Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ӨЗБЕКСТАН ҲӘМ ҚУБЛА КОРЕЯ ҚАТНАСЫҚЛАРЫ АЙРЫҚША СТРАТЕГИЯЛЫҚ ШЕРИКЛИК ДӘРЕЖЕСИНЕ КӨТЕРИЛДИ

2019-04-19 | Сиясат

Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине байланыслы Корея Республикасы Президенти Мун Чжэ Ин 18-апрель күни мәмлекетлик сапар менен Өзбекстанға келди.

Өзбекстан менен Қубла Корея географиялық жақтан бир-биринен узақ, бирақ кеўли жақын, тынышлық ҳәм раўажланыў жолында мақсети бирдей мәмлекетлер есапланады. Тарийхтан белгили, мәмлекетлеримиз Уллы жипек жолы дәўирлеринен баслап өз-ара қатнасықта болған. Самарқандтағы «Афросиёб» музейинде сақланып атырған дийўалдағы сүўретлерде VII әсир орталарында Самарқанд ҳүкимдарының әййемги Корея – Чосон елшисин қабыл етиў мәресими сәўлелендирилгени буған айқын мысал бола алады.

Мәмлекетлеримиз  ўақыт сынағынан өткен исенимли стратегиялық шериклер болып есапланады. Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер ҳәм бир мақсеттеги умтылыслар нәтийжесинде мәмлекетлеримиздиң бирге ислесиўи барлық бағдарларда избе-из раўажланбақта. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жыл 22-25-ноябрь күнлери Корея Республикасына мәмлекетлик сапары өз-ара қатнасықларды сапа жағынан жаңа басқышқа көтерди.

Бул тарийхый сапар етиў көп қырлы байланысларды раўажландырыў ушын беккем тийкар жаратты. Сапар етиў шеңберинде мәмлекетлераралық, ҳүкиметлераралық ҳәм мәкемелераралық 20 дан зият келисим, сондай-ақ, улыўма баҳасы 10 миллиард АҚШ долларынан аслам болған 64 ҳүжжетке қол қойылды.

Корея Республикасы Президентиниң Өзбекстанға мәмлекетлик сапары Өзбекстан-Қубла Корея қатнасықлары тарийхындағы әҳмийетли ўақыя сыпатында мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымызды және де жақынластырыўға хызмет етеди.

Сапар етиўдиң  тийкарғы ўақыялары 19-апрель күни Көксарай резиденциясында болып өтти.

Рәсмий күтип алыў мәресиминен соң Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Мун Чжэ Ин тар шеңберде ушырасыў өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы жоқары мәртебели мийманды қутлықлап, бул узақ күтилген ҳәм әҳмийетли сапар етиў екенлигин атап өтти.

-Қубла Корея Өзбекстанның исенимли ҳәм әҳмийетли шериги. Мен 2017-жылдағы ушырасыўымызды қанаатланыўшылық пенен еске аламан. Сөйлесиўлеримиз шын кеўилден ҳәм конструктивлик руўхта өтип, әҳмийетли ҳүжжетлерге қол қойылған еди. Бул соңғы жыллардағы бирге ислесиўдиң раўажланыўына тийкар болды. Сизиң бул сапар етиўиңиз мәмлекетлераралық қатнасықларымызға жаңа күш бағышлайды,-деди Шавкат Мирзиёев.

Корея Республикасы Президенти мирәт еткени ушын миннетдаршылық билдирип, Өзбекстан-Қубла Корея қатнасықлары өз-ара дослық ҳәм бирге ислесиў руўхында избе-из раўажланып атырғанын атап өтти.

-Өзбекстан әййемги ҳәм бай тарийхқа ийе, Уллы жипек жолының орайы болған үлке. Бүгинги күнде мәмлекетиңиз өз раўажланыўының жаңа дәўирине қәдем қоймақта. Өзбекстанды Қубла Кореяның саўда ҳәм инвестициялық байланысларды жеделлестириўге қаратылған «Жаңа арқа сиясаты»нда әҳмийетли орын ийелейтуғын шерик деп билемиз. Сизиң Сеулге сапарыңыз даўамында мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шерикликти беккемлеўге ерискен едик. Бул сапары оны айрықша стратегиялық дәрежеге көтериў нийетиндемиз,-деди Мун Чжэ Ин.

Өзбекстан күшли экономикалық, индустриаллық ҳәм интеллектуаллық потенциалға ийе Корея Республикасы менен бирге ислесиўди және де беккемлеўге стратегиялық мәселелерден бири сыпатында қарайды. 1992-жылы мәмлекетлеримиз арасындағы дипломатиялық қатнасықлар орнатылғаннан соң өз-ара байланысларды раўажландырыў бағдарында әҳмийетли нәтийжелерге ерисилди.

Мәмлекетлеримиз арасында мәмлекетлераралық, ҳүкиметлераралық ҳәм мәкемелераралық 170 ден аслам ҳүжжет қабыл етилген. Бул әҳмийетли ҳуқықый база өз-ара бирге ислесиўдиң беккем тиреги болып хызмет етпекте. 2006-жылы қол қойылған Стратегиялық шериклик ҳаққындағы қоспа декларация, 2017-жылы қабыл етилген Стратегиялық шериклик қатнасықларын ҳәр тәреплеме тереңлестириў ҳаққында Биргеликтеги билдириў тәреплердиң бирге ислесиўге садықлығынан, дослығы ҳәм өз-ара исениминен дәрек береди.

Мәмлекетлеримиз БМШ ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлер шеңберинде бирин-бири қоллап-қуўатлап келмекте. Өзбекстан Корея Республикасының глобал қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарында үлкен әҳмийетке ийе болған, Корея ярым атаўындағы өз-ара аўызбиршиликти беккемлеўге бағдарланған тынышлықты сүйиўши сиясатын мақуллайды.

Өз гезегинде, Корея Республикасы 2018-жылы Өзбекстанның басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен қабыл етилген «Орайлық Азия регионында тынышлықты, турақлылықты ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеў бойынша регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў» және «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» резолюцияларын қоллап-қуўатлады.

Парламентлераралық байланыслар, ҳүкиметлер, министрликлер ҳәм уйымлардың делегациялар алмасыўлары жеделлести, сыртқы сиясат уйымлары арасында сиясий мәсләҳәтлесиўлер механизми нәтийжели көриниске енди.

Сөйлесиўде мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, өз-ара пайдалы бағдарларды табыў, «саатларды салыстырып алыў» мақсетинде сиясий сөйлесиўлер ҳәм мәсләҳәтлесиўлерди жедел даўам еттириў бойынша исенимли пикир билдирилди.

Еки мәмлекеттиң бирге ислесиўи, халықларымыз арасындағы дослық байланысларды кеңейтиў мақсетинде стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеўге келисип алынды.

Саўда-экономикалық байланыслардағы өсим пәтлери унамлы баҳаланып, оны және де арттырыў ушын имканиятлардың көп екенлиги атап өтилди. Усы мақсетте ҳуқықый ҳәм институционаллық инфраструктураны жетилистириў, түрли дәрежедеги сапарлар ҳәм исбилермен топарлар арасындағы ушырасыўларды көбейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Сойлесиў ўақтында тәреплерди қызықтырған регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысылды.

Президентлер сөйлесиўди еки мәмлекеттиң рәсмий делегацияларының қатнасыўында даўам еттирди. Онда саўда-экономикалық, инвестициялық, финанс-техникалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары додаланды.

Өзбекстан Республикасы менен Корея Республикасының бирге ислесиўи дерлик барлық тараўларды өз ишине алған. Саўда тараўында ең көп қолайлық тәртиби орнатылған. Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссия өз-ара пайдалы жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда әҳмийетли орын ийелемекте.

Усы жылы 4-мартта Ташкентте оның тоғызыншы мәжилиси болып өтти. 2018-жылы экономикалық мәселелер бойынша Бас министр орынбасарлары мәжилиси форматы да жолға қойылды.

Өткен жылы еки мәмлекет арасындағы товар алмасыў көлеми 2,1 миллиард доллардан артты.

Өзбекстанда қубла кореялы инвесторлардың қатнасыўында дүзилген 660 кәрхана жумыс алып бармақта. Олардың 354 и толық сырт ел инвестициясы есабынан шөлкемлестирилген. Бул еки мәмлекет исбилерменлери арасында саўда-экономикалық бирге ислесиў раўажланып атырғанынан дәрек береди.

Елимизде бул мәмлекеттиң 75 компаниясы дизимнен өткен. 2018-жылы Инчеон қаласында «Өзбекстан – Корея саўда үйи» ашылды. Ол Өзбекстанның жәҳән стандартларына сай өнимлерин Қубла Корея базарына жеткерип бериўде әҳмийетли роль атқармақта.

Қубла Корея Өзбекстанда экономиканы либералластырыў ҳәм инвестиция орталығын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған реформаларды қоллап-қуўатлады. Бул мәмлекетимизге инвестициялар ҳәм жоқары технологиялар келиўин көбейтип, қосымша қунға ийе өнимлер ислеп шығарыў,  турақлы жумыс орынларын жаратыўға хызмет етеди.

Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстан энергетика, нефть-газ, химия, кәншилик, транспорт ҳәм логистика тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиў, машина қурылысы, электр техникасы, тоқымашылық және азық-аўқат санаатын, инфраструктураны раўажландырыў бойынша перспективалы жойбарларды әмелге асырыўдан мәпдар екенин атап өтти. Қубла Корея компаниялары елимизде өзлерин еркин ҳәм қолайлы сезиўлери ушын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланатуғынын айрықша атап өтти.

Сөйлесиўде бул тараўлардағы жаңа имканиятлар, оларды турмысқа енгизиў бойынша усыныслар көрип шығылды. Экономиканың жетекши тармақлары, елимиздеги еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналарында кәрханалар шөлкемлестириў, «электрон ҳүкимет»ти раўажландырыў, инновациялық ҳәм социаллық тараўлар бойынша кадрларды таярлаўды даўам еттириўге келисип алынды.

Өзбекстан ҳәм Қубла Корея мәлимлеме технологиялары, цифрлы медицина, билимлендириў, мәденият тараўларында нәтийжели бирге ислесип келмекте. Мәмлекетимиздиң мектепке шекемги билимлендириў системасына Қубла Корея тәжирийбеси кеңнен енгизилмекте.

Өзбек ҳәм корейс халықларының дүньяқарасы ҳәм үрп-әдетлери уқсас. Мәмлекетлеримиз ең қыйын дәўирлерде бирин-бири қоллаған. Бүгин Өзбекстанда жасап атырған 180 мыңнан аслам корейс диаспорасы көп миллетли жәмийетимиздиң ажыралмас бөлегине айланған. Корейс мәденият орайлары ассоциациясы, ўәлаятларда оның бөлимлери жумыс алып бармақта. Ассоциация елимизде ҳәм сырт елде корейс тили, мәденияты, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин сақлаў және раўажландырыў бойынша жедел жумыс алып бармақта.

2017-жылы Өзбекстанда корейс миллетиниң ўәкиллери жасап атырғанының 80 жыллық мүнәсибети менен пайтахтымыздағы «Дослық» бағында естелик монументи ашылды. Пайтахтымыздың орайлық көшелериниң бирине Сеул аты берилди. Корейс халқының руўхый-ағартыўшылық-мәдений мийрасын сақлаў ҳәм раўажландырыў мақсетинде Корея Республикасы ҳүкимети тәрепинен Ташкент қаласында Корея мәденияты үйи қурып питкерилди. Бул жер халықлармыздың мәңги дослығының және бир айқын тымсалы болады.

Мәмлекетимиздиң жоқары оқыў орынлары Қубла Кореядағы 45 тен аслам илимий-изертлеў мәкемеси менен бирге ислесиўди орнатқан. Пайтахымызда Корея Республикасының төрт университетиниң филиалы ашылған.

Медицина тараўы да бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларынан бири болып есапланады. Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA)ниң финанс-тенхикалық жәрдеминде өзбекстанлы қәнигелер Қубла Кореядағы жетекши клиника ҳәм орайларда қәнигелигин арттырмақта, кореялы шыпакерлер тәрепинен елимиздиң халқы еркин түрде медициналық бақлаўдан өткерилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан бул тараўлардағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўден мәпдар екенин атап өтти. Қубла Корея Президенти алдынғы тәжирийбелерден пайдаланыў ҳәм кадрлардың қәнигелигин арттырыўға үлес қосыўға таяр екенин билдирди.

Нәтийжели сөйлесиўлерден кейин еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болды.

Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Мун Чжэ Ин Өзбекстан Республикасы менен Корея Республикасы арасында Айрықша стратегиялық шериклик ҳаққындағы қоспа декларацияға қол қойды.

Ҳүкимет ҳәм министрликлер арасында инвестицияларды хошаметлеў ҳәм өз-ара қорғаў, еркин саўда келисимин дүзиўди үйрениў, тыныш мақсетте космосты изертлеў, илим, технология және инновациялар тараўында бирге ислесиў, денсаўлықты сақлаў тараўында бирге ислесиў бойынша Өзбекстан – Корея орайын шөлкемлестириўге байланыслы басқа да ҳүжжетлерге қол қойылды.

Сапар етиў шеңберинде мектепке шекемги билимлендириў, мийнет ҳәм бәнтлик, әдиллик, аўыл хожалығы, капитал базарын раўажландырыў, киши ҳәм орта бизнес, өсимликлер карантини тараўларында, сондай-ақ, мәмлекетлеримиздиң саўда-санаат палаталары арасында еки тәреплеме бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылғаны атап өтилди.

Ғалаба хабар қураллары ушын өткерилген брифингте Президентлер дәстүрий дослық, ашық-айдынлық ҳәм өз-ара түсинисиў руўхында өткен сөйлесиўлердиң нәтийжелеринен қанаатланатуғынлығын айрықша атап өтти.

– Сөйлесиўлеримиз Өзбекстан менен Қубла Кореяның сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўи халықларымыздың узақ мүддетли мәплерине толық сәйкеслигин, халықаралық ҳәм регионаллық машқалалар, қәўипсизлик және турақлылықты тәмийинлеў мәселелери бойынша позицияларымыз жақын екенин көрсетти. Бүгин қол қойылған Айрықша стратегиялық шериклик ҳаққындағы қоспа декларация мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар улыўма жаңа басқышқа көтерилгенин көрсетеди, – деди Шавкат Мирзиёев.

– Дүньяның дыққат орайында болып киятырған Өзбекстан Президентине терең ҳүрметимди билдиремен. Шавкат Мирзиёев барлық тараўлардағы – сиясат, экономика, социаллық турмысқа байланыслы реформалары менен Өзбекстанды жаңа раўажланыў басқышына алып шықпақта. Бүгин мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықларды айрықша стратегиялық шериклик дәрежесине көтердик. Оны турмысқа енгизиў механизмлерин, өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыўдың жаңа бағдарларын додалап, перспективалы келисимлерге еристик, – деди Мун Чжэ Ин.

Күнниң екинши ярымында Корея Республикасы Президенти Мун Чжэ Ин Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына барып, мәмлекетимиздиң парламент ағзалары алдында шығып сөйледи.

Корея Республикасының басшысы Өзбекстан Бас министри Абдулла Арипов пенен биргеликте Мустақиллик майданына барды. Жоқары мәртебели мийман еркинлигимиз, айдын келешегимиз ҳәм жақсы нийетлеримиздиң белгиси болған Ғәрезсизлик ҳәм жақсылық монументине гүл қойды.

Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Мун Чжэ Ин «Өзэкспоорай»да шөлкемлестирилген Өзбекстан – Қубла Корея бизнес-форумының ашылыў мәресиминде қатнасты.

Форумда еки мәмлекеттиң экономикалық ҳәм финанслық структураларының басшылары, жетекши исбилерменлери, атап айтқанда, Корея Республикасының 150 компания ҳәм шөлкеминен 350 ден аслам ўәкил қатнасты.

Мәмлекетимиз экономикасындағы Қубла Корея инвестицияларының улыўма көлеми 7 миллиард доллардан асқан. Корея миллий нефть корпорациясы, Эксимбанки,«Kogas», «Lotte group», «Samsung», «Hyundai», «Shindong resources» ҳәм басқа да көплеген жетекши компаниялары елимизде ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда белсене қатнаспақта.

Мәмлекетимиз басшысы Көксарайда болып өткен сөйлесиўлерде исбилерменлик байланысларын қоллап-қуўатлаў, әсиресе, орта ҳәм киши бизнести раўажландырыўға айрықша итибар қаратылғанын атап өтти.

– Бүгин Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм өзгерислер үлкен идеялар және жойбарларды турмысқа исенимли енгизиў ушын кең имкниятлар ашпақта. Өткен жылы елимизде қоспа кәрханалардың саны 3 есеге көбейди. Биз буннан былай да Корея бизнесиниң мәмлекетимиздеги қатнасын кеңейтиў ушын ең қолайлы шараятларды жаратыўға таярмыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Корея Республикасы Президенти Өзбекстан әзелден саўда, илим, мәденият орайы болғанын, бүгинги күнде де бизнес ушын кең имканиятлар ашылып атырғанын атап өтти. Қубла Корея Өзбекстандағы инвестициялық жойбарларды қолап-қуўатлаў, алдынғы тәжирийбелер менен ортақласыўға таяр екенин билдирди.

Бизнес-форумда еки мәмлекет компаниялары ҳәм шөлкемлери арасындағы инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў, жаңа жойбарларды ислеп шығыў және әмелге асырыў, товарларды жеткерип бериў ҳәм хызмет көрсетиў мәселелери додаланды. Улыўма баҳасы 12 миллиард доллардан аслам болған келисимлерге ерисилгени атап өтилди. Олар энергетика, нефть-газ, химия, таў-кән, машина қурылысы ҳәм электр техникасы, транспорт және логистика, тоқымашылық ҳәм азық-аўқат санааты, инфраструктуралар, мәлимлеме-коммуникация технологиялары, санлы медицина сыяқлы тийкарғы бағдарларды қамтып алған.

«Ангрен» еркин экономикалық зонасын «Инчхон» еркин экономикалық зонасының басқарыўына бериў, «Бостанлық-фарм» аймағында ең әҳмийетли дәри-дәрмақларды ислеп шығарыў бойынша келисимлер айрықша итибарлы болып есапланады.

Мәмлекетимиз басшысы Қубла Корея исбилерменлерин елимиздиң экономикасындағы жаңа имканиятлардан жедел пайдаланыўға шақырды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Корея Республикасы Президенти Мун Чжэ Ин жубайлары менен биргеликте еки мәмлекеттиң көркем өнер ғайраткерлериниң концерт бағдарламасында қатнасты.

Жоқары мәртебели мийманның ҳүрметине шөлкемлестирилген бул концертте елимиз көркем өнер ғайраткерлери, корейс мәденият орайының ағзалары ҳәм Қубла Кореядан келген дөретиўши топарлар қатнасты.

Концертте өзбек ҳәм корейс миллий қосықлары атқарылды. Оларда халықларымыз арасындағы дослық, мәдений бирге ислесиў және бир мәрте көзге тасланды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться