Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

МӘМЛЕКЕТЛИК БАСҚАРЫЎДЫҢ АШЫҚ-АЙДЫНЛЫҒЫН ТӘМИЙИНЛЕЎ ЖӘНЕ МӘМЛЕКЕТТИҢ СТАТИСТИКА ПОТЕНЦИАЛЫН АРТТЫРЫЎ БОЙЫНША ҚОСЫМША ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА

2019-04-11 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мәмлекетте статистикалық мәлимлемеден пайдаланыўдың нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик статистика есабатын исенимли рәўиште жүргизиўди қәлиплестириў бойынша избе-излик пенен илажлар көрилмекте. Интернеттеги жыйналған мағлыўматлардың миллий бети Халықаралық валюта қорының мағлыўматларын тарқатыўдың кеңейтилген улыўма системасы менен сәйкеслестирилди.

Соның менен бирге, мағлыўматлардың улыўма пайдаланыў ушын ашық-айдынлық жағдайы, ашық мағлыўматлардың жәриялылығы ҳәм сапа дәрежеси, оларды пуқараларға ҳәм дүнья жәмийетшилигине жеткериўдиң әмелдеги механизмлери қабыл етилген халықаралық талапларға толық жуўап бермейди ҳәм нәтийжеде мәмлекетимиздиң статистикалық потенциалы индексиндеги орны төменлигинше қалмақта.

Мәмлекетимиздиң абырайын ҳәм инвестициялық тартымлылығын беккемлеўге қаратылған, мәмлекетлик басқарыўдың ашық-айдынлығын тәмийинлеў бағдарындағы реформаларды буннан былай да тереңлестириў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламадағы ўазыйпаларды орынлаўды тәмиийнлеў мақсетинде:

Өзбекстан Республикасының Ҳүкимет порталы шеңберинде физикалық ҳәм юридикалық шахслардың машинада оқылатуғын форматтағы мәлимлемеден көп мәрте, еркин ҳәм бийпул пайдаланыў имканиятын беретуғын Өзбекстан Республикасының Ашық мағлыўматлар порталы (кейинги орынларда – Портал) жумыс жүргизип атырғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
а) Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети (кейинги орынларда – Мәмлекетлик статистика комитети) мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң ашық мағлыўматлар топламларының дизимин (кейинги орынларда – Дизим) қәлиплестириў, жүргизиў ҳәм жаңалаў және тийисли мәлимлемелердиң Порталда өз ўақтында сәўлелендирилиўи бойынша жумысын муўапықластыратуғыны;

б) Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик) Порталды техникалық қоллап-қуўатлаўға ҳәм тәмийинлеўге және үзиликсиз ислеп турыўына жуўапкер есапланатуғыны;

в) Порталдағы мәлимлемелер:

тек ғана мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң республикалық дәрежеде жоқары туратуғын структуралары, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тәрепинен жәрияланатуғыны;

өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде, соның ишинде, машинада оқылатуғын ҳәм басқа да форматларда жәрияланатуғыны;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң рәсмий сайтларында жәрияланатуғын мәлимлеме менен әйне бирдей ҳәм өз-ара байланыслы болыўы зәрүр екени;

г) мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде мәлимлемени таярлаў ҳәм Порталға жайластырыў ўазыйпасы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 17-январьдағы «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стартегиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы ПП-5635-санлы Пәрманына муўапық шөлкемлестирилген, халықаралық рейтинглер менен ислесиў ҳәм «Электрон ҳүкимет» системасын енгизиў ушын жуўапкер болған қәнигелестирилген бөлимлерге жүкленетуғыны белгилеп қойылсын.

Мәмлекетлик статистика комитети орайлық аппараты структурасында басқарыў хызметкерлериниң белгиленген улыўма саны шеңберинде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң Порталда Дизимин қәлиплестириў, жүргизиў ҳәм жаңалаў бойынша жумысын муўапықластырыў менен байланыслы жумысларға жуўапкер бөлим дүзилсин.

Мәмлекетлик статистика комитети бир ай мүддетте бөлимниң жоқары қәнигели кадрлар менен толықтырылыўын тәмийинлесин.

Мәмлекетлик статистика комитетине Порталдың жумысын әмелге асырыў шеңберинде төмендеги ҳуқықлар берилсин:

мағлыўматлар ҳәм олардың дәреклеринен, соның ишинде, мағлыўматларды қәлиплестириў тараўында ҳуқықый қатнасықларды тәртипке салатуғын ишки ҳәм  басқа да ҳүжжетлерден пайдаланыў;

Порталды раўажландырыў, сондай-ақ, жәрияланатуғын мағлыўматларға байланыслы мәселелер бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерден бийғәрез тийкарда мәсләҳәт жәрдем алыў;

усы қарарды орынлаў шеңберинде экспертлер, консультантлар ҳәм шөлкемлерди (соның ишинде, сырт елли) шәртнама тийкарында тартыў;

Порталды жетилистириў, сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң ашық мағлыўматлар тараўындағы жумысын баҳалаў ушын халықаралық финанс институтларының, донор мәмлекетлердиң қаржыларын, соның ишинде, грантларын (техникалық жәрдемин) тартыў.

2019-жыл 1-апрельден:

Мәмлекетлик статистика комитети орайлық аппараты хызметкерлериниң лаўазымлық айлықларын Бирден-бир тариф сеткасы бойынша мийнетине ҳақы төлеўдиң тастыйықланған разрядларына тийкарланып белгилеўде тариф коэффиценети 1,3 есеге көбейткен ҳалда қолланылатуғыны;

мәмлекетлик статистика уйымларының хызметкерлерине көп жыллық хызметлери ушын ҳәр айлық үстемелер төмендеги муғдарларда төленетуғыны (хошаметлеў коэффициентин есапқа алған ҳалда лаўазым айлықларына байланыслы коэффициентлерде): 2 жылдан 5 жылға шекем – 0,1; 5 жылдан 10 жылға шекем – 0,2;  10 жылдан 15 жылға шекем – 0,3;  15 жылдан 20 жылға шекем – 04; 20 жылдан 25 жылға шекем –  05; 25 жылдан артық -06. Көп жыллық хызметлери ушын сыйлықлаў ақшасын алыў ҳуқықын беретуғын мийнет стажы Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда Мәмлекетлик статистика комитети тәрепинен тастыйықланатуғын тәртипке муўапық есапланатуғыны белгилеп қойылсын.

Усы бәнтте нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў менен байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан қапланады.

Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасының Ашық мағлыўматлар порталын жетилистириў бойынша илажлар комплекси 1-қосымшаға муўыпық;

Өзбекстан Республикасы Ашық мағлыўматлар порталына жайластырыў ушын ашық мағлыўматлар топламларының дизимин дүзиўде әҳмийетли халықаралық мағлыўматлар базаларын үйренип шығыў ушын жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың дизими 2-қосымшаға муўапық;

«Ашық мағлыўматлардың глобал индекси» ҳәм «Ашық мағлыўматлар барометри» талапларына муўыпық мағлыўматлардың ашық-айдынлық жағдайын үйрениў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының Ашық мағлыўматлар порталында тийисли индикаторларды жайластырыў ушын жуўапкер министрликлер менен уйымлардың дизими 3-қосымшаға муўыпық;

Өз алдына қурамлық индикаторлар бойынша Статистика потенциалы индексинде мәмлекеттиң орнын жақсылаўға байланыслы «Жол картасы» 4-қосымшаға муўапық;

Жәҳән банкиниң статистикалық потенциалы индекси бойынша жыллық есабатта Өзбекстан Республикасының рейтингин жақсылаўдың мақсетли көрсеткишлери 5-қосымшаға муўапық;

Халықаралық бюджет жәмийетшилигиниң Бюджеттиң ашықлығы индексинде 2020-жылдан баслап Өзбекстан Республикасының қатнасыўын тәмийинлеў бойынша «Жол картасы» 6-қосымшаға муўапық;

2020-2021-жылларда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитетинде жаңаланыўы зәрүр болған мәлимлеме-коммуникация системалары үскенелериниң дизими 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Төмендегилердиң:

а) мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер басшыларының:

Порталда жәрияланатуғын мәлимлемениң толықлығы, искенимлилиги, оның өз ўақтында қәлиплестирилиўи ҳәм жаңалап турылыўы;

Порталда жайластырылатуғын мәлимлемениң мазмуны ҳәм сапасы;

Интернет тармағында Өзбекстан Республикасы мәлимлемелериниң ашық-айдынлығын ҳәм пайдаланыў еркинлигин тәмийинлеў;

тийисли мәлимлемени қәлиплестириўде халықаралық методологиялық стандартларды, усынысларды үйрениў және оларды әмелде қолланыў бойынша;

б) Агентликтиң Порталдан Өзбекстан Республикасы ҳаққында зәрүр мәлимлемени алыўда ишки ҳәм сыртқы пайдаланыўшылар ушын қолайлылықлар жаратыў бойынша;

в) Мәмлекетлик статистика комитетиниң халықаралық тәжирийбени ҳәм пайдаланыўшылардың пикир-усынысларын есапқа ала отырып Порталда жәрияланатуғын Дизимниң турақлы жаңаланып турылыўын тәмийинлеў бойынша жеке жуўапкер екени белгилеп қойылсын.

Агентлик 2019-жыл 1-августқа шекем Мәмлекетлик статистика комитети менен биргеликте мағлыўматлар топламы ҳәм ийелериниң бирден-бир реестрин қәлиплестирген ҳалда барлық түрдеги есаплар және мағлыўматлар базалары интеграцияласыўын нәзерде тутатуғын мағлыўматларды басқарыўдың мәмлекетлик системасын жаратыў бойынша «Жол картасын» ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
Усы қарардың 2-қосымшасында көрсетилген министрликлер ҳәм уйымлар Агентлик және Мәмлекетлик статистика комитети менен биргеликте:

2019-жыл 10-майға шекем экономика тармақларындағы әмелдеги социаллық-экономикалық өзгерислердиң муғдары, сапасы ҳәм мазмунына байланыслы параметрлерди сыпатлайтуғын халықаралық көрсеткишлерди усы индикаторлар бар ямаса жоқ екенин анықлаў көзқарасынан үйренип шықсын;

2019-жыл 20-майға шекем экономика тармақларындағы социаллық-экономикалық жағдайдың халықаралық көрсеткишлерин үйрениў тийкарында Порталда жайластырылатуғын Дизимди зәрүр мәлимлеме (индикаторлар) менен, сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде пайдаланатуғын мағлыўматлар базалары системалары бойынша мәлимлеме менен толықтырсын;

2019-жыл 1-июньге шекем жоқ индикаторларды қәлиплестириў методикасын үйренсин ҳәм кейин ала Порталға жайластырыў ушын оларды ислеп шығыў бойынша зәрүр илажларды көрсин.

Усы қарардың 3-қосымшасында көрсетилген жуўапкер атқарыўшылар Агентлик ҳәм Мәмлекетлик статистика комитети менен биргеликте 2019-жыл 20-майға шекем «Ашық мағлыўматлар барометри» методикасының тийкарғы бағдарларына муўапық мағлыўматлардың ашық-айдынлық жағдайын үйренип шықсын ҳәм талласын және бар мағлыўматларды Порталға жайластырсын.
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги:

Өзбекстан Республикасы Экномика ҳәм санаат министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте 2019-жыл 1-июльге шекем бирден-бир методологиялық қатнасты ислеп шығыў ҳәм кейин ала Порталға жайластырыў ушын олардан пайдаланыўды есапқа алған ҳалда  аймақтың инвестициялық потенциалын толық ашып беретуғын мәлимлеме ҳәм материаллардың дизимин Мәмлекетлик статистика комитетине ҳәм Агентликке киргизсин;

Порталды жетилистириў, сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң ашық мағлыўматлар тараўындағы жумысын баҳалаў ушын халықаралық финанс институтларының, донор мәмлекетлердиң қаржыларын, соның ишинде, грантларын (техникалық жәрдемин) тартыўда Мәмлекетлик статистика комитетине жәрдемлессин.

Мәмлекетлик статистика комитети:

а) 2019-жыл 1-июньге шекем:

Порталға жайластырыўдың анық мүддетлерин ҳәм формаларын белгилеген ҳалда Дизимди тастыйықласын;

халықаралық мағлаўматлар базаларын қосымша рәўиште үйренип шықсын ҳәм мәлимлемениң жаңа параметрлерин ислеп шығыў илажларын көрип, кейин ала оларды Дизимге киргизсин;

Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте Өзбекстан Республикасының 2020-жылдан баслап «Ашық мағлыўматлардың глобал индекси» ҳәм «Ашық мағлыўматлар барометри» халықаралық рейтинглерине қатнасыўын тәмийинлеў бойынша илажлар режесин тастыйықласын;

б) үш ай мүддетте Ашық мағлыўматлардың пуқталығы модели («Open Data Maturity Model») және басқа да халықаралық әмелиятлар тийкарында мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң ашық мағлыўматлар тараўындағы жумысын баҳалаў механизмин ислеп шықсын ҳәм енгизсин және нәтийжелерин ҳәр шеректе Порталда жәриялап барсын;

в) мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, сондай-ақ, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары тәрепинен ашық мағлыўматлардың жайластырылыўын ҳәм үзиликсиз жаңалап турылыўы үстинен турақлы мониторинг етилиўин тәмийинлесин.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

Мәмлекетлик статистика комитетиниң 2019-жылы усы қарарды әмелге асырыў шеңбериндеги жумсалатуғын қәрежетлери ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлери  шеңберинде қаржылар ажыратсын ҳәм 2020-жылдан баслап ҳәр жылы зәрүр бюджет қаржыларын нәзерде тутсын;

ҳәр жылы тастыйықланатуғын Мәмлекетлик статистикалық жумыслар бағдарламасының қунын есаплаўда ең кем мийнет ҳақы муғдарлары және де арттырылғанын есапқа алсын;

7-қосымшаға муўапық, Мәмлекетлик статистика комитетинде жаңаланыўы зәрүр болған мәлимлеме-коммуникация системалары үскенелерин сатып алыў ушын 2020-2021-жылларда Мәмлекетлик бюджеттен Мәмлекетлик статистика комитетине зәрүр қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин.

Мәмлекетлик статистика комитети тәрепинен мәмлекетлик статистика уйымларының мәлимлеме-коммуникация инфраструктурасын модернизациялаў ушын белгиленген тәртипте дүзилетуғын дизимлер бойынша алып келинетуғын, Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын компьютер техникасы, сервер ҳәм коммуникация үскенелери, программалық тәмийнат қураллары және олардың аўысық бөлеклери ҳәм комплектлеўши буйымлары 2022-жыл 1-январьға шекем бажыхана төлемлеринен (қосымша қун салығынан ҳәм бажыхана жыйымларынан тысқары) азат етилсин.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:

еки ай мүддетте өз имаратларына ийе болмаған аймақлық статистика уйымларын жайластырыў илажларын көрсин;

аймақлық статистика уйымларының мәмлекетке қараслы имаратлар ҳәм бөлмелерден пайдаланғаны ушын ижара ҳақы нырқын «нольлик» ставкада белгилесин.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети, Агентлик және Экономика ҳәм санаат министрлигиниң:

2020-2021-жылларда ЮНИСЕФ пенен биргеликте Өзбекстан Республикасында мультииндикатор кластер тексериўлерин өткериў;

Өзбекстан Республикасы  Мәмлекетлик статистика комитети жанындағы Кадрларды қайта таярлаў ҳәм статистикалық изертлеў орайы тийкарында белгиленген штат бирликлери саны шеңберинде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистикалық изертлеўлер комитети жанындағы Кадрлардың қәнигелигин арттырыў ҳәм статистика институтын (кейинги орынларда – Институт) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

Төмендегилер Институт жумысының тийкарғы ўазыйпалары ҳәм бағдарлары етип белгиленсин:

мәмлекетлик статистика уйымлары және басқа да министрликлер ҳәм уйымлар хызметкерлериниң билим ҳәм көнликпелерин раўажландырыў және жетилистириўди, сондай-ақ, кәсиплик шеберлигин арттырыў системасын шөлкемлестириў;

статистика бағдарындағы көнликпелерди раўажландырыў, анализлеп пикирлеў қәбилетин қәлиплестириў ҳәм оларды әмелиятта қолланыўға қаратқан, тийкарынан қәнигелик пәнлерден ибарат болған заманагөй билимлендириў стандартлары ҳәм сапа жағынан жаңа оқытыў системасын енгизиў;

статистика тараўындағы алдыңғы тәжирийбе ҳәм илимий-изертлеў жетискенликлерин алмасыў, сондай-ақ, қәнигелер таярлаў, олардың маманлығын арттырыў ҳәм стажировка өтеўи бойынша жергиликли ҳәм сырт ел илимий және билимлендириў мәкемелери, халықаралық статистика шөлкемлери менен бирге ислесиў;

миллий дәрежеде қолланылып атырған методологиялық қураллар, мәмлекетлик ҳәм уйымлық статистикалық бақлаўларды халықаралық дәрежеде үйлестириў, бейимлестириў ҳәм салыстырыў көзқарасынан оларды қәнигели экспертизадан өткериў;

кейин ала әмелиятта қолланыў ушын алдыңғы статистикалық методлар ҳәм технологиялар, сондай-ақ, ашық мағлыўматлар тараўында илимий изертлеўлер алып барыў және инновациялық исленбелерди әмелге асырыў.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:

а) Мәмлекетлик статистика комитети менен биргеликте:

2019-жыл 1-июльге шекем Порталда тийисли мағлыўматты жәриялаў ҳәм жаңалаў тәртибин бузғаны ушын административлик жуўапкершилик белгилениўин, сондай-ақ, надурыс мәмлекетлик статистикалық есапларды усынғаны ушын мәмлекетлик уйымлардың лаўазымлы шахсларының жуўапкершилигин күшейтиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын;

2019-жыл 1-декабрьге шекем алдыңғы сырт ел тәжирийбесин есапқа алған ҳалда «Рәсмий статистика ҳаққында»ғы нызам жойбарын;

б) Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-октябрьге шекем «Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығы ҳаққында»ғы, «Мәлимлемеден пайдаланыўдың кепилликлери ҳәм еркинлиги ҳаққында»ғы және «Мәлимлеме еркинлиги принциплери ҳәм кепилликлери ҳаққында»ғы нызамлардың, сондай-ақ, мәлимлемени тарқатыўға байланыслы басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң нормалары унификацияластырылыўын нәзерде тутатуғын мәлимлемени тарқатыў тараўында нызам жойбарын ислеп шықсын және Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына киргизсин.

Мәмлекетлик статистика комитети мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте:

а) төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети жанындағы Кадрлардың қәнигелигин арттырыў ҳәм статистикалық изертлеўлер институтының жумысын шөлкемлестириў;

2020-2021-жылларда ЮНИСЕФ пенен биргеликте Өзбекстан Республикасында мультииндикатор кластер тексериўин өткериў ҳаққындағы ҳүкимет қарарының жойбарын;

б) нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы, 2019-жыл 9-апрель

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться