Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ТАҢЛАЎ ЖЕНИМПАЗЛАРЫ СЫЙЛЫҚЛАНДЫ
2019-04-11 | Мәденият
Мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 1-ноябрьдеги «Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалын өткериў ҳаққында»ғы қарарына муўапық Термиз қаласында шөлкемлестирилген конференцияда дүньяның 74 мәмлекетинен 160 тан аслам қатнасыўшы ҳәм ЮНЕСКО, Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша структурасы – ISESCO сыяқлы абырайлы халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, сондай-ақ, Қырғызстан, Қазақстан, Тәжикстан, Түркменстан, Аўғанстан сыяқлы мәмлекетлерден ҳүрметли мийманлар қатнасты.
Фестиваль шеңберинде өткерилген бақсы-шайырлар, ақын ҳәм жыраўлар, фольклор топарларының халықаралық таңлаўында Түркия, Россия, Иран, Бельгия, Қубла Корея, Қытай, Монголия, Израиль, Япония, Финляндия, Аўғанстан сыяқлы 20 мәмлекет ўәкиллери өз шеберлигин көрсетти. Олардың атқарыўшылық шеберлигин Франция, Қубла Корея, Россия, Түркия, Монголия, Өзбекстан, Қазақстанның белгили көркем өнер ҳәм мәденият ғайраткерлери, илимпазлар, маман қәнигелеринен ибарат абырайлы төреши ағзалары бақлап ҳәм мүнәсип баҳалап барды.
10-апрель күни Термиз қаласының Көркем өнер сарайы жанындағы заманагөй жазғы сахнада халықаралық таңлаў женимпазлары сыйлықланды.
Фестивалдың үшинши дәрежели дипломы, статуэткасы ҳәм ҳәр бирине 2 мың 500 АҚШ долларынан ақшалай сыйлығы қарақалпақстанлы Гүлнара Алламбергенова ҳәм қубла кореялы Ким Хуо Сунга тапсырылды.
Екинши орынға – жәми 7 мың АҚШ доллары муғларындағы ақшалай сыйлығына россиялы Байбулдин Илгам (3,5 мың доллар) ҳәм әзербайжанлы Ашиқ Али ҳәм Ашиқ Шамира (3,5 мың доллар) ийе болды.
Биринши орынға ҳәр бирине 5 мың АҚШ долларынан ақшалай сыйлығы Өзбекстан халық бақсысы Абдуназар Поёнов ҳәм түркменстанлы Кервен Ёвбосаровқа берилди.
Төрешилер қурамының жуўмағына бола, Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы шеңберинде өткерилген таңлаўдың бас сыйлығы – Гран-приди ҳәм 7 мың АҚШ доллары муғдарындағы ақшалай сыйлықты Қазақстан ўәкили Улжан Байбосынова қолға киргизди. Женимпазларға арнаўлы диплом ҳәм фестиваль стауэткасы да салтанатлы тапсырылды.
– Халықаралық фестиваль таңлаўында «Гөруғлы» дәстанынан үзинди атқарып бердим, – дейди Гран-при ийеси У.Байбосынова. – Усындай абырайлы таңлаўда ең жоқары орынды ийелегенимнен бахытлыман. Таңлаў жүдә қызықлы өтти. Көплеген мәмлекетлердиң халық аўызеки дөретиўшилиги ҳәм оларды атқарыў усылы менен таныстық. Тәжирийбе алмастық. Сурхандәрья ўәлаятының тарийхый естеликлери және дыққатқа ылайық орынларына саяхат еткенимиз де умытылмас ўақыяларға бай болды. Улыўма етип айтқанда, ҳәммеси әжайып, бул ески мәканда өткен күнлерим бир өмир ядымда қалады.
Сондай-ақ, таңлаўда 10 нан аслам номинация женимпазларына да диплом ҳәм 500 АҚШ долларынан ақшалай сыйлығы берилди .
Конференция шеңберинде сырт елли ҳәм мәмлекетимиздиң илимпазлары, қәнигелериниң қатнасыўында «Бақсышылық көркем өнериниң жәҳан цивилизациясында тутқан орны» атамасында шөлкемлестирилген ири илимий-әмелий конференцияда АҚШ, Германия, Франция, Россия, Қытай, Япония, Қубла Корея, Түркия сыяқлы мәмлекетлерден келген жетик фольклортаныўшы, әдебияттаныўшы ҳәм көркем өнертаныўшы илимпазлардың тараўдағы әҳмийетли машқалаларға бағышланған баянатлары тыңланды, презентациялар өткерилди. Жәҳан музыкасы жойбарларының презентациясына бағышланған илажда да сырт елли қәнигелер, көркем өнер шеберлери ҳәм музыкатаныўшылар өз презентацияларын көрсетти.
Фестивальдың тийкарғы илажлары өткерилген майдандағы этнографиялық қалашаларда мийманлар елимиз аймақларына тән көркем өнер ҳәм өнерментшилик буйымлары көргизбелери, миллий қәдириятларымыз ҳәм аспазларымыздың шеберлиги менен жақыннан танысты. Сурхандәрья ўәлаятының тарийхый естеликлери, муқаддес зыярат орынлары, бийтәкирар тәбияты ҳәм басқа да дыққатқа ылайық орынларына экскурсиялар шөлкемлестирилди.
Салтанатлы мәресимде елимиз көркем өнер шеберлери, бақсылар ҳәм жас атқарыўшылар тәрепинен үлкен концерт бағдарламасы көрсетилди.
Илажда Өзбекстан Республикасы мәденият министри Б.Сайфуллаев шығып сөйледи.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги