Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Перспективалы қоспа жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди

2019-04-15 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Қасым-Жомарт Тоқаев сөйлесиўлерди кеңейтилген қурамда даўам еттирди. Онда еки мәмлекет министрликлери ҳәм ири компанияларының басшыларынан ибарат делегация ағзалары қатнасты.

Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Баспасөз хызмети мәлим етти.

Өзбекстан ҳәм Қазақстан қатнасықлары жақсы қоңсышылық, беккем дослық және туўысқанлық байланысларына тийкарланған. Еки тәреплеме бирге ислесиў барлық бағдарларда жедел раўажланбақта.

Тәреплер 2018-2019-жылларға мөлшерленген Өзбекстан Республикасы ҳәм Қазақстан Республикасы арасындағы Экономикалық бирге ислесиў стратегиясының избе-из әмелге асырылыўы мәмлекетлеримиздиң стратегиялық мақсетлериниң уқсаслығына тийкарланған өз-ара пайдалы ҳәм нәтийжели экономикалық шерикликти кеңейтиўге хызмет етип атырғанын атап өтти.

Соңғы еки жылда бул тараўдағы байланыслар жаңа басқышқа көтерилди. Аймақлар ҳәм исбилерменлер арасындағы байланыслар жеделлести. Нәтийжеде саўда-экономикалық бирге ислесиў избе-из раўажланбақта. 2018-жыл бул бағдарда тез пәт пенен жоқарылаў дәўири болды. Товар алмасыў көлеми дерлик 50 процентке өсип, 3 миллиард доллардан артты.

Тәреплер, алдын келискениндей, жақын жылларда бул көрсеткишти 5 миллиард долларға жеткериўге умтылатуғынын тастыйықлады. Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасында еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша Ҳүкиметлераралық комиссиясына саўда байланыслары номенклатурасын кеңейтиў, экономикалық бирге ислесиўдиң жаңа узақ мүддетли формаларын табыў ҳәм раўажландырыў ўазыйпасы қойылды.

Бул өз-ара пайдалы экономикалық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм кенейтиўге, саўда, инвестициялар, логистика тараўларында жаңа перспективалы жойбарларды әмелге асырыў, интеграцияласқан санаат технопарклерин, илимий-инновациялық кластерлер ҳәм еркин экономикалық зоналар шөлкемлестириўге хызмет етеди.

Тәреплер 2018-жылы ноябрь айында Шымкент қаласында болып өткен биринши Өзбекстан-Қазақстан аймақлараралық бирге ислесиў форумы ҳәм 2019-жыл мартта Ташкент қаласында өткерилген Орайлық Азия мәмлекетлериниң биринши регионаллық экономикалық форумы жуўмақларын унамлы баҳалады.

Мәмлекет басшылары Өзбекстан-Қазақстан мәмлекетлик шегарасын демаркациялаў, сондай-ақ, өткериў пунктлериниң нәтийжели жумысын тәмийинлеў процеси табыслы даўам етип атырғаны, бул еки мәмлекеттиң шегаралас аймақлары халқының турмыс шараятларын салмақлы дәрежеде жақсылаў, трансшегаралық экономикалық байланыслар ҳәм гуманитарлық алмасыўларды жеделлестириў, пуқаралардың өз-ара сапарларын жедделестириўге хызмет еткенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Сөйлесиўлерде транспорт, логистика, санаат кооперациясы тараўларында қоспа жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди. Транспорт коммуникациялары тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў мәмлекетлеримиздиң экспорт потенциалын ҳәм транзит имканиятларын кенейтетуғыны атап өтилди.

Туризм, мәденият, илим ҳәм билимлендириў бағдарларындағы байланысларды раўажландырыў мәселелери де көрип шығылды. Өткен жылы Қазақстанда Өзбекстан жылы кең көлемде өткерилгени, оның шеңбериндеги илажлар халықларымыз арасындағы дослық ҳәм туўысқанлық қатнасықларын буннан былай да беккемлегени атап өтилди. Бул үлкен мәдений ўақыяның логикалық даўамы  сыпатында быйыл Өзбекстанда Қазақстан жылы болады ҳәм ол Қазақстан Президентиниң усы мәмлекетлик сапары шеңберинде ашылады.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться