген «исеним телефоны» (республика шеңберинде бирден-бир қысқа номер бойынша ҳәмме пайдаланыўы мүмкин болған «оператив байланыс») шөлкемлестирилип атырғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Орайға усы «исеним телефоны» арқалы балаларға жәрдемлесиў механизмлерин енгизиў ҳәм арнаўлы имканиятларға ийе болған веб-сайтты иске түсириў усыныс етилсин.

Он сегиз жасқа толмаған сырт ел пуқарасы ҳәм пуқаралығы болмаған шахсты, егер оның ата-анасынан биреўи, ғамқорлыққа ямаса қәўендерликке алған шахс Өзбекстан Республикасы аймағында нызамлы тийкарға бола жасаў ҳуқықына ийе болса, төмендеги жағдайларда Өзбекстан Республикасынан шығарып жибериўге жол қойылмайды:

Өзбекстан Республикасында болыў қағыйдаларын бузған, яғный Өзбекстанда жасаў ҳуқықын бериўши ҳүжжетлерсиз ямаса ҳақыйқый болмаған ҳүжжетлер менен жасаған, ўақтынша яки турақлы прописка, көшиў яки турақ жай таңлаў бойынша белгиленген тәртипке әмел етпеген, болыў мүддети тамамланғаннан соң шығып кетиўден бас тартқан, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының аймағы арқалы транзит түрде өтиў тәртибине әмел етпеген жағдайларда;

Өзбекстан Республикасы аймағында жүз берген жынаят ушын суд тәрепинен белгиленген жаза орынланып болынған ямаса өтеп болынғанынан кейин яки нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жағдайларда жынайый жуўапкершиликтен ямаса жазадан азат етилген жағдайларда.

2019/2020-оқыў жылынан баслап жоқары билимлендириў мәкемелерине абитуриентлерди қабыл етиўдиң улыўма санынан «Меҳрибанлық» үйи ҳәм Балалар қалашасының питкериўшилери болған шын жетимлер ушын қосымша түрде бир процентке шекем мәмлекетлик грант тийкарында қабыллаў квоталарын ажыратыў тәртиби енгизилсин.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети еки ай мүддетте қосымшаға муўапық аналық ҳәм балалыққа байланыслы статистикалық мағлыўматларды «stat.uz» веб-сайтына жайластырыўды және мағлыўматларды турақлы түрде жаңалап барыўды тәмийинлесин.

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Әдиллик министрлиги Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте ПҲАЖ уйымлары менен туўылыў ҳәм өлим ҳаққында электрон мағлыўматлар алмасыў системасының толық ислеўин тәмийинлеўге ҳәм мәкемелерге оптикалық-талшықлы байланыс тармағын орнатыўға қаратылған «Жол картасын» ислеп шықсын ҳәм жылдың ақырына шекем системаның толық енгизилиўин тәмийинлесин.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман)не мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) ҳаққында»ғы нызамға усы қарардан келип шығатуғын ҳәм оның жумысын буннан былай да жетилистириўге ҳәм жәмийетшиликтиң кеңнен қатнасыўын тәмийинлеўге қаратылған өзгерислерди киргизиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын белгиленген тәртипте киргизиў усыныс етилсин.
Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги 2019-жыл 1-сентябрьге шекем:

а) Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий Орай ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Жетим балалар ҳәм ата-анасынан қараўсыз қалған балаларды социаллық қорғаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызам жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин:

жетим балалар ҳәм ата-анасынан қараўсыз қалған балалардың социаллық-ҳуқықый статусы және бундай балаларды тәрбиялаў ушын жайластырыў түрлери;

перзентликке алатуғын шаңарақларды таярлаў ҳәм оларға жәрдемлесиў тәртиби;

жетим балалар ҳәм ата-анасынан қараўсыз қалған балаларды социаллық қорғаў, мүлклик ҳәм мүлклик емес ҳуқықларының кепилликлери;

жетим балалар ҳәм ата-анасынан қараўсыз қалған балалардың ҳуқықый жәрдем алыў және суд қорғаўында болыў ҳуқықларын тәмийинлеў;

жетим балалар ҳәм ата-анасынан қараўсыз қалған балалар «Меҳрибанлық» үйлери ҳәм интернатларды оқып тамамлағаннан соң олардың социаллық бейимлесиўине жәрдемлесиў;

б) Әдиллик министрлиги Турақ-жай комуналлық хызмет көрсетиў министрлиги менен биргеликте ата-анасынан қараўсыз қалған балаларға муниципаллық ҳәм анық мақсетли коммунал турақ жай фондындағы өзлери жасап турған турақ жайларды олар «Меҳрибанлық» үйлерине жайластырылған, ғамқорлық ямаса қәўендерлик уйымының келисимине бола ғамқорлыққа ямаса қәўендерликке алыўшы менен бирге жасап атырған путкил ўақыт даўамында, он сегиз жасқа толғанға шекем бронластырыў тәртибин белгилейтуғын ҳүкимет қарары жойбарын ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин.

Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте балалар үйлери, майып балалар ушын «Мүриўбет» интернат үйлери, туберкулёз кеселлигине қарсы балалар санаторийсы, «Меҳрибанлық» үйлери, Балалар қалашалары ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм нызамшылықты тәмийинлеўге қаратылған жәмийетлик қадағалаўды орнатыўды нәзерде тутатуғын әмелий механизмди енгизиўди нәзерде тутатуғын усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Ишки ислер министрлиги, Әдиллик министрлиги ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орай менен биргеликте үш ай мүддетте:

а) Өзбекстан Республикасының «Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы нызамына:

балаға қолланылатуғын жаўызлық ҳәм зорлықлардың түрлери және оның алдын алыўға байланыслы илажларды;

судқа шекем ҳәм суд процеси қатнасыўшысы болған балаларды қорғаўға қаратылған қосымша кепилликлерди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди;

б) Өзбекстан Республикасының «Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳаққында»ғы нызамына он сегиз жасқа толмаған шахсларды ҳуқықбузарлыққа жол қойғанлығы ушын профилактикалық есапқа алыў орнына, олардың жәмийетке бейимлесиўин тәмийинлейтуғын механизмлерди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшаларды киргизиўди;

в) Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине он сегиз жасқа толмаған шахсты жалланба сыпатында тартыў, оқытыў, қаржыландырыў ямаса оған басқа да материаллық тәмийнат бериў, сондай-ақ, оннан әскерий соқлығысыў ямаса әскерий ҳәрекетлерде пайдаланыў жынаяты ушын жуўапкершиликти аўырластыратуғын нормалар менен толтырыўды нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди;

г) Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң адам саўдасы ушын жуўапкершиликти нәзерде тутатуғын 135-статьясын Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бала ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясына байланыслы Факультативлик протоколға (2000-жылы 25-май, Нью-Йорк) имплементациялаўды нәзерде тутатуғын нызам жойбарын ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына белгиленген тәртипке киргизсин.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды, Бас прокуратурасы ҳәм Ишки ислер министрлиги еки ай мүддетте хызметкерлердиң он сегиз жасқа толмаған шахслар менен ислесиўи бойынша методикалық қолланба ислеп шықсын ҳәм өз хызметкерлериниң қәнигелигин системалы түрде арттырып барсын.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги үш ай мүддетте:

Бас прокуратура, Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте ғамқорлық ҳәм қәўендерлик уйымлары системасын қайта көрип шығып, олардың статусын белгилеў және жумысын жетилистириў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын;

он сегиз жасқа толмаған шахслардың ҳуқықый мүнәсибетлер субъекти сыпатында қатнасыўы ушын қолайлы шараят жаратыў мақсетинде нызам ҳүжжетлериндеги «ер жетпеген» ҳәм «бала» сыяқлы түсиниклерди теңлестириў бойынша өзгерислер ҳәм қосымшаларды нәзерде тутатуғын усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:

еки ай мүддетте Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бала ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясының отыз жыллығын кеңнен белгилеў бойынша илажлар бағдарламасын;

үш ай мүддетте Балалардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм оларға қолайлы шараят жаратыўға байланыслы миллий ҳәрекетлер бағдарламасын тастыйықласын.

Өзбекстан Республикасының Жынаят ҳәм жынаят-процессуаллық нызамшылығын жетилистириў бойынша уйымлараралық комиссиясы (О.Б.Муродов) ҳәм Жынаят-орынлаў нызамшылығын жетилистириў бойынша уйымлараралық эксперт топары (А.Ю.Мавлонов) бир ай мүддетте тийисли кодекслердиң ислеп шығылыўында пайдаланыў ҳәм миллий нызамшылықты жетилистириў мақсетинде ювеналлық әдиллик системасын енгизиў бойынша концепция жойбарын ислеп шықсын.

Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) ҳәм Саўда-санаат палатасы менен биргеликте мийнет нызамшылығы бойынша жумысқа кириў ҳуқықына ийе болған балалардың мийнетинен пайдаланыўда олардың ҳуқықларының кепиллениўин тәмийинлейтуғын қағыйдаларды кең жәмийетшилик арасында үгит-нәсиятласын.

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы усы қарардың мазмун-мәнисин ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирилиўин шөлкемлестирсин.

Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

РУсы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары А.А.Абдуҳакимовқа ҳәм Т.К.Норбоеваға жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти                Ш.МИРЗИЁЕВ    

Ташкент қаласы, 2019-жыл 22-апрель

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться