Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
КОРЕЯ РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИНИҢ ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНА МӘМЛЕКЕТЛИК САПАРЫ ҲАҚҚЫНДА
2019-04-16 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Корея Республикасы Президенти Мун Чжэ Ин 2019-жыл 18-21-апрель күнлери мәмлекетлик сапар менен елимизде болады.
Мәмлекет басшылары Өзбекстан ҳәм Қубла Корея арасында турақлылыққа ийе жоқары дәрежедеги сөйлесиўдиң даўамы сыпатында стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў, саўда-экономикалық, инвестициялық, финанс-техникалық ҳәм гуманитарлық тараўлардағы әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўдиң перспективаларын додалайды, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе тийкарғы мәселелер бойынша пикир алысады.
Сапар етиў бағдарламасында Президент Мун Чжэ Инниң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисинде шығып сөйлеўи, мәмлекет басшыларының еки мәмлекет жетекши компанияларының бизнес-форумына және Ташкент қаласында Корея мәденияты ҳәм көркем өнери үйиниң ашылыў мәресимине қатнасыўы нәзерде тутылған. Сондай-ақ, Самарқанд қаласына сапар етиўи режелестирилген.
Сөйлесиўлердиң жуўмағында Қоспа декларация қабыл етилиўи, салмақлы ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық ҳүжжетлер топламына, сондай-ақ, саўда шәртнамалары ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге қол қойылыўы күтилмекте.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги