Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

CЫРТ ЕЛ ИНВЕСТИЦИЯЛАРЫ ӨЗ ЎАҚТЫНДА ҲӘМ НӘТИЙЖЕЛИ ӨЗЛЕСТИРИЛИЎИН ТӘМИЙИНЛЕЎ УШЫН ЖАҢА ҚАДАҒАЛАЎ СИСТЕМАСЫ ЕНГИЗИЛЕДИ

2019-04-09 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 8-апрель күни усы жылдың биринши шерегинде тиккелей сырт ел инвестициялары ҳәм халықаралық финанс шөлкемлериниң қатнасыўында жойбарлардың әмелге асырылыўын таллаў, биринши ярым жыллыққа тийисли ўазыйпаларды белгилеў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Кейинги жылларда министрликлер ҳәм тармақлардың басшылары аймақларға жиберилип, орынларда жаңа кәрханалар ҳәм турақлы жумыс орынларын шөлкемлестириўди тәмийинлейтуғын инвестициялық жойбарларды ислеп шығыў және әмелге асырыў бойынша жаңа система жаратылды. Инвестициялық орталықты жақсылаўға қаратылған көплеген жеңилликлер енгизилди.

Сырт еллердиң ҳәм халықаралық финанс шөлкемлериниң басшылары, дүньяның жетекши исбилерменлери менен сөйлесиўлер өткерилип, мәмлекетимизге бир неше он миллиардлаған доллар инвестиция тартыў бойынша 700 ге шамалас инвестициялық келисимге қол қойылды.

Бундай илажлардың нәтийжеси өсим пәтлеринде көзге тасланбақта. Атап айтқанда, өткен жылы тийкарғы капиталға инвестициялар көлеми 18 проценттен зыятқа өскен. Бул, өз гезегинде, санаат өндирисиниң 14,4 процентке көбейиўин тәмийинлеген.

Әҳмийетли сапа өзгериси сонда, бурын сырт ел инвестицияларының қатнасыўында аймақлық жойбарлар дерлик болмаған болса, быйыл өзлестирилетуғын тиккелей сырт ел инвестицияларының ярымы аймақлардың  үлесине туўра келеди.

2019-жылғы Инвестициялық бағдарламаға муўапық, жәми 3 мың  200 ден аслам инвестициялық жойбар шеңберинде дерлик 14 миллиард доллар муғдардағы капитал қойылмаларды өзлестириў режелестирилген. Соннан 4 миллиард доллардан аслам тиккелей сырт ел инвестицияларын өзлестириў белгиленген.

Мәжилисте усы инвестициялық жойбарлар тармақлар ҳәм аймақлар кесиминде талланып, алып барылып атырған жумыслар бойынша тийисли басшылардың есаплары тыңланды. Мүддетинен кешигип атырған жойбарлардың машқалалы тәреплери додаланды.

Биринши шеректе белгиленген қаржылар өзлестирилген болса да, тармақларда ҳәм аймақларда жумыс қанаатландырарсыз екени көрсетип өтилди. Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, «Өзавтосанаат», «Өзагротехсанаатхолдинг» акционерлик жәмийетлери, «Өзэлтехсанаат» ассоциациясы басшылары, Қашқадәрья, Самарқанд, Сурхандәрья, Наманган, Ферғана ҳәм Хорезм ўәлаятлары ҳәкимлериниң инвестиция бойынша орынбасарлары ескертилди.

Мәмлекетимиз басшысы инвестициялардың өз ўақтында өзлестирилиўин тәмийинлеў ушын жаңа қадағалаў системасын енгизиўди усыныс етти. Оған бола, тиккелей сырт ел инвестицияларының қатнасыўындағы барлық жойбарлар төрт дизимге бөлинип, өз алдына ҳәм избе-из қадағалап барылады.

Биринши дизимге быйыл 3,6 миллиард доллар сырт ел инвестициялары өзлестирилиўи мөлшерленген 27 ең тийкарғы стратегиялық жойбар киргизиледи ҳәм ол Президенттиң турақлы итибарында болады.

Екинши дизим усы жылы 1,3 миллиард доллар сырт ел инвестициясы өзлестирилетуғын 65 ири жойбардан ибарат болып, оны Бас министр қадағалап барады.

Бас министрдиң орынбасарлары қадағалайтуғын үшинши дизимге 407 миллион доллар сырт ел инвестицияларын өзлестириў режелестирилген 65 жойбар киргизиледи.

Төртинши дизимдеги жойбарларды аймақларға бириктирилген орайлық уйымлардың басшылары ҳәм ҳәкимлер қадағалайды.

Инвестициялық жойбарлардың орынланыўы турақлы түрде додаланып, машқалалар жеделлик пенен шешип барылады.

Президент тиккелей сырт ел инвестицияларының ҳәм халықаралық финанс институтларының қаржыларын тартыў бойынша имканиятлар толық иске қосылмағанына итибар қаратып, тармақлар ҳәм аймақларға байланыслы жаңа инвестициялық жойбарларды ислеп шығаў зәрүрлигин атап өтти.

Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигине тармақлық министрликлер менен биргеликте нефть-газ, химия, энергетика, қурылыс материаллары, машина қурылысы, электр техникасы тараўларында, сондай-ақ, аймақларда қолда бар потенциалдан ҳәм ресурслардан келип шығып, ҳәр бир район және қала бойынша қосымша инвестициялық жойбарлар ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Қәлиплестирилген бул усыныслар тийкарында елимиздиң елшиханалары менен биргеликте мәмлекетимизде ҳәм сырт елде бизнес-форумлар шөлкемлестириў, жергиликли инвесторлардың мақсетли презентацияларын өткериў бойынша тапсырмалар берилди.

Өзбекстан менен ислесиў тилегин билдирген сырт ел инвесторлары менен беккем байланыс орнатып, жойбардың басынан ақырына шекем оларға жәрдем бериў, әпиўайы етип айтқанда, оларды «қолынан жетелеп» нәтийжени тәмийинлеў керек, деди Шавкат Мирзиёев.

Мәжилисте Ташкент қаласына инвестиция тартыўды кеңейтиў, инвестициялық жойбарлар ушын жер участкаларын ҳәм мәмлекетлик мүлк объектьлерин бериў бағдарындағы жумыслар да додаланды. Пайтахтымыз тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў бойынша бәршеге үлги болыўы зәрүрлиги атап өтилди.

Аймақларда ҳәм тармақларда жойбарлардың әмелге асырылыўын мониторинг етиў, жүзеге келген машқалаларды жедел анықлап, шешиў бойынша электрон мәлимлеме системасын қысқа мүддетте иске қосыў зәрүрлиги атап өтилди.

Халықаралық финанс институтлары менен биргеликте жумыслар талланып, социаллық тараўлардағы жойбарлар халықтың турмысы ушын зәрүрлиги, олар өз мүддетинде ҳәм сапалы әмелге асырылыўы керек екени атап өтилди. Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасында 4, Суў хожалығы министрлигинде 4, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлигинде 3 жойбар бойынша жумыслар кешигип атырғаны көрсетип өтилди.

Бундай жойбарларды муўапықластырыўды жетилистириўге Жәҳән банки, Азия раўажланыў банки, Ислам раўажланыў банки, Азия инфраструктуралық инвестициялар банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Аўыл хожалығын раўажландырыў халықаралық қоры сыяқлы халықаралық финанс институтлары менен тиккелей ислесетуғын министрликлер ҳәм уйымлар белгиленди.

Видеоселектор мәжилисинде жоқары дәрежедеги сапар етиўлердиң жуўмағы бойынша тастыйықланған «жол карталары»ның орынланыўына да итибар қаратылды.

Бизге белгили болғанындай, олардың шеңберинде 700 ге шамалас инвестициялық келисимге қол қойылған. Есап  палатасы тәрепинен келисимлердиң мағлыўматлар базасы жаратылған, олардың орынланыўы бойынша мониторинг ҳәм қадағалаў орнатылған.

Президентимиз «жол карталар»ындағы илажларды тез ҳәм избе-из әмелге асырыў, бул бағдарда ҳүкиметлераралық комиссиялардың жумысын жанландырыў зәрүрлигин атап өтти.

Министрлер Кабинетине ҳәр бир мәмлекет пенен бирге ислесиў бағдарларының тийкарғы өзгешеликлеринен келип шығып, ҳүкиметлераралық комиссиялардың қурамын қайта көрип шығыў ўазыйпасы қойылды.

Келеси жылдан баслап инвестициялық бағдарламалар үш жыллық етип қәлиплестирилиўи, барлық тармақлар ҳәм аймақлар буған таярлықты бүгиннен баслаўы зәрүрлиги атап өтилди.

Додаланған мәселелер бойынша әҳмийетлер ўазыйпалар белгилеп берилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться