Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ЖАСЛАРДЫҢ МӘНАЎИЯТЫН ЖОҚАРЫЛАТЫЎ, ОЛАРДЫҢ БОС ЎАҚТЫН МАЗМУНЛЫ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ БОЙЫНША ӘҲМИЙЕТЛИ ЎАЗЫЙПАЛАР БЕЛГИЛЕП БЕРИЛДИ

2019-04-03 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 19-март күни жасларға итибарды күшейтиў, жас әўладты мәденият, көркем өнер, денетәрбиясы ҳәм спортқа кеңнен тартыў, оларда мәлимлеме технологияларынан дурыс пайдаланыў көнликпесин қәлиплестириў, жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине бағышланған видеоселектр мәжилиси болып өтти.

Мәмлекетимиз халқының 30 проценти 14 тен 30 жасқа шекемги жаслар болып есапланады. Олардың билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи ушын заманагөй шараятлар ҳәм имканиятлар жаратылған. Соның менен бирге, жаслардың бос ўақтын мазмунлы өткериўди шөлкемлестириў әҳмийетли мәселе болып есапланады. Жаслар қаншелли руўхый жақтан жетик болса, түрли жат иллетлерге қарсы иммунитети де соншелли күшли болады.

Бизге белгили, мәмлекетимиз басшысы социаллық, руўхый-ағартыўшылық тараўлардағы жумысларды жаңа система тийкарында жолға қойыў бойынша 5 әҳмийетли басламаны алға қойған еди.

Биринши баслама жасларды музыка, сүўретлеў өнери, әдебият ҳәм көркем өнердиң басқа да түрлерине қызығыўшылықларын арттырыўға, талантын жүзеге шығарыўға хызмет етеди.

Екинши баслама физикалық жақтан шынықтырыў, олардың спорт тараўында қәбилетин жүзеге шығарыў ушын зәрүр шараятлар жаратыўға бағдарланған.

Үшинши баслама халық ҳәм жаслар арасында компьютер технологиялары ҳәм интернеттен нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириўге қаратылған.

Төртинши баслама жаслар мәнаўиятын жоқарылатыў, олардың арасында китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша системалы жумысларды шөлкемлестириўге бағдарланған.

Бесинши баслама ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеў мәселелерин нәзерде тутады.

Әне усы ийигиликли идея Президентимиздиң Сырдәрья ўәлаятына сапары ўақтында басланып, қысқа ўақыт ишинде үлкен жумыслар әмелге асырылды. Бул аймақтағы район ҳәм қалалардың китапханаларына 300 мың дана көркем әдебиятлар жеткерип берилди. Музыка ҳәм көркем өнер мектеплери саз әсбаплары, спорт объектлери инвентарьлар менен тәмийинленди .

Бул жумыслар Наманган ўәлаятында да даўам еттирилип, «Ағартыўшылық кәрўаны» шөлкемлестирилди. Жаслар ушын 25 мың дана китап, 80 түрдеги спорт инвентарьлары ҳәм музыка әсбаплары жеткерип берилди.

Усы бес баслама халқымыз, әсиресе, жасларымыз тәрепинен үлкен қызығыўшылық пенен күтип алынды.

Мәжилисте бул тәжирийбени Өзбекстанның барлық аймақларында кеңнен енгизиў мәселелери додаланды.

Бүгинги күнде елимиздеги 800 ден аслам мәденият орайы, 312 музыка ҳәм көркем өнер мектебине тек ғана 130 мың ул-қыз қамтып алынғаны, бул орынлардың көпшилиги оқыў қолланбалар, ноталар топламы, музыкалық әсбаплар ҳәм қураллар менен жетерли дәрежеде тәмийинленбегени атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы орынлардағы мәденият орайлары, музыка ҳәм көркем өнер мектеплериниң материаллық-техникалық базасын және олардан пайдаланыў жағдайын үйренип, жумысын жақсылаў бойынша тапсырмалар берди.

Мәденият министрлиги ҳәм Халық билимлендириў министрлигине ҳәкимликлер менен биргеликте район (қала)лық мәденият орайлары және улыўма билим бериў мектеплеринде жаслардың қызығыўшылығынан келип шығып, қосымша 1,5 мың дөгерек шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды. Инталы талантлы жаслар ҳәм жергиликли қәўендерлерди тартқан ҳалда, мәденият орайларында көркем-ҳәўескерлик топарларын, жаслар театр-студияларын ҳәм «Жаслар клублары»н шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Атақлы көркем өнер ғайраткерлери ҳәм талантлы дөретиўшилерди райондағы мәдений жумысларға жәрдемши сыпатында бириктириў жақсы нәтийже берип атырғанын есапқа алып, бул тәжирийбени пүткил мәмлекетке ен жайдырыў бойынша көрсетпелер берилди. Оған муўапық, белгили артистлер район ҳәм қалаларға дөретиўши мәсләҳәтши сыпатында бириктирилип, сол жерлерде мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыўға жуўапкер болады, район ҳәм қалалардың ҳәкимлери болса усы жумысларға материаллық және шөлкемлестириўшилик жақтан жәрдем береди.

Музыка ҳәм көркем өнер тараўында жоқары мағлыўматлы кадрларды көбейтиў мәселесине де итибар қаратылды.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў және Халық билимлендириў министрликлерине белгили темалар бойынша тарийх сабақларын музейлер, тарийхый естеликлер, зыярат етиў орынлары ҳәм театрларда көшпели түрде өткерилиўин шөлкемлестириў тапсырылды.

Екинши басламаға байланыслы мәселелер додаланып, елимизде 12 мыңнан аслам спорт имараты бар екенлиги, бирақ жасларды денетәрбиясы ҳәм ғалаба спортқа қамтып алыў дәрежеси жетерли емес екенлиги атап өтилди. Улыўма билим бериў мектеплериниң спорт инвентарьлары менен тәмийинлениў көрсеткиши елимиз бойынша 56 процентти қураған жағдайда, Сурхандәрья ўәлаятында тек ғана 12 процент, Хорезмде 14 ҳәм #арақалпақстанда 15 процентти қураған .

Мәжилисте жасларды денетәрбиясы ҳәм спортқа кеңнен тартыў бойынша илажлар белгилеп берилди.

Район ҳәм қала ҳәкимлериниң жаслар мәселелери бойынша орынбасарларына қәнигелер менен биргеликте жаслардың спорт түрлерине қызығыўшылығын ҳәм спорт имаратларының үскенелеў дәрежесин үйренип, усы тийкарда усыныслар бериў, Министрлер Кабинетине оларды әмелге асырыў ушын зәрүр қаржылар дәрегин анықлаў ўазыйпасы жүкленди.

Алыс ҳәм шетки аўылларда жеңил конструкциялы сендвич панельлерден киши спорт залларын ҳәм жасалма түрдеги қапланатуғын майданлар қурыў, инталы исбилерменлерге спорт имаратларын қурыў ушын жер ажыратыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Бундай исбилерменлерге Миллий банк тәрепинен «Жаслар келешегимиз» Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде жеңиллетилген кредитлер ажыратылады.

Орынлардағы спорт мектеплерине белгили халықаралық жарыслардың жеңимпазларын басшы етип тайынлаў, сондай-ақ, спортшыларды жоқары оқыў дәргайларының арнаўлы сыртқы бөлимлеринде мақсетли оқытыў жақсы нәтийже беретуғыны  атап өтилди. Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплериниң санын көбейтиў бойынша тапсырмалар берилди.

Видеоселектр мәжилисинде жасларды интернеттеги зыянлы иллетлерден сақлаў, оларды мәлимлеме технологияларынан үнемли пайдаланыўға үйретиў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигине алдынғы халықаралық тәжирийбелер тийкарында барлық қалаларда ҳәм районлардың орайында Санлы технологиялар оқыў орайларын шөлкемлестириў бойынша тапсырма берилди. Бул орайларда электрон коммерция ҳәм программаластырыў бийпул үйретиледи, мәлимлеме технологиялар тараўында бизнес бойынша инновациялық көнликпелер қәлиплестириледи, «стартап» жойбарларға жәрдем көрсетиледи.

Бүгинги күнде барлық мектеплерде компьютер техникалары болыўына қарамастан, интернет хызметинен жетерли дәрежеде пайдаланылмай атырғанлығы сынға алынды. Халық билимлендириў министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигине 2021-жылға шекем барлық мектеплердеги компьютер классларын заманагөй технологиялар ҳәм жоқары тезликтеги интернет тармағы менен тәмийинлеў бойынша илажлар режесин ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Инталы исбилерменлерди тартқан ҳалда, компьютер ойынлары орайларын шөлкемлестириў, оларда балалар ҳәм жаслардың билим және дүньяқарасын кеңейтиўге хызмет ететуғын тест, викторина, раўажландырыў стратегиялары ҳәм басқа да пайдалы программалар болыўы зәрүрлиги атап өтилди.

Жасларда балалық ўақтынан китапқа меҳир оятыў, еркин пикир ҳәм кең дүньяқарасын қәлиплестириў олардың турмыс жолларында беккем тийкар болады. Бирақ көплеген аўылларда ҳәм мәҳәллелерде бул ушын зәрүр шараят жоқ. Бурынғы китапханалардың орнында шөлкемлестирилген Мәлимлеме-ресурс орайлары өзлерине жүкленген ўазыйпаларды орынлай алмады.

Усы жағдайларды еспақа алып, жаңа баслама шеңберинде жаслардың санынан келип шыққан ҳалда орынларға қосымша китап жеткерип бериў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға «Ағартыўшылық кәрўаны» жойбары шеңберинде көркем, ағартыўшылық, социаллық темаларда китаплар басып шығарыў ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәм барлық ўәлаятларға 1 миллионнан аз болмаған муғдарда жеткерип бериў бойынша тапсырма берди.

Мәжилисте жергиликли ҳәкимликлер ҳәр бир қала ҳәм район орайларында биреўден үлги китап дүканын шөлкемлестириў керек екенлиги атап өтилди. Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигине барлық қала ҳәм районларда көшпели китап павильонларын жайластырыў, «Библиобус»ларды жолға қойыў арқалы аўыл халқына китапхана хызметин көрсетиў ўазыйпасы жүкленди.

Мәжилисте ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеў мәселелери де додаланды.

Усы мақсетте 2019-2020-жыллары барлық районларда сендвич панельлерден 195 тигиў-трикотаж кәрханасын шөлкемлестириў белгиленген. Оларды қурыў ушын халық тығыз жасайтуғын, мийнет ресурслары көп орынлар таңлап алынған. Усы кәрханаларды шөлкемлестириў нәтийжесинде ҳаял-қызлар ушын 24 мыңнан аслам турақлы жумыс орнын жаратыў нәзерде тутылған.

Президентимиз мийнет етиў тилегиндеги ҳаял-қызлар жумыс орынлары санынан оғада көп екенлигин есапқа алып, кәрханаларда жумысты 2 сменада шөлкемлестириў, оларда өтимли өнимлер ислеп шығарыў зәрүрлигин атап өтти.

Мәжилисте атап өтилген 5 басламаны кеңнен енгизиў мақсетинде барлық аймақларға тийисли тараў басшылары жуўапкер етип бириктирилди. Сондай-ақ, бул ўазыйпаларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, район ҳәм қалалардың ҳәкимлери, «Нураний», «Мәҳәлле» қорлары, Ҳаял-қызлар комитети, Жаслар аўқамы басшылары тиккелей жуўапкер етип белгиленди.

Додаланған мәселелер бойынша мәлимлемелер тыңланды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться