Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ӨЗБЕКСТАН ПРЕЗИДЕНТИ БИРЛЕСКЕН АРАБ ӘМИРЛИКЛЕРИ ДЕЛЕГАЦИЯСЫН ҚАБЫЛ ЕТТИ

2019-04-11 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 11-апрель күни Бирлескен Араб Әмирликлериниң ҳүкимет ҳәм келешек ислери бойынша министри Муҳаммад бин Абдуллоҳ ал-Қарқовий баcшылығындағы делегацияны қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы елимизде болып турған абырайлы делегацияны қызғын қутлықлап, Өзбекстан ҳәм БАӘ арасындағы көп қырлы қатнасықлар избе-из раўажланып атырғанына жоқары баҳа берди.

Усы жылы март айында Абу-Даби ҳәм Дубай қалаларында болып өткен жоқары дәрежедеги нәтийжели ушырасыўлар мәмлекетлеримиз арасындағы шерикликти беккемлеў ҳәм әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўде жаңа басқышты баслап бергени атап өтилди.

Сапар жуўмағында әҳмийетли келисимлерге ерисилди, соның ишинде, экономиканың түрли тармақларында улыўма баҳасы 10 миллиард доллардан аслам перспективалы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша ҳәр тәреплеме салмақлы ҳүжжетлер топламына қол қойылды. Оларды толық әмелге асырыў мақсетинде елимизде тийисли «Жол картасы» қабыл етилди.

Қабыл етиў ўақтында мәмлекетлик шөлкемлер, илимий орайлар, жетекши компания ҳәм кәрханалар, банк-финанс институтлары дәрежесинде жедел сөйлесиўлер және алмасыўларды даўам еттириў әҳмийетлилиги атап өтилди.

Бирлескен Араб Әмирликлери мәмлекетлик басқарыў ҳәм инновациялық раўажланыў тараўындағы алдынғы тәжирийбесин енгизиўде өз-ара бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Мәмлекетлеримиз экспертлери менен биргеликте баслы бағдарларда өз-ара байланысларды жолға қойыў ҳәм анық усынысларды таярлаў бойынша келисимге ерисилди.

Министр шын жүректен қабыл еткени ушын мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевқа миннетдаршылық билдирди ҳәм БАӘ Президенти Шайх Халифа Бин Зоид Ол Наҳаён, Абу-Даби Әмирлиги мийрасхоры, БАӘ Қураллы Күшлери Жоқары бас сәркардасының орынбасары Шайх Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаён ҳәм БАӘ Вице-президенти, Бас министри, Дубай әмирлиги ҳәкими Шайх Муҳаммад бин Рошид Ол Мактумниң сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Муҳаммад ал-Қарқовий Өзбекстанда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли жаңаланыўлар, социаллық-экономикалық реформаларды жоқары баҳалап, Бирлескен Араб Әмирликлери басшылығының мәмлекетлеримиз арасындағы дослық ҳәм шериклик қатнасықларын избе-из раўажландырыў бойынша умтылысы исенимли екенин атап өтти.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться