Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Халықларымыздың мәплерине хызмет ететуғын әҳмийетли ҳүжжетлерге қол қойылды

2019-04-15 | Сиясат

Жоқары дәрежедеги Өзбекстан – Қазақстан сөйлесиўи қызғын ҳәм әмелий руўхта өтти. Сөйлесиўлердиң жуўмағында еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўдиң түрли тараўларына байланыслы онға шамалас ҳүжжетке қол қойылды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев Биргеликтеги билдириўди қабыл етти. Салық резидентлигин тастыйықлаўшы рәсмий ҳүжжетлерди тән алыў тәртиби, Өзбекстан ҳәм Қазақстанда жумыс алып барып атырған еки мәмлекет пуқараларының мийнет ҳуқықларын қорғаў ҳаққында келисимлер, «Орайлық Азия» саўда-экономикалық бирге ислесиў орайын шөлкемлестириў ҳаққында меморандум және басқа да тараўларға байланыслы келисимлерге қол қойылды.

Сондай-ақ, Сыртқы ислер министрликлери арасында 2019-2020-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитет ҳәм Қазақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм социаллық раўажланыў министрлиги арасында бирге ислесиў ҳаққында меморандум қабыл етилди.

Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын брифингте мәмлекет басшылары сөйлесиўлер туўысқанлық қатнасықларына тән алмасыў ҳәм көтериңки руўхта өткенин, бирге ислесиўдиң барлық өзгешеликлери ҳәр-тәреплеме көрип шығылып, өз-ара пайдалы келисимлерге ерисилгенин атап өтти. Бул мәмлекетлик сапар етиў еллеримиздиң стратегиялық шерикликти беккемлеўге, регионда тынышлық ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеўге умтылысы исенимли екенин көрсетти.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться