Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИНИҢ ҚЫТАЙ ХАЛЫҚ РЕСПУБЛИКАСЫНА САПАРЫ ҲАҚҚЫНДА

2019-04-22 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниң мирәт етиўи бойынша усы жыл 24-27-апрель күнлери «Бир мәкан, бир жол» екинши халықаралық форумы илажларына қатнасыў ушын әмелий сапар менен Қытайда болады.

Форум жумысына 40 тан аслам сырт мәмлекетлердиң ҳәм ҳүкиметлердиң, халықаралық және регионаллық шөлкемлердиң басшылары қатнасыўы күтилмекте. Әнжуман күн тәртибинен регионда экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, узақ мүддетли раўажланыўдың жаңа дереклерин излеп табыў бағдарында шерикликти жеделлестириў, «жасыл» экономика ҳәм инновацияларды алға қойыў, әҳмийетли инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыў мәселелери орын алған.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҚХР Баслығы Си Цзиньпин ҳәм Пүткилқытай халық ўәкиллери кеңеси турақлы комитетиниң Баслығы Ли Чжаньшу менен ушырасыўлар өткереди.

Өзбекстан менен Қытай арасындағы ҳәр тәреплеме стратегиялық шерикликти буннан былай да беккемлеў, сондай-ақ, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе баслы мәселелерди додалаў режелестирилген.

Президентимиз форумға қатнасатуғын сырт мәмлекетлер делегацияларының ҳәм халықаралық шөлкемлердиң басшылары менен еки тәреплеме  бир қатар сөйлесиўлер өткереди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться