Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстанда туризм нызам менен тәртипке салынады
2019-04-16 | Туризм
Туризмге ендигиден былай экономиканың стратегиялық статусы берилди.
Усы жыл 16-апрель күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының жалпы мәжилисинде депутатлар «Туризм ҳаққында»ғы нызам жойбарын үшинши оқыўда көрип шықты.
Нызамшылық палатасының усы жылы 2-апрельде болып өткен мәжилисте бул жойбар «Туризм ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары көринисинде екинши оқыўда додалаўларда көрип шығылған еди. Онда депутатлар тәрепинен билдирилген пикир ҳәм усыныслардың тийкарғы мақсети және әҳмийети әмелдеги «Туризм ҳаққында»ғы нызамға дерлик жетпис процент өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилип атырғаны, туризмге ендигиден былай экономиканың стратегиялық статусы берилгенинен келип шығып, жойбар үшинши оқыўға «Туризм ҳаққында»ғы жаңа нызам сыпатында таярланды.
Жойбарда белгиленген 21 тийкарғы түсиниктен 9 ы, мәселен, «туристлик хызметлер буйыртпашысы», «жайластырыў қуралы», «туристлик жумыс» сыяқлы түсиниклер тийисли статьяларға сиңдирилди ҳәм тийкарғы түсиниклер қатарынан шығарып тасланды. Жойбар бир қатар жаңалықлар, жаңа атамалар ҳәм түсиниклерге бай болғаны ушын Нызамшылық палатасының Нормативлик-ҳуқықый атамалар комиссиясында нызам дөретиўшилери, қәнигелер ҳәм филологлардың қатнасыўында және бир рет додалаўдан өткерилип, юридикалық атамалар ҳәм тил қағыйдаларына толық муўапықластырылды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги