Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ТУРИЗМ, ҚАЙТА ТИКЛЕНЕТУҒЫН ЭНЕРГИЯ ДЕРЕКЛЕРИ, МӘМЛЕКЕТЛИК-ЖЕКЕ МЕНШИК ШЕРИКЛИК НЫЗАМ МЕНЕН ТӘРТИПКЕ САЛЫНАДЫ

2019-04-17 | Туризм

2019-жыл 16-апрель күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар елимиздиң жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық турмысының ҳәр қыйлы тараўларында әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеўге қаратылған бир қатар жойбарларды додалады.

Парламент ўәкиллери дәслеп «Туризм ҳаққында»ғы  нызам жойбарын үшинши оқыўда көрип шықты. Атап өтиў керек, Олий Мажлис төменги палатасының усы жыл 2-апрельде болып өткен мәжилисинде бул жойбар «Туризм ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары көринисинде екинши оқыўда қызғын додаланған еди. Онда депутатлар тәрепинен билдирилген пикирлер, додалаўлар менен усыныслардың тийкарғы мақсети әмелдеги «Туризм ҳаққында»ғы нызамға дерлик жетпис процент өзгерислер менен қосымшалар киргизилип атырғаны, туризмге енди экономиканың стратегиялық статусы берилгенинен келип шығып, жойбар үшинши оқыўға «Туризм ҳаққында»ғы жаңа нызам сыпатында таярланады. Онда белгиленген 21 тийкарғы түсиниктен 9 ы, мәселен, «туристлик хызметлер буйыртпашысы», «жайластырыў қуралы», «туристлик жумыс» сыяқлы түсиниклер тийисли статьяларға киргизилди ҳәм тийкарғы түсиниклер қатарынан шығарып тасланды. Жойбар бир қатар жаңалықлар, жаңа атамалар ҳәм түсиниклерге бай болғаны ушын Нызамшылық палатасының Нормативлик-ҳуқықый атамалар комиссиясында нызам дөретиўшилери, қәнигелер ҳәм филологлардың қатнасыўында және бир мәрте додалаўдан өткерилип, юридикалық атамалар ҳәм тил қағыйдаларына толық муўапықластырылды.

Бир топар депутатлар тәрепинен нызамшылық басламасы ҳуқықы тийкарында киргизилген «Қайта тикленетуғын энергия дереклери ҳаққында»ғы нызам жойбары да додалаўларға бай болды.

Атап өтилгениндей, Өзбекстанның раўажланыўы ушын қайта тикленетуғын энергия дереклеринен пайдаланыў елимиздиң энергетикалық, экологиялық ҳәм экономикалық қәўипсизлиги мақсетлеринде, сондай-ақ, республика энергетикасының турақлы раўажланыўы ушын оғада үлкен әҳмийетке ийе. Әсиресе, қайта тикленетуғын энергетика шетки, таўлы ҳәм алыс аймақлардың энергия тәмийнатында ықлым шараятымызға сай қуяш ресурслары, киши гидроэнергетика, самал ресурслары, биомасса ҳәм геотермаликалық энергия экономикалық тийкарланған энергия дереги болып хызмет етеди.

Додалаўлар ўақтында атап өтилгениндей, бул тараўдағы қатнасықларды тәртипке салыў бойынша бир қатар нормативлик ҳүжжетлер, тийисли қарарлар қабыл етилген, кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Усы тараўда айрықша нызамның қабыл етилиўи болса, дәслеп қайта тиклениўши энергия дереклерин буннан былай да кеңнен раўажландырыўға ҳәм енгизиўге бағдарланған нормативлик-ҳуқықый базаны, тараўдағы жумыслар ушын нызамлы тийкар, кепиллик жаратыў арқалы сырт елли инвесторлардың исенимине ерисиўге және мәплерин тәмийинлеўге хызмет етеди. Сондай-ақ, экономика тармақларында, социаллық тараўларда энергия нәтийжелилигин жанылғы-энергетика балансын, мәмлекет энергетика қәўипсизлигин тәмийинлеў, тараўда мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларын ҳәм комплексли илажларын системалы беккемлеўге жәрдемлеседи.

Нызам жойбарының биринши оқыўындағы додалаўларында билдирилген тийкарғы наразылықлар – нормалар сапластырылды, тараўдың ўәкилликли уйымы анық белгиленди.

Мәжилисте додалаўы қызғын болған мәселелерден және биреўи «Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққында»ғы нызам жойбары болды. Атап өтилгениндей, бул жойбар елимизде мәмлекетлик-жеке меншик шерикликтиң ҳуқықый тийкарын жаратыў, халықаралық әмелиятқа муўапық, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик бойынша жойбарларды таярлаў ҳәм әмелге асырыў бойынша бирден-бир қағыйда ҳәм тәртипти үйретиўди нәзерде тутады. Жойбардың қабыл етилиўи сырт ел инвестицияларын және де кеңнен тартыў, перспективалы жойбарларды халықаралық тәжирийбе тийкарында әмелге асырыўға имканият береди. Буннан тысқары, қосымша жумыс орынлары жаратылыўына, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик процесслерине тартылатуғын тараўларда қәнигелердиң маманлығын арттырыўға жәрдемлеседи.

Усы нызам жойбарын додалаўлар ўақтында сиясий партиялардың парламенттиң төменги палатасындағы фракциялары өзлериниң исенимли мүнәсибетин билдирди. Соның ишинде, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы (ӨзЛиДеП) фракциясы ағзаларының пикиринше, өткен дәўирде елимизде экономиканы либералластырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар, институционаллық реформалар инвестиция орталығын жақсылаўға, сырт елли ҳәм жергиликли инвесторлар санының артып барыўына жәрдемлесиўи менен бирге, дәстүрий тәризде мәмлекет қарамағында және басқарыўында болған экономика тармақлары, социаллық тараўда жыйналып қалған машқалалар ҳәм кемшиликлер мәмлекетлик-жеке меншик шериклик системасын енгизиўди жеделлестириў бойынша әҳмийетли илажлар көриўди талап етпекте.

Жойбар ӨзЛиДеПтиң базар реформаларын тереңлестириў, экономиканы либералластырыў ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырыў бойынша тийкарғы ўазыйпаларына толық сәйкес келеди.

«Миллий Тикланиш» демократиялық партиясы фракциясының ағзалары нызам жойбары бойынша пикир жүргизип, оның қабыл етилиўи Өзбекстанда мәмлекетлик-жеке меншик шерикликтиң беккем ҳуқықый тийкарын жаратыўына исеним билдирди. Сырт ел инвестицияларын кеңнен тартыў, халықаралық тәжирийбе тийкарында жойбарларды әмелге асырыўға имканият жарататуғынын мәлим етти. Буннан тысқары, нызам жойбары қосымша жумыс орынлары ашылыўына, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик процеслерине тартылатуғын қәнигелердиң билим ҳәм шеберлик дәрежесин арттырыўға жәрдем беретуғыны атап өтилди. Усы партияның сайлаўалды бағдарламасында бул бағдарда белгиленген тийкарғы мақсет-ўазыйпаларға толық сәйкес келетуғын усы нызам жойбарында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликтиң мақсет ҳәм өлшемлери, әмел етиў мүддети, тәсир етиў тараўлары, шәртнама тәреплери ҳәм институционаллық механизми анық белгиленгени айтылды.

Нызам жойбары Өзбекстан ХДП фракциясы тәрепинен де партияның программалық мақсетлеринен келип шыққан ҳалда терең талланды. Атап өтилгениндей, усы нызам жойбары социаллық тараў объектлерин қурып, пайдаланыўға тапсырыў бойынша көплеген машқалалар шешимине де хызмет етеди. Өз гезегинде, фракция ағзалары жойбардың Өзбекстан ХДП сайлаўалды бағдарламасындағы ўазыйпалар менен сәйкеслигинен келип шығып, оны қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди. Соның менен бирге, фракция ағзалары тәрепинен мәмлекетлик-жеке меншик шериклик қатнасықлары мәмлекетлик мәплерди есапқа алып, ҳәр тәреплеме мақул шәртлерде, әдил болыўы бойынша нызам жойбарын жетилистириў мақсетинде бир қатар усыныслар алға қойылды.

Өзбекстан «Адолат» СДП фракция ағзаларының көзқарасына бола, жойбарда сәўлеленген мәселелер усы партияның бағдарламасы ҳәм мақсетлерине сәйкес келеди. Фракция ўәкиллери мәмлекет тәрепинен халықтың дәраматын избе-излик пенен көбейтиў бойынша әмелге асырылып атырған сиясатты қоллап-қуўатлаған ҳалда, социаллық шериклик қатнасықларын беккемлеў, бизнес структураларының социаллық жуўапкершилигин буннан былай да арттырыў, мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектор арасында өз-ара пайдалы байланысларды беккемлеў және бул бойынша нызамшылық базасын жетилистириў әҳмийетли ўазыйпа сыпатында белгиленгенин атап өтти. Усыларды есапқа алып, фракция нызам жойбарын қабыл етиўди қоллап-қуўатлаў менен бирге, ол экономика ҳәм социаллық тараўдың тийкарғы бағдарларында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыўға хызмет ететуғынына үмит билдирди.

Мәжилисте Олий Мажлис Нызамшылық палатасының ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелер додаланып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться