Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

АТА-БАБАЛАР МИЙРАСЫНА ҲҮРМЕТ ХАЛЫҚЛАРЫМЫЗДЫҢ ДОСЛЫҒЫН ҲӘМ БИРГЕ ИСЛЕСИЎИН БЕККЕМЛЕЙДИ

2019-04-22 | Сиясат

Бурын хабар етилгениндей, Корея Республикасы Президенти Мун Чжэ Ин мәмлекетлик сапар менен елимизде болып тур.

Жоқары дәрежедеги сапар етиў шеңберинде 20-апрель күни Ташкент қаласында Корейс мәденияты ҳәм көркем өнери үйиниң ашылыў мәресими өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Корея Республикасы Президенти Мун Чжэ Ин жубайлары менен бирге усы дослық ҳәм мәденият сарайын ашты.

– Пайтахтымыздың шырайына-шырай бағышлап турған бул саўлатлы имарат  келбетинде заманагөй архитектураның жетискенликлери дәстүрий корейс мәденияты менен үйлескен. Бул жер халықларымыздың беккем дослығы ҳәм мәмлекетлер арасындағы қатнасықлар жоқары басқышқа көтерилгениниң айқын дәлили болып табылады, – деди мәмлекетимиз басшысы.

– Бул орай дослық, татыўлық ҳәм тилеклеслик майданы. Ол Өзбекстандағы корейслер  диаспорасы, бул жерде ислеп атырған кореялылар ҳәм барлық өзбекстанлылар ушын улыўма үй болады. Көп жағынан уқсас халықларымыз ҳәм дослық байланыслары беккемленип атырғаны мәмлекетлеримизди байланыстырып турады, деп ойлайман, – деди Мун Чжэ Ин.

Сахнада корейслердиң елимизге көширип алып келиниўи, халқымыз бенен татыў жасаўы ҳаққында көркем композиция көрсетилди.

Бизге белгили болғанындай, 1937-жылы Узақ Шығыстан он мыңлаған корейслер мәмлекетимизге көширилген. Усы ўақыттағы қыйыншылықларға қарамастан, өзбек халқы оларды жыллы жүзлилик пенен қабыл еткен, баспана берип, меҳир көрсеткен. Өзиниң мийнет сүйгишлиги ҳәм беккем ерк-ықрарының нәтийжесинде корейслер елимизде екинши Ўатанын тапты. Бүгин олар бәршемизге бирден-бир Ўатан болған Өзбекстанымыздың раўажланыўы жолында шын кеўилден мийнет етпекте.

Корейс диаспорасы көп миллетли Өзбекстан халқының ажыралмас бөлеги болып, дәстүрий түрде елимиз көлеминде өткерилетуғын барлық ғалаба ҳәм мәдений илажларға белсене қатнасады.

Пайтахтымыздағы «Дослық бағы»нда корейс диаспорасы тәрепинен сақый өзбек жериндеги кеңпейиллик, ҳақ кеўиллилик ҳәм ғамқорлық, тыныш ҳәм парахат турмыс ушын миннетдаршылық белгиси сыпатында естелик монументи жаратылған.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде корейс миллетиндеги 180 мыңнан аслам жерлесимиз жасайды. Олардың үш жүзге шамаласы мәмлекетимиздиң жоқары сыйлықлары менен сыйлықланған.

Мәмлекетимизде барлық миллет ҳәм халық ўәкиллери қатарында корейс миллетиндеги жерлеслеримиз ушын да өз миллий мәденияты, тили, үрп-әдетин ҳәм дәстүрлерин қәстерлеп сақлаўы ҳәм раўажландырыўы ушын барлық шараят жаратылған. Онлаған корейс мәденият орайлары жумыс алып бармақта. Буннан тысқары, 12 жоқары билимлендириў мәкемесинде корейс филологиясы, 48 мектеп ҳәм лицейде корейс тили оқытылмақта. Корейс тилинде китап ҳәм газеталар басып шығарылмақта, көргизбелер, концерт ҳәм фестивальлар өткерилмекте. Спорт жарыслары шөлкемлестирилмекте.

Мәмлекет басшылары өзбекстанлы корейс художниклериниң шығармаларының көргизбеси менен танысты.

Бүгин пайтахтымызға өзгеше шырай бағышлап турған Корейс мәденияты ҳәм көркем өнери үйиниң қурылысы буннан үш жыл бурын басланған. Шавкат Мирзиёев бул имаратқа рәмзий тийкар салыў мәресиминде қатнасқан еди.

Корейс мәденияты ҳәм көркем өнери үйи 478 орынлық киноконцерт залы, конференциялар залы, китапхана, көркем галерея, ресторан ҳәм хызмет бөлмелерин өз ишине алған. Ол жәмийетшилик ҳәм жаслар умтылатуғын, уқсас мәдениятымызды байытатуғын және бир орынға айланады. Бул күн айрықша стратегиялық шерик мәмлекетлер – Өзбекстан ҳәм Қубла Корея қатнасықлары тарийхында және бир айқын бет болып қалады.

Корея Республикасы Президенти Мун Чжэ Ин күнниң екинши ярымында Самарқанд қаласына келди..

Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Мун Чжэ Ин жубайлары менен бирге Самарқандтағы тарийхый естеликлерди тамашалады.

Мәмлекет басшылары дәслеп Мырза Улығбек обсерваториясына барды. Әмир Темурдың сүйикли ақлығы болған Муҳаммад Тарағай Мырза Улығбек уллы астроном илимпаз ҳәм ҳүкимдар сыпатында илим ҳәм мәденияттың раўажланыўына үлкен үлес қосқан. Орта әсирлерден-ақ бийбаҳа обсерватория ашып, аспан денелерин жүдә анық үйренген. Оның «Зижи жадиди Кўраганий» дөретпеси дүнья астрономия пәниниң раўажланыўында әҳмийетли қолланба болып хызмет еткен.

Мырза Улығбек ҳаққында кореялылар да мағлыўматқа ийе екени,  бул жерге келген адам оның зейини, илимниң раўажланыўына қосқан үлеси шексиз екенине және бир мәрте исеним пайда ететуғыны атап өтилди.

Өзбекстан ҳәм Қубла Корея Президентлери «Афросиёб» музейинде болды.

Самарқанд қаласының үш мың жыллық тарийхынан сөз ететуғын бул музей, усы жердеги бийбаҳа экспонат ҳәм дийўалдағы сүўретлер пүткил дүньяның туристлерин, әсиресе, кореялыларды өзине тартып келеди. Себеби, VII әсирге тийисли дийўалдағы сүўретлерден биринде Самарқанд ҳүкимдарының әййемги Корея – Когурё елшисин қабыл етиў мәресими де сүўретленген.

Қубла Корея Президенти усы тарийхый сүўретти айрықша таңланыў ҳәм қызығыўшылық пенен тамашалап, халықларымыз арасындағы байланыслар узақ өтмишке барып тақалатуғынын, бул дослық ҳәм бирге ислесиў буннан кейин де мәңги болатуғынын атап өтти.

Усы жерде, мәмлекет басшылары жанында Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы менен Корея Республикасының Мәдений мийрас администрациясы арасында қол қойылған мәдений мийрас тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы түсинисиў меморандумы өз-ара алмасылды.

Дүньяға белгили Регистан майданы – ата-бабаларымыздың дөретиўшилик потенциалын көрсететуғын және бир орын. Мырза Улығбек, Шердор ҳәм Тиллакори медреселериниң сулыўлығы, өзине тән архитектурасы бәршеде таңланыў ҳәм ҳәўес етиўди оятады.

Корея Республикасы Президенти де Регистандағы Тиллакари медресеси ҳәм мешитин, миллий өнерментшилик өнимлериниң көргизбесин тамашалады. Жоқары мәртебели мийманға медреселер қурылысының тарийхы, кирер жердеги нағыслар ҳәм белгилердиң мазмуны ҳаққында айтып берилди.

Усы жерде комплексти зыяратлаўға келген туристлер ҳәм Самарқанд қаласының халқы Өзбекстан Республикасы ҳәм Корея Республикасы Президентлерин қол шапатлаўлар менен қоллап-қуўатлады.

Дүнья халықларының абырайлы көркем өнер байрамына айланып үлгерген «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалын Регистан майданысыз көз алдымызға келтире алмайтуғынымызды атап өтиў керек. Ҳәр еки жылда өткерилетуғын бул илажға Корея Республикасы жәмәәтлери де турақлы қатнасып, жоқары нәтийжелерге ерисип келмекте. Атап айтқанда, 2017-жылы усы мәмлекеттиң «Геосонг» халық қосықларын сақлаў фонды жәмәәти биринши орынды қолға киргизген еди. Быйыл Регистанда «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалы он екинши мәрте өткериледи ҳәм оған Кореядан да жәмәәтлер қатнасыўы күтилмекте.

Әмир Темур мавзолейин зыярат етиў ўақтында мийманларға уллы бабамыздың мәмлекетшиллик сиясаты, әскерий шеберлиги, ҳәр қыйлы мәмлекетлер менен дипломатиялық байланыслары ҳаққында айтып берилди. Әмир Темур ҳәм темурийлер мәмлекети өз дәўириниң ең үлкен ҳәм раўажланған мәмлекети болғаны мийманларда үлкен тәсир қалдырды.

Корея Республикасы Президенти Мун Чжэ Инниң Өзбекстанға сапары даўам етпекте.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться