Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ӨЗБЕКСТАН ПРЕЗИДЕНТИ УЛЛЫ БРИТАНИЯ СЫРТҚЫ ИСЛЕР МИНИСТРИНИҢ ОРЫНБАСАРЫН ҚАБЫЛ ЕТТИ
2019-04-16 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 16-апрель күни елимизде әмелий сапар менен болып турған Уллы Британия ҳәм Арқа Ирландия Бирлескен Патшалығы сыртқы ислер министриниң орынбасары Алан Дунканды қабыл етти.
Мәмлекетимиз басшысы мийманды шын жүректен қутлықлап, кейинги жылларда Өзбекстан ҳәм Уллы Британия арасындағы көп қырлы қатнасықлар жедел раўажланып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Өз гезегинде, сыртқы ислер министриниң орынбасары Алан Дункан миймандослық ушын Президентимизге шын жүректен миннетдаршылық билдирип, Уллы Британия Бас министри Тереза Мэйдиң сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.
Сыртқы ислер министриниң орынбасары Өзбекстанда жәмийетлик турмыстың барлық тараўларын қамтып алған кең көлемли реформалар ҳәм жаңаланыўлар еллеримиз арасындағы ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге хызмет етип атырғанын атап өтти.
Бүгинги күнде сиясий сөйлесиўлер ҳәм парламентлераралық байланыслар жедел даўам еттирилмекте, саўда экономикалық, инвестициялық, инновация ҳәм банк-қаржы тараўларында бирге ислесиў кеңеймекте. 2018-жылдың жуўмақларына бола, өз-ара саўда көлеминде кейинги 10 жылдағы ең жоқары өсим көрсеткиши бақланды.
Усы жылдың февраль айында Ташкент қаласында Уллы Британияның жетекши компанияларының қатнасыўында Саўда ҳәм санаат бойынша Өзбекстан – Британия кеңесиниң гезектеги мәжилиси нәтийжели өтти.
Мәдений-гуманитарлық, билимлендириў ҳәм туризм тараўларындағы алмасыўлар кеңеймекте. Елимизде Халықаралық Вестминстер университети ҳәм Британия Кеңесиниң ўәкилханасы табыслы жумыс алып бармақта.
Ушырасыўда еки тәреплеме әмелий бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, Британияның тиккелей инвестицияларын, алдынғы тәжирийбе ҳәм технологияларын тартқан ҳалда, қоспа жойбарларды әмелге асырыўға жәрдемлесиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.
Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе баслы мәселелер, соның ишинде, Орайлық Азияда жақсы қоңсышылық ҳәм шериклик қатнасықларын беккемлеў, сондай-ақ, Аўғанстандағы жағдайды тез күнлерде тыныш жол менен шешиў мәселелери бойынша пикир алысылды.
Ушырасыў соңында Өзбекстан ҳәм Уллы Британияның мәмлекетлеримиз арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў бағдарындағы умтылыслары исенимли екени айрықша атап өтилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги